Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet164/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   160   161   162   163   164   165   166   167   ...   290
Bog'liq
ОМК

Химиялық қәсийетлер.
Битум тийкарындағы материаллар 45% ке шекем 
концентрациялы силтилерге, фосфор кислоталарына (85% ке шекем), сулфат кислоталарына 
(50% ке шекем), хлорид кислотасына (25% ке шекем) ҳәм уксус кислотасына (10% ке шекем) 
шыдамлы болады. 
Азот оксидлери кӛп болған орталықларда битумлы материаллар шыдамсыз болады. 
Битумлы материаллардыӊ агрессив орталықларға шыдамлылығы олар тийкарында 
темирбетон, металл, ағаш ҳәм басқа түрдеги конструкцияларды гидроизоляциялаўда үлкен 
әҳмийетке ийе. 


153 
Физика-механикалық қәсийетлер.
Битумлардың сапасы ҳәм ислетилиў тараўлары 
қойыўлық дәрежеси
(қаттылығы), созылыўшаңлығы сыяқлы қәсийетлерине байланыслы 
болады. 
Битумның 
қовушоқлиги
пенетрометр әсбабы жәрдеминде ийнениң батыў тереңлиги 
менен ӛлшенеди. 
Жүк астындағы ийнениң батыў тереңлиги (0,1 мм анықлықда) қанша үлкен болса, 
битумның 
қойыўлық дәрежеси
соншелли киши болады ҳәм битум жумсақ маркадағы битум 
есапланады. 
Битумның жумсаў температурасы “ҳалқа ҳәм шар” әсбабы жәрдеминде анықланады. 
Бул усылда ҳалқа ишине толтырылған битум үстине қойылған шар ыдысдағы суў 
ысытылыўы нәтийжесинде жеке массасы тәсиринде ҳалқа ишинен ӛтеди; айнан усы ҳалатда 
белгиленген суўдыӊ температурасы битумның жумсаў температурасын билдиреди. 
Битумның созылыўшаңлығы дуктилометр әсбабында анықланады. Битумнан 
таярланған үлгиниң (“сегиз” формасында) 25
0
С температурада үзилиўге шекемги созылыў 
узынлығы (см есабында) битумның созылыўшаңлық кӛрсеткиши есапланады. 
Битумның чақнаш температурасы битум арнаўлы әсбапда қыздырылғанда белгили 
температурада ӛз-ӛзинен жалынланыўы менен белгиленеди. 
Чақнаш
температурасы битум 
тийкарында 
композицион 
материаллар 
таярлаў 
технологиялық 
процесслеринде 
параметрлерди анықлаў ушын әҳмийетке ийе. 
Битумға марка 
қовушоқлиги
, жумсаў температурасы ҳәм созылыўшаңлығына қарап 
бериледи. Оныӊ маркасына қарай ислетилиў тараўы анықланады. Ислетилиў тараўына қарай 
битумлар қурылыс, тӛбе ушын ҳәм жол қурылысы түрлерине бӛлинеди. 
Нефт битумларыныӊ тийкарғы физика-механикалық қәсийетлери 10.1-кестеде 
берилген. 
Нефт битумлары ағаш бочкаларда, бидонларда, фанер ямаса металл-фанер 
барабанларда, қағаз қапларда тасылады. Үлкен муғдардағы битумлар ысытыў қурылмалары 
менен үскенеленген темир жол цистерналарында ямаса платформаларда тасылады. Битумлар 
арнаўлы жабық складларда ямаса қуяш нуры ҳәм жаўын-шашыннан қорғалған 
бастырмаларда сақланады. 
Қурылыс битумлары асфальт араласпалар ҳәм бетонлар, мастикалар, эмулсиялар ҳәм 
басқа композицион материаллар таярлаўда ислетиледи. 
Тӛбе ушын битумлар тӛбе гидроизоляциясы ҳәм тӛбе ушын орама материаллар алыўда 
тийкар (мәселен, картон) жумсақ битумларға сиңдириледи, қатты битумлар болса бетине 
себиледи. Жол битумлары тийкарынан автомобиль жоллары ҳәм аэродром қапламалары 
қурылысында ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   160   161   162   163   164   165   166   167   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish