1. Радиоеситтириў тәсиршеңлиги ҳәм нәтийжелилиги
2. Радиода ҳүжжетлилик
Радиоеситтириўлер халықтың руўхый байлығын асырыўда, жетерли информация менен тәмийнлеўде қүдиретли қурал болып, жәмийетлик пикирди қәлиплестириў ҳәм сәўлелендириўге үлкен тәсир көрсетеди. Радионың барлық шаңарақларға иркинишсиз кирип барыўы, еситтириўлердиң үзликсизлиги, оны тыңлаўдың қолайлылығы ҳәм кең аудиторияны өзине тартыўы радио тыңлаўшылар ҳәм авторлар санының жыл сайын көбейиўине тийкар болмақта.
Радио бундай жетискенликке еситтириўлердиң терең мазмунлы болып барыўы, форма ҳәм стильлердиң жаңаланып турғанлығы, халықлық ислери, тыңлаўшылардың қатламларына қарап оларға тән еситтириўлер таярланып атырғанлығы, ҳәр қыйлы шөлкемлестириўшилик ислери ҳәм басламалары менен ериспекте. Заман радиожурналистлерден ўақыт пенен тең қәдем атып жумыс ислеўди талап етпекте. Халықтың ҳәр қыйлы қатламына сай түрли мазмунда еситириўлер таярлаў радиожурналистлердиң ўазыйпасына айланып атыр. Мәселен, ҳәмме ушын «Тикенек» сатиралық радиожурналы, «Соңғы хабарлар», «Булақ», «Шемби толқынларында» (Қарақалпақстан радиосында), «Хабарлар», «Сизнинг соатингиз», «Биз билган ва билмаган дунйо» (Өз-бекстан радиосының «Йошлар»каналында), «Сўнгги янгиликлар», «Тавассум», (Өзбекстан радиосының «Машъал» каналында) еситтириўлери эфирден берилсе, ал мәлим қатламлар ушын «Чорвадор», «Қишлоқ ҳайоти» («Машъал»каналында), «Тўртинчи ҳокимийот», «Болалар соати» («ЙошларЪканалында), «Аўыл хожалық мийнеткешлерине арналған еситтириў», «Шарўа», «Қоңураў», (Қарақалпақстан радиосында) ҳәм тағы басқа еситтириўлер, радиобағдарлама, радиожурналлар, рубрика ҳәм сериаллы еситтириўлер әне усындай мәқсетке бойсындырылған. Оқыўшы, тыңлаўшы, тамашагөйдиң талап ҳәм өтинишлерине қарап еситтириў таярлаў, радиоеситтириўлерди шөлкемлестириў ҳәм шолыў формасын кең қолланыў зәрүр.
Мәлимлеме жеткериўде Өзбекстан радиосы менен республикамыз радиосы арасында айырмашылық барын умытпаў керек. Журналист аудиторияны белгилегенде буны есапқа алыўы керек. Мәселен, областьлар, районлар, ямаса үлке ушын характерли болған материаллар Өзбекстан ушын әҳмийетке ийе емес, тыңлаўшы ушын қызық емес. Айтайық, Өзбекстан радиосынан Арктика музларын еритип, инсан хызметине бойсындырыў тәжирийбеси берилсе, бул информацияның тыңлаўшылар ушын әҳмийети жоқ. Ямаса область радиосы шигит егилгенинен пахтаны терип алғанға шекем ҳәр күни өз тыңлаўшыларын хабардар етсе, ал республика радиосы анда-санда хабар, алдыңғы адамлар менен сәўбет ҳәм базыбир мағлыўматларды еситтирип барады.
Аудиторияны үйрениў методлары ҳәр қыйлы болып, радионың хатлар бөлимине келип атырған хатларды үйрениў, улыўмаластырыў, анализлеў, социологиялық изертлеў бөлими материаллары, тыңлаўшылар менен конференциялар, ушырасыўлар өткизиў, командировкалар ўақтында жеке тәртипте ҳәм жәмәәт болып сәўбетлер өткериў ҳәм баспа сөздиң рецензиясы солар қурамына киреди. Алынған мағлыўматқа қарап, тыңлаўшылардың талап ҳәм тилеклериниң көпшилиги есапқа алынып бағдарлама дүзиледи. Аталық жәрдем көрсетиў, ҳәр қыйлы шөлкем ҳәм министрликлер менен биргеликте планлар дүзиў ҳәм оны әмелге асырыў, конкурслар өткизип турыў, алдыңғыларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырыў да кең аудитория ҳәм жәмәәтшилик пенен байланысты күшейттиреди, еситтириўлердиң бағыты ҳәм руўҳын белгилеўге жәрдем береди.
Сөз, шаўқым, ҳәр қыйлы нәрселердиң ҳаўазы, музыка-радиожурналистикаға жумыс беретуғын тийкарғы қураллар. Дөретиўши хызметкердиң жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийсени тыңлаўшының қәлбине мүмкиншилиги болғанынша жеткерип, көз алдыңызда тап сондай етип сәўлелендириўде, әне усы қураллар әҳмийетли роль ойнайды. Ол ҳаўаз жәрдеминде ҳақыйқатты тиклейди. «Ашық майданнан репортаж», «Микрофон ўақыя жүз берген жерде», «Салтанатлы жыйналыстан алып еситтиремиз» киби терминлерди радио журналистикаға алып келгенше бир қанша жолды басып өтиўге туўра келди. Булардың барлығы «Радиода ҳүжжетлилик» деген түсиникти пайда етеди.
Ҳүжжетли радиоеситтириў` бириншиден, өмир нәпесин жанлы ҳалда ҳаўаз арқалы бериў, екиншиден, оның фонетекасында өзи ҳүжжет болып қалып, бирнеше рет тәкирар еситтириў яки басқа еситтириўлерде олардан пайдаланыў түсиниледи. Пленка қолланылыўы менен бул мүмкиншилик толық жүзеге шығады. Пленка жазылған нәрсени ықшамластырыў, қысқартырыў, турмыстан үзиндилерди еситтириўге киргизиў, терең эмоционал тәсиршеңликти асырыў ушын музыка, ҳаўаз, шаўқымнан шеберлик пенен пайдаланыў, бир ўақыядан екиншисине тез өтиў, турмыслық нәрсе яки ўақыяларды киргизиў мүмкиншилигин береди.
Базда музыка ҳәм шаўқым, көп жағдайларда екеўи қосылып кетип, сөз менен сүўретлеп болмайтуғын тәсир көрсетеди ҳәм ўақыяны толық сәўлелендиреди. Мәселен, жаңа канал ашылғанда суўдың күшли сарқырап аққан даўысы, космик ракетаның ушыўы ҳәм тағы басқа қубылыслар. Хабаршының микрофон менен орынларға барыўы ҳәм бунда «Мен микрофон менен...» деген гәпти ислетиўи ўақыяның басқаша болмағанлығын, ўақыя қандай болған болса, тап сондай болғанлығына кепиллик береди.
Радионың басқа ғалаба хабар қуралларынан айырмашылығы өмирдиң өзин ҳаўазлы образларда өзиндей етип сәўлелендириўинде көринеди. Ҳүжжетли жазыўлар орнында, зәрүрият туўылғанда, пикирди ҳәм мәқсетти ашып бериўге хызмет еткенде бундай қубылыслар ислетилиўи мәқсетке муўапық. Ол репортаж ямаса интервьюда өзине тән ғәрезсиз ўазыйпаны орынлайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |