23
Конгломерат ҳәм брекчиялар табийий цементленген тас ҳәм
майда тастан ибарат
болып, харсангтош ҳәм толтырыўшылар сыпатында ислетиледи. Гилли шӛгинди таў
жыныслары Орайлық Азияда кӛплеп ушырасады.
Химиялық (хемоген) шӛгинди жынысларға карбонатлар, сулфатлар ҳәм аллитлар
киреди.
Карбонатлы жынысларға ҳәктас ҳәм доломитлер киреди. Ҳәктас қурамыда 50% тен кӛп
калцит, доломит қурамыда болса 50% тен кӛп доломит жыныслары болады. Жыныс
қурамындағы калцит ҳәм доломит қатнасына қарай оныӊ қурамы таза ҳәктастан таза
доломитке шекем ӛзгереди.
Карбонатлы жыныслар қурамындағы гилтопырық араласқан болыўы мүмкин.
Карбонат ҳәм гилтопырық дерлик теӊ муғдарда араласса, бундай жыныслар мергел
делинеди.
Гилтопырық ҳәктас беккемлигин кемейттиреди.
Ҳәктас ақ, сарғыш, қоӊыр, күл реӊ, ҳәттеки қара реӊде, доломит болса ақ, сары, аш
қоӊыр реӊлерде болады.
Ҳәктас ҳәм доломит запаслары ҳәмме қитъаларда ушырасады, қазып шығарыў ҳәм
қайта ислеў аӊсат. Сол себепли олар қурылыста фундамент ҳәм дийўалларда, имаратларды
безеўде, бетон ушын толтырыўшылар сыпатында, ҳәк ҳәм цемент байланыстырыўшыларын
алыўда ислетиледи. Доломит байланыстырыўшы ҳәм отқа
шыдамлы материаллар, цемент,
шийша, керамика ҳәм металлургия санаатында ислетиледи.
Сулфатлы жынысларға гипс ҳәм ангидрит киреди. Гипс ангидритке қарағанда жумсақ
болады. Ангидрит ақ, жасыл тәризли, аш күл реӊ ҳәм күл реӊ-ҳаўа реӊли реӊлерде болады.
Гипс ҳәм ангидрит тас ҳалатында қурылыста байланыстырыўшылар алыўда ислетиледи.
Гипс кәнлери Орайлық Азия таўларында кӛплеп ушырасады ҳәм тазалығы менен
парықланады.
Магнезит тийкарынан магнезит
минералларынан ибарат болып, отқа шыдамлы
материаллар,
байланыстырыўшылар
ислеп
шығарыўда
ислетиледи.
Магнезит
байланыстырыўшы ағаш шығындылары тийкарында композицион материаллар алыўда
қәдирленеди.
Аллит жынысларына глинозѐмлар-бокситлер ҳәм латеритлер киреди. Боксит-алюминий
гидроксиди қызыл, қоӊыр, жигер реӊ, жасыл-күл реӊ реӊлерде болып, отқа шыдамлы, қум
қайрақ, алюминий ислеп шығарыўда шийки зат есапланады. Латерит каолинит ҳәм
темир
гидроокисден ибарат. Қызыл, қоӊыр ҳәм сары реӊлерде болады. Ол агрессив орталықларда
ислетилиўи мүмкин.
Оргоноген шӛгинди жынысларға ҳәктас, пор, трепел, опока, диатомит сыяқлылар
киреди. Оргоноген ҳәктас теӊиз омыртқасыз ҳайўанлары, ҳәкли суў отлары ҳәм ҳәктастыӊ
араласыўынан пайдо болған. Оргоноген ҳәктастыӊ бир түри пор есапланады. Пор ақ реӊли,
жумсақ жыныс болып, бояў,
замазка ушын пигмент, ҳәк ҳәм цемент сыяқлы
байланыстырыўшылар ислеп шығарыўда ислетиледи.
Чиғаноқлы ҳәктас тығызлығы 0,8-1,8 г
см
3
, жеӊил кесилиўшеӊ, текстурасы ширайлы
жыныс болғаны ушын қурылыста ишки, сыртқы дийўал ҳәм полларды қаплаўда ислетиледи.
Оныӊ шығындылары бетон ушын толтырыўшылар сыпатында пайдаланылады.
Диатомит, трепел ҳәм опокалар тийкарынан диатомитли суў отлары қабықлары, тасқа
айланған микроорганизмлерден, аморф кремнеземнен ибарат уўқаланатуғын таў жыныслары
есапланады. Олар ыссылық изоляциясы материалларын алыўда, цемент ушын минерал актив
қосымша сыпатында ислетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: