Kirisiw. O’siw h’a’m rauajlanıwdın’ ulıwma nızamlıqları. Реже: Adam organizminin’ bir pu’tinligi


Ийин белдеўи ҳәм қол сүйеклериниң биригиўи



Download 4,78 Mb.
bet10/65
Sana05.07.2022
Hajmi4,78 Mb.
#743009
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   65
Bog'liq
1-8-temalarlekciya

Ийин белдеўи ҳәм қол сүйеклериниң биригиўи
Ийин белдеўи сүйеклери көкирек клеткасына ҳәрекетшең биригеди. Омыраў сүйеги домалақ ушы менен төс сүйегиниң дәстесине төс-омыраў буўынын пайда етип биригеди. Буўынның ишинде диск болып, буўын бөлмесин екиге бөледи. Омыраў сүйегиниң жалпақ (акромиал) ушы гүрек сүйегиниң акромиал өсигине жалпақ буўын пайда етип биригеди. Гүрек сүйе ги арқада II-VII қабырғалар үстине ҳәрекетшең булшық етлер жәрдеминде бириккен.
Ийин буўыны организмдеги ең ҳәректшең көп оқлы шартәризли буўын. Бул буўын пайда болыўында ийин сүйегиниң шар тәризли басы гүрек сүйегиниң буўын шуқыршасына биригеди. Бул буўында сүйеклердиң биригиўши буўын жүзлери бир - бирине оншелли мас болмағаны ушын буўындағы ҳәрекет әдеўир еркин болады. Ийин буўыны буўын қалташасы ишинен ийин еки баслы булшық етиниң сиңири өтиўи менен басқа буўынлардан парқ қылады. Бул буўында фронтал, сагитал ҳәм вертикал оқлар әтирапында түрли ҳәрекетлер болады.
Шығанақ буўыны қурамалы буўын болып үш әпиўайы (ийин - билек, ийин-шығанақ, билек-шығанақ) буўыннан қуралған, ҳәм олар бир буўын қалташасына оралған. Ийин- билек буўыны домалақ болып ийин сүйеги домалақ буўын томпағының билек сүйеги басшасындағы шуқыршаға биригиўинен пайда болады. Бул буўын бүгиў - жазыў ҳәм бурылыў ҳәрекетлеринде қатнасады ийин-шығанақ буўыны түте тәризли формада, ол ийин сүйегиниң түте тәризли буўын жүзине шығанақ сүйегиниң ярымай тәризли ойығы биригиўинен пайда болады.
Бул буўында бүгиў жазыў ҳәрекетлери орынланады. Билек-шығанақ буўыны цилиндр тәризли формада, ол шығанақ сүйегиниң ярымай тәризли ойығы шетиндеги буўын жүзине билек сүйе гиниң басы биригиўинен пайда болады. Бунда ишкериге, сыртқа бурылыў ҳәрекетлери орынланады, ҳәрекетте сүйеклер диң төменги ушындағы буўынлар ҳәм қатнасады.
Билек алақан үсти буўыны билек сүйегиниң төменги буўын шуқыршасы 1-қатардағы алақан үсти сүйеклери (қайық тәризли, ярымай тәризли ҳәм үш қырлы) сүйеклер менен эллипс тәризли буўын пайда етип биргеди. Бунда фронтал оң әтирапында бүгиў-жазыў, сагитал оң әтирапында узақластырыў - жақынластырыў ҳәрекетлери орынланады. Алақан үсти сүйеклери алақан сүйеклерине, бас бармақтан басқасы, тегис буўын пайда етип биригеди.
Көп қырлы үлкен сүйек бас бармақтың алақан сүйегине ер тәризли буўын пайда етип биригеди. Бул буўында бас бармақты басқа бармақларға жақынластырыў, узақластырыў ҳәм қарама-қарсы қойыў ҳәрекетлери орынланады. Алақан сүйеклери басы менен тийкарғы фалангаларға эллипс тәризли буўын пайда етип биригеди. Буның есабына бармақларда бүгиў-жазыў жақынластырыў ҳәм айланба ҳәрекетлер орынланады. Фалангалар өз-ара түте тәризли буўын жәрдеминде биригеди, бул буўынларда фронтал оқ әтирапында бүгиў жазыў ҳәрекетлери иске асады. Қолдың барлық буўынлары сиңирлер (байламлар) жәрдеминде беккемленген болады.

Download 4,78 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   65




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish