Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet150/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   146   147   148   149   150   151   152   153   ...   290
Bog'liq
ОМК

20.3-сҥўрет. Гипскартон листи 
20.1-кесте 
Гипскартон листи тҥрлери 
№ 
Атамасы 
Реңи 
картоны 
маркировкасы 

Әпиўайы (ГКЛ) 
Күл реӊ 
Ҳаўа реӊли 

Ығаллылыққа шыдамлы 
Жасыл рең 
Ҳаўа реӊли 

Ашық жалын (ӛрт) тәсирине жоқары шыдамлы 
Күл реӊ 
Қызыл 

Ашық жалын (ӛрт) тәсирине ҳәм ығаллылыққа 
жоқары шыдамлы 
Жасыл рең 
Қызыл 
20.2-кесте 
ГКЛ тҥрлери бойынша ӛлшемлери 
Атамасы 
Қалыӊлығы, мм 
Ени, мм 
Узынлығы, мм 
ГКЛ 
8; 9,5; 12,5; 14; 16 
1200 
2000 дан 
4000 ға шекем 
18 жоқары 
600 
ГКЛВ 
10; 12,5; 14; 16 
1200 
ГКЛО 
12,5; 14,16 
600 
ГКЛВО 
12,5; 14,16 
1200 
Гипскартон листлери бойлама қырларыныӊ формасы: 
- туўры қырлы (ПК), чокларды толтырмастан қурғақ ҳалда беккемлеў ушын; 
- бет (үстиңги) тәрепи ярым айлана (ПЛК), арматуралаўшы лентасыз “Унифлот” 
шпаклевкасы менен бекитиўди есапқа алған ҳалда; 
- бет (үстиңги) тәрепи жиңишкелестирилген ярым айлана (ПЛУК), 1 ҳәм 2 
ҳалатлардағы қырлар сыяқлы чокларды бекитиўди есапқа алған ҳалдағы универсал қыр; 
- қыры айлана формасында (3К), кейинирек сыбаў жумысларын нәзерде тутқан ҳалда 
беккемлеў ушын. 
Бет (үстиңги) тәрепи қыры жиңишкелестирилген узынлығы 2500, 3000 мм, ени 1200 
мм, қалыӊлығы 9,5 ҳәм 12,5 мм гипскартон листлери кӛп тарқалған. 
Шпатлевкаланған тегис бет пайда етиў ушын лист ақыры жиңишкелестирилген болып, 
беккем ҳәм билинбес чок пайда болыўы тәмийинленген. 
Ярым айланалы қыр арматуралаўшы лента ислетпестен чокларды бекитиўде имканият 
береди. 
ГКЛВ ҳәм ГКЛО лар ығаллығы жоқары бӛлмелерди безеўде ислетиў ушын 
мӛлшерленген болып, суў сиӊдириўшеӊлиги 10% кем болыўы керек. Әпиўайы ГКЛ лардың 
суўда жумсарыў коэффициенти Кр=0,45 болып, олар суў сиӊгенде беккемлиги кескин 
пәсейиўинен дерек береди. 


141 
ГКЛО ҳәм ГКЛВО листлерыниӊ ашық жалын тәсирине шыдамлылығы 200 
0
С дан кем 
емес. ГКЛ, ГКЛВ, ГКЛО ҳәм ГКЛВО листлери жаныўшаң П топарына киреди. (ГОСТ 
30244): жалынланыўшы В3 (ГОСТ 30402); түтин пайда етиў қәсийети бойынша Д1 (ГОСТ 
12.1.044); бӛлистириўши қәсийети менен Т1 (ГОСТ 12.1.044). 
Тәреп ӛлшемлеринде рухсат етилген ӛзгерислер ҳәм сыртқы кемшиликлер саны ГОСТ 
6266-97 талабы бойынша тӛмендеги еки А ҳәм Б топарға бӛлинеди. А топары бойынша 
листлерди таярлаў анықлығы жоқары саналады.
ГКЛ тӛмендегише шәртли белгиленеди: 
- ҳәрип белгилери (ГКЛ); 
- лист топарлары белгилери (А ҳәм Б); 
- кесе қыр белгилери типи (УК); 
- номинал узынлығы, ени ҳәм қалыӊлығын аңлатыўшы цифрлар (мм); 
- Россия ҳәм Германия стандартлары белгилери. Әпиўайы гипскартон листиниң шәртли 
белгиларине мысал: ГКЛ-А-УК-2500х1200х12,5 ГОСТ 6266-97 DIN 18180. 
ГКЛ массасы орташа 10 кг/м
3
болып, оныӊ түрине ҳәм лист қалыӊлығына байланыслы 
(9.3-кесте). 
9.3-кесте 
Түрли маркадағы ГКЛ /м
2
тың массасы, кг 
ГКЛ 
ГКЛВ 
ГКЛО 
ГКЛВО 
Бир лист қалыӊлығына 
шекем 
Лист қалыӊлығы бойынша 0,85 ден кӛп ҳәм 1,06 дан кем 
Гипскартон листлер имаратлардың ишки интеръерин, яғный дийўал, есик ҳәм ром 
шетлерин, бӛлмелераралық пердедийўаллар, аспа шиплер жаратыўда ислетиледи. 
ГКЛ ҳәм ГКЛО түрлери қурғақ ҳәм ығаллылық 
русумдаги
бӛлмелерде, ГКЛВ ҳәм 
ГКЛВО – қурғақ, нормал, ығал ҳәм жоқары ығаллылықдағы бӛлмелерди ҳәрекетдеги 
қурылыс теплотехникасы менен сәйкес түрде безеўде ислетиледи. 
ГКЛВ ҳәм ГКЛВО 
русумдаги
листлерди ығал ҳәм орта ығал бӛлмелерди безеўде 
ислетилгенде олардыӊ бетлерин суўға шыдамлы грунтовка, шпатлѐвка, бояў, керамикалық 
плитка ямаса поливинилохлорид қапламалары тийкарында қорғаў мақсетке муўапық. Усы 
бӛлмелер қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларында кӛзде тутылған самаллатыў системалары 
менен тәмийинлениўи керек. Ӛрт қәўпи жоқары болған имаратларда металл ҳәм ағаш 
конструкцияларды ГКЛО ямаса ГКЛВО менен қаплаў мақсетке муўапық. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   146   147   148   149   150   151   152   153   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish