154
Үлкетаныў
дереклери
арасында
ҳақыйқый
илимий ҳәм мәдений ағартыў орайына айланып
қалған музейлердиң орны ҳәм әҳмийети өз алдына
бир бөлек. Ол затлай ҳәм руўхый мәденият
естеликл ериниң
ҳасыл
түп
нусқаларын,
археологиялық, этнографиялық, топонимикалық
дереклерди топлайды, сақлайды ҳәм илимий тий-
карда үйренип экспозиция сыпатында көрсетеди.
Топланған ҳәм музейде сақлаўлы турған барлық
материаллар музейдиң илимий қорын қурайды ҳәм
музейдиң әҳмийет етиўи ушын тийкарғы дерек
болады. Усы дереклер тийкарында музейлер или-
мий изертлеў ҳәм мәдений ағартыў, тәлим тәрбия
жумысларын алып барады.
Ү л к е м и з д е
м у з е й
ш ө л к е м л е с т и р и ў
ҳәрекетлериниң XIX әсирдиң екинши ярымында
басланғаны мәлим. Оған Гөне Үргеништеги Келте-
минардан табылған 1012-жылға тийисли жазыўы
бар қорғасын тахтайшаны Төрткүл музейине қойыў
бойынша алып барылған қатнас қағазлар мысал
бола алады. 1900-жыл 17-марттан баслап Төрткүл
музейине экспонат ретинде қойылған бул бийбаҳа
табылма Ташкент қаласында археология музей
шөлкемлесиўине
байланыслы
1903-жылы
20-августта Ташкентке жиберилди.
Х Х
ә с и р д и ң
2 0 - ж ы л л а р ы н а
к е л и п
Қарақалпақстанда музей ислери тағы да қолға алы-
нады. 1927-1929-жыллар даўамында үлкемизде му-
зей ашыў ушын археологиялық, этнографиялық,
көркем-өнер бойынша материаллар жыйнаў жумыс-
лары алып барылады. Бул иске экспедиция басшы-
лы А.Л.Мелков пенен бирге атақлы қарақалпақ
алымы
Қ.Айымбетов
қатнасады.
Топланған
дәслепки материаллар тийкарында 1929-жылы 16-
майда Төрткул қаласында музей көргизбеси
шөлкемлестириледи. Сол жылдың апрель айынан
баслап музей менгериўшилери болып дәслеп
Н. А . Б а с к а к о в ,
с о ң
Қ . А й ым б е т о в
ҳ ә м
Н.В.Торчинскаялардың атлары ҳүжжетлерде тилге
алынады [Бижанов Е., Хожаниязов Г., Караманова
Г. Тарийхый үлкетаныў. Нөкис, 2001. 30-б.].
Ҳәзирги мәмлекетлик үлкетаныў музейиниң жумы-
сы сол ўақыттан басланған десек қәте болмайды.
1933-жылға келип жаңа музейдиң проектин ис-
леп шығыў ҳәм музейди экспозициялаў қәнийгелер
менен тәмийинлеў мәселеси қаралады. 1937-
жылдан баслап С.П.Толстов экспедициясының
үлкемизде илимий изертлеў жумысларын алып
барыўына
байланыслы,
үлкетаныў
музейи
фондларының тағы да толысыўына өзиниң тәсирин
жасады.
1944-жылы Төрткүл қаласын суў алыўына бай-
ланыслы үлкетаныў музейи пайтахт Нөкиске
көшириледи.
Пайтахтымыздың
Гөне
қала
бөлегинде орналасқан үлкетаныў музейи 1965-
жылы сол ўақыттағы ең заманагөй имаратлардың
бирине, яғный ҳәзирги орынға көшип өтеди. Солай
етип, шөлкемлескенине 75 жыл болған орайлық
мәмлекетлик үлкетаныў музейинде 50 мыңнан ас-
лам тарийхый, археологиялық, этнографиялық
мәденият, архитектуралық естеликлерге байланыс-
лы экспонатлар сақланбақта. Үлкемиздиң әййемги
дәўирлеринен бүгинги күнге шекем тарийхый өз
ишине қамтыйтуғын бул мухаддес даргай өзиниң
бийбаҳа
экспонатлары менен
тек
Өзбекстан
көлеминде ғана емес, ал Орайлық Азия, оннан да
тысқары еллерде кеңнен белгили. Сағасында
халқымыздың белгили аўызеки әдебият ҳәм
мәденият дүрданаларын жыйнаўшы филология
илимлериниң докторы Қаллы Айымбетов турған
бул музейдиң өсип раўажланыўында Смет Мадия-
ров, Атағулла Худайбергенов, Ж.Пахратдинова,
З.Насруллаева сыяқлы пидайылардың хызметлери
оғада үлкен.
Республикамыздың дәслепки илимий ағартыў
орайларының бири болған мәмлекетлик үлкетаныў
музейинен басқа пайтахтымызда И.В.Савицкий
атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи, сондай
ақ урыс ҳәм мийнет ветеранлары музейлери
ж а й л а с қ а н .
Ө з и н и ң
1 9 6 6 - ж ы л ы
шөлкемлескенлигине
қарамастан
И.В.Савицкий
атындағы
мәмлекетлик
көркем-өнер
музейи
бүгинги күни халықаралық көлемдеги дәрежеде
белгили Орайлық Азиядағы ең үлкен музейлердиң
бирине айланды. Ғәрезсизлик шарапаты менен му-
зей жәмәәти Франция ҳәм Германия усаған
Европаның
ең
раўажланған
еллеринде
өз
көргизбелерин шөлкемлестириўге еристи. Бүгинги
күни бул музей жер шарының бес континентинде
де белгили.
Республикамыздың
көркем-өнер
музейиниң
комплексин раўажланыўында И.В.Савицкий менен
бир қатарда С.Мадияровтың, А.Алламуратовтың,
А.Жарылқағановтың ҳәм т.б. пидайыларымыздың
хызметлери айырықша. Бүгинги күни бул жумыс-
лар М.М.Бабаназарова басшылығындағы жәмәәт
тәрепинен тағы да раўажландырылмақта.
Республикамызда
орайлық
мәмлекетлик
үлкетаныў музейи И.В.Савицкий атындағы көркем-
өнер музейи, урыс ҳәм миллет ветеранлары музей-
леринен басқа колхоз, қала, районларда, сондай-ақ
жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында, орта
мектеплерде, министрликлер менен басқармаларда
музей
шөлкемлестириў
жумыслары
дәстүрге
айланған. Бул
жумыс
орайлық мәмлекетлик
үлкетаныў музейиниң Төрткүл филиалын ашыўдан
басланды.
Кейинги ўақытлары бундай музейлер Бостан
қаласында,
Қараөзек
районының
Мәденият
хожалығында, Хожелидеги Найман хожалығында,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универ-
ситетинде, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
п е д и н с т и т у т ы н д а
ш ө л к е м л е с т и р и л д и .
Қарақалпақстан ишки ислер министрлиги ҳәм
Do'stlaringiz bilan baham: