Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet149/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   145   146   147   148   149   150   151   152   ...   290
Bog'liq
ОМК

20.3 Гипсли қаплама листлер 
Гипс байланыстырыўшысы тийкарындағы қурғақ сыбаў еки тәрепи картоннан ибарат 
ортасына жуқа гипс қуйылған лист болып, тегис ҳалда жоқары беккемликке ийе болады. 
Гипскартон листде ийилиўдеги жоқары беккемликти еки тәрептеги картон тәмийинлейди. 
Орта бӛлегине қуйылатуғын гипс араласпасы қосымшасыз ҳәм минерал ямаса органикалық 
затлар қосылған болады. Гипс қурамына талшық тәризли органикалық қосымшалар 
киритилиўи ийилиўдеги беккемлигин жәнеде асырыўы мүмкин. 
Гипскартон листлер узынлығы 250, 270, 290 ҳәм 330 см, ени 120 ҳәм 130 см, 
қалыӊлығы 10-12 мм ӛлшемлерде ислеп шығарылады. Олар жоқары тығызлыққа, ыссылық 
ҳәм даўыс изоляциясы қәсийетине ийе болады, аӊсат кесиледи, пышқыланады, шеке 
қағылады. Әпиўайы гипскартон листлер ҳаўа ығаллығы 60% ке шекем болған бӛлмелер 
дийўалларын, шиплерди қаплаўда ислетиледи. Ығалға шыдамлы арнаўлы картон тийкарында 
таярланған листлер ығаллығы жоқары болған бӛлмелер ҳәм санитария-техника бӛлмелери 
дийўалларын қаплаўда ислетилиўи мүмкин. Гипскартон листлер түрли мақсетлер ушын оң 
бети гүлқағазлар, поливинилхлорид перделер менен ағаш ямаса мрамор текстурасында 
безетилген ҳалда ислеп шығарылады. 
Қурғақ сыбаў листлерди ислетиў қурылыс объектлеринде безеў жумысларын тезлетеди 
ҳәм бундай жумысларды барлық мәўсимлерде алып барыў имканиятын жаратады. Листлер 
отқа шыдамлы болғаны ушын жанатуғын буйым ҳәм конструкцияларды қорғаўда 
ислетилиўи мүмкин. 
Гипскартон листлер ислеп шығарыў технологиясы қурамалы болғаны ушын ҳәм картон 
баҳасы жоқары болғаны себепли гипсли листлерди органикалық талшық тәризли 
қосымшалар қосып таярлаў жолға қойылған. 
Оларды таярлаўда органикалық талшық тәризли материаллар сыпатында майдаланған 
ағаш, қағаз макулатурасы, кенеп ҳәм басқа ӛсимлик талшықлары масса бойынша 10% ке 
шекем қосылады. Бул түрдеги листлерди таярлаў технологиясы бирқанша әпиўайырақ, 
баҳасы болса арзан болады. 
Гипскартон ҳәм картонсыз листлер ағаш каркаслы тийкарға шегеленеди, басқа 
тийкарларға гипс-желим, кӛбикгипс ҳәм түрли синтетикалық мастикалар жәрдеминде 
беккемленеди. Листлердиң қырлы тәреплеринде кемшиликлер болмаслығы керек. Олардыӊ 
чоклары марли желимленип шпаклевкаланыўы ямаса ағаш, пластмасса мүйешли рейкалар 
менен бекитилиўи мүмкин. 
Кейинги жылларда имарат ҳәм иншаатларды қайта қурыў ҳәм ремонтлаўда гипскартон 
листлерди (ГКЛ) ислетиў кеңеймекте. Зәрүрлик болғанда, мәўсим талап ететуғын ығал сыбаў 
растворлары орнына ГКЛ ларды ислетиў ремонтлаў технологиясы ҳәм тезлигин пүткил 
ӛзгерттирди. 
ГКЛ лар биринши мәрте 1935/36 жж. Москва қаласы қурылысында ислетилип, 1950 
жж. да даўам еттирилген. Ҳәзирги күнде МДҲ (ҒМА) да Германияның “Кнауф” фирмасы 
ГКЛ қурылыс системасында кең тарқалған. Кнауф ГКЛ ислетиўге қолайлы ҳәм экологиялық
 
таза
 
болып, ремонтлаў илажларында мәўсим таңламайды ҳәм аӊсат монтажланады. 
Кнауф ГКЛ улыўма схематикалық кӛриниси 20.3-сүўретде ҳәм түрлери сәйкес түрде 
20.1- ҳәм 20.2- кестеде берилди. 


140 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   145   146   147   148   149   150   151   152   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish