Өзбекстан Республикасының конституциялык нызамы жойбары өзбекстан Республикасының Конституциясына


-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:  « 32-статья



Download 365,51 Kb.
Pdf ko'rish
bet7/22
Sana02.10.2022
Hajmi365,51 Kb.
#851095
TuriСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   22
Bog'liq
Нызам жойбары

32-статья
төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«
32-статья.
Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет 
ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм де өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. 
Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик 
уйымларды демократиялық түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ мәмлекетлик 
уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў жолы менен әмелге 
асырылады. 
Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге 
асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди. 
Пуқаралардың жергиликли әҳмийетке ийе болған мәселелерди өз мәплеринен, 
раўажланыўдың өзине тән тарийхый өзгешеликлеринен, сондай-ақ миллий ҳәм 
руўхый қәдириятлардан, жергиликли үрп-әдетлер ҳәм де дәстүрлерден келип 
шыққан ҳалда, ғәрезсиз түрде ҳәм нызам шеңберинде шешиў ҳуқықы ҳәм де оны 
әмелге асыра алыў қәбилети пуқаралардың өзин-өзи басқарыўы деп тән алынады»; 
14) 
35-статьяның биринши бөлиминдеги
«мәкемелерине ямаса» деген сөзлер 
«мәкемелерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына ямаса» деген сөзлер 
менен алмастырылсын; 
15) 
IX
баптың атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин: 



«
IX
бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықлар
»; 
16) 
36-статьяның биринши бөлими
төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«Ҳәр ким нызам менен қорғалатуғын мүлкке, соның ишинде интеллектуал 
мүлкке болған ҳуқыққа ийе»; 
17) 
37
– 
40-статьялар
төмендеги редакцияда баян етилсин: 
«
37-статья.
Ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, қәўипсизлик ҳәм 
гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет шараятларында ислеў, 
мийнети ушын ҳеш қандай кемситилиўлерсиз ҳәм белгиленген мийнетке ҳақы 
төлеўдиң ең кем муғдарынан кем болмаған тәризде әдалатлы ҳақы алыў, сондай-ақ 
жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғалыў ҳуқықына ийе. 
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның өзи ҳәм шаңарағы жасаўы 
ушын жеткиликли болыўы керек. 
Ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлиги себепли ҳаялларды жумысқа 
қабыллаўдан бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў 
қадаған етиледи. 
Ҳәр бир ислейтуғын ҳаял ҳәмиледар болған жағдайда ҳәм туўыў дәўиринде ҳақы 
төленетуғын дем алысқа ҳәм де жаңа туўылған нәрестени бағыў ушын дем алысқа 
ямаса баланы перзентликке алыў ушын дем алысқа шығыў ҳуқықына ийе. 
Жазаны судтың ҳүкимине муўапық өтеў тәртибинен басқаша тәртиптеги 
мәжбүрий мийнет ямаса нызамда нәзерде тутылғанынан басқа жағдайлардағы 
мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. 
Мәжбурий мийнеттен ҳәм балалар мийнетиниң ең жаман формаларынан 
пайдаланыў қадаған етиледи ҳәм де бул нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп 
болады. 

Download 365,51 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   22




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish