Шахстың өмири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлардың
виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки
ислер органларының орны ҳәм де тағы басқа мәмлекет шөлкемлери
ҳәм жәмиетшилик менен шериклиги
Пуқаралардың ден-саўлығы ҳәм Физикалық қол қатылмаслығына қарсы қаратылған жынаятлардың жүз бериўиниң келтирип шығарыўшы айриқша шараят ҳәм себеплер бар. Усы түрдеги жынаятлардың тийкарғы белгисин
әйне хожалық турмыс ҳәм улыўма шахслар ортасында болатуғын
өз-ара мунасәбетлер тийкарында жүзеге келетуғын криминоген жағдайлар қурайды. Жоқарыда айтып өтилгени сыяқлы, шахслар ортасында жүзеге
келетуғын тартыслы жағдайлар белгили шараятта, соның менен бирге айырым тайпадағы микротопарлар ортасында жүз береди. Сол себепли
шахслар ортасында жүзеге келиўши ҳәр бир шараят ҳәм себеплерди толық анықлаў, оларды алдын алыў, сапластырыў ҳәм оларға жол қоймаўды тәмийинлеў бойынша криминология пәнинде зәрүр илимий усыныслар ислеп шығылған.
Шахстың өмири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлардың
виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органлардың шериклиги-бул ишки ислер органларының тараўлық хызметлерин хызметкерлериниң өз-ара,ҳуқықбузарликлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы мәмлекет шөлкемлери менен ҳәм де тағы басқа мәмлекет шөлкемлери ҳәм жәмиетлик структуралары менен шахстың өмири ҳәм ден-саўлыгына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўға қаратылған усыл ҳәм қуралларға ийе нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынатуғын социал-ҳуқықый мунасәбетлер жыйындысилир.
Шахстың өмири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органларының шериклиги еки түрге бөлинеди ишки ҳәм сыртқы шериклик. Шахстың өмири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органларының ишки шериклиги-деп ишки ислер органларының тараўлық хызметлерин хызметкерлериниң өз-ара шахстың омири хам ден-саулыгы қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириў ҳәм әмелге
асырыўға қаратылған, арнаўлы бир ўақыт орында алып барылатуғын, өз усыл, күш ҳәм қуралларына ийе, ИИМниң буйрығы менен тәртиплестирилетуғын социал-ҳуқықый мунасәбетлер жыйындысына айтылады.
Шахстың омири ден саулыгына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органларының сыртқы шериклиги - деп бул ҳуқықбузарликларпрофилактикасын тиккелей
асырыўшы мәмлекетшөлкемлери, басқа мәмлекет шөлкемлери ҳәм де пуқаралардың өзин өзи басқарыў шөлкемлериниң, мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкемлериниң ҳәм пуқаралардың биргеликтеги шахстың
омири хам ден-саулыгы қарсы жынаятлардың виктимологик
профилактикасын әмелге асырыўға қаратылған, арнаўлы бир ўақыт ҳәм орында алып барылатуғын, айриқша усыл ҳәм қуралларға ийе ҳәм де нызам ҳүжжетлери менентәртиплестирилетуғын социал -ҳуқықый мунасәбетлер
жыйындысына айтылады. (мысал ушын, Ишки ислер органларының
«Пуқаралардың өзин өзи басқарыў шөлкемлери», «Жаслар ислериы бойынша агентлик»менен шериклиги). Буған байланыслы, Ишки ислер органлери өз мойнына жүклетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекет шөлкемлери, пуқаралардың өзин өзи басқарыў шөлкемлери басқа шөлкемлер менен
шериклик етеди ҳәм де анықланған жынаятлар ҳәм басқа ҳуқықбузарликларга тийисли әмелдеги материаллар туўрысындағы
информацияны, сондай-ақ электрон форма дағы информацияларды алмаслаўды, соның менен бирге басқа түрли информацияларды алмаслаўды
әмелге асырады. Мәмлекет шөлкемлери, пуқаралардың өзин өзи басқарыў
шөлкемлери ҳәм басқа шөлкемлер пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда,режимин сақлаў, қаўипсизлигин тәмийинлеўде, жынаятлар ҳәм басқарыў ҳуқық бузыўлардың алдын алыў, оларды анықлаў, оларға шек қойыў, оларды әшкәрә етыўде, жынаят ислерин тергеў қылыўда, айыпкерлерди қыдырыўда, дерексиз жоғалғанлардың турған
жайын анықлаўда, соның менен бирге хуқуқбузарлықлар профилактикасында ишки ислер шөлкемлерине өз кепилликлери шеңберинде көмеклесиўи шәрт. Шахстың омири ден-саулигина қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органлардың ишки шерикликти нәтийжели шөлкемлестириў көп тәрептен ишки ислер шөлкемлериниң тараўлық хызметкерлериниң өзлерине байланыслы. Лекин жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органлардың сыртқы шериклигин нәтийжели шөлкемлестириў виктимологик профилактиканы тиккелей әмелге асырыўшы барлық
мәмлекет шөлкемлериниң искерлигине байланыслы. Сондай-ақ шахстың
өмирине қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын
шөлкемлестириўде комплекс жантасыў принципинен келип шығып шерикликти жолға қойыў виктимологик профилактиканы тиккелей әмелге асырыўшы мәмлекет шөлкемлериниң искерлигин өз ишине алады.
Шахстың өмири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириўде ишки ислер органларының шериклигин түрли формалары әмелде болып, оларды шәртли түрде екиге: өз-ара информация алмаслаў ҳәм де искерликке тийисли арнаўлы бир илажларды шерикликте жойбарлаў, әмелге асырыў, нәтийжелерин улыўмаластырыў, арнаўлы бир ўазыйпаларды шешиўде өз-ара жәрдем бериў ҳәм қоллап-қуўатлаўда көринетуғын болатуғын әмелий шерикликке ажыратыў мүмкин.
Пайдаланылған әдебиятлар
Виктимология дарслик. ИИВ акдемияси 2021-й Тошкент
Өзбекстан Республикаси Жынаят Кодекси
Lex.uz интернет материаллари
Do'stlaringiz bilan baham: |