Кирисиў Шахстың өмири ҳәм ден-саўлыгына қарсы жынаятлардан


Шахстың өмири ҳәм ден-саўлыгына қарсы жынаятлардан



Download 47,34 Kb.
bet2/5
Sana20.04.2022
Hajmi47,34 Kb.
#566846
1   2   3   4   5
Bog'liq
Шахстың өмири ҳәм ден

Шахстың өмири ҳәм ден-саўлыгына қарсы жынаятлардан
жәбирленген шахслардың виктимологик сыпатламасы
Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси арнаўлы бөлиминиң «Шахсқа қарсы жынаятлар» деп аталыўшы биринши бөлимниң биринши бабы «өмирге қарсы жынаятлар» деп (97- 103-статялар ), екинши бабы «ден-саўлыққа қарсы жынаятлар» деп (104-11-статялар ), үшинши бабы «өмир ямаса ден-саўлық ушын қәўипли жынаятлар» деп (112-117-статялар) аталған. Сондай екен шахстың өмири ҳәм ден-саулыгына карсы жынаятлардың виктимологик сыпатламасы объектлерине Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-117-статяларында нәзерде тутылған жынаятлар ақибетинде физикалық, материаллық ҳәм руўхый зийян көрген адамлардың жәбирлениў қәсиетлерин анализ қылыў мәселесин киргизиўимиз мүмкин. Бирақ шахстың өмири ҳәм ден-саулыгына басқа жынаятлардың тәсири нәтийжесинде хам зийян жеткизилиўи мүмкин. Мысалы,басқыншылық, талаўшылық, ар-намысқа тийиў,бийзарлық сыяқлы жынаятларды жүз етиў әқибетинде шахс өмиринен айрылыўы ямаса оған дене жаракатқаты жеткезилиўи мумкин. Соның менен бирге хожалық турмыс мунасәбетлеринде жузеге келетуғын келиспеўшиликлер қоңсы-қобалар,
ағайинлер ҳәм таныс-билислер ортасында жүз беретуғын өз-ара келиспеўшиликлер әқибетинде шахсқа дене жаракаты жеткезилиўи
мүмкин. Бул жағдайлар ислепшығарыў, жәмиетлик жумыслары менен
тығыз байланыслы болмаған жағдайларда жүзеге келеди. Бирақ шахслар ортасында жүз беретуғын хожалық турмыслық шаңараққа тийисли жәнжеллер жәмиетке ҳүрметсизлик көрсетиў формасында
бийзарылық жынаятлары қурамын қурайды. Буннан тысқары, тартыслы жағдайлар бийтаныс шахслар менен хам жүзеге келиўи мүмкин. Бирақ бундай даўлар шаңарақта ямаса таныслар ортасында жүз беретуғын созылмалы даўлар болмай, бәлки күтпегенде пайда болыўы менен характерленеди (мысалы : қызғаншақлық ақ ибетинде, ақырет етиў, орынсыз ис- ҳәрекетлердиислеў). Усының менен бирге, бул түрдеги жынаятлардың
Виктимологик характеристикаын анализ етиўде олардың қастан ислениў өзгешелигин хәм итибарға алыў дәркар. Усы мәселеде статистикалық мағлыўматларға итибар беретуғын болсақ, республикамизда жүз берип атырған жынаятлардың тийкарғы бөлегин дене жарақатларын жеткизиў
жынаятлары қурамақта.
Изертлеўлерден мәлим болыўынша, жәбирлениўшилерге жеткезилип атырған дене жаракатлары жеңил ҳәм ден саўлыгының дерлик бузылыўы менен байланыслы жынаятлар 32.2% ти, орташа дәрежедеги дене жаракатын жеткизиў жынаятлары 28,8% ни, аўыр дәрежедеги дене жаракатын жеткизиў жынаятлары 21, 9% ниқурайды. Усылардан тек 11,2% жағдайда дене жарақаты жеткизиў жынаяты шахстың ден-саўлығын бузбаған халда әмелге асырылған. Бирақ ҳәзирги күнде тийкарынан орташа аўырлықтағы ҳәм аўыр
дене жарақатларын жеткериў жынаятлардың өсип атырғанлығын бақлаў мүмкин. Шахстың омири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятлар барған
сайын оғада жаўызлық, мийримсизлик тусин алмақта. Атап айтқанда
жүз берип атырған бундай жынаятларда шахсты түрли усыллар
менен қийнаққа салыў, мысалы, денеге кизиб турған шоқты ямаса
утюгти басыў, бармақларды биле-тура сындырыў сыяқлы усыллар
кең қолланып келинип атыр. Соның менен бирге, қийнаўлар арқалы шахсқа дене жаракаты жынаятшы шахстың шаңарақ ағзаларына (ҳаялы, балалары ямаса ойнасларына қарата ) қас алыў мақсетинде жәбирлениўши тәрепинен де
жеткезилиўи мүмкин. Сондай екен жынаят ислеўши шахстың мақсети текғана жәбирлениўшине жеңил ямаса басқа дәрежедеги дене жаракатсы жеткизиў, бәлки оған психик азап бериў арқалы өзиниң жынаятлы ниетине ерисиўди нәзерде тутады. Көбинесе бундай адамлардың руўхыйлығында кемшиликлер әмелде болып, олардың ҳәрекетлеринде жынаятлы мақсет шегарасынан шетке шығыў жағдайы жүз береди. Бул жағдай бул адамлардың социал-қәўиплилиги қаншелли жоқары екенлигин тастыйық етеди. Көрип шығылып атырған бул жынаятлардың жүз бериўине себеп болыўшы мәскүнемлик ямаса нәшебентликке берилген шахсларды бир ўақытта айыпланыўшы да, жәбирлениўши де болып қалыў жағдайларына итибар қаратпаў ҳеш мүмкин емес.Себеби тап усы себеп хожалық турмыс шараятында түрли тартыслы жағдайлар келип шығады. Буған байланыслы илимий гүзетиў нәтийжелеринен мәлим болды, шахсқа дене жарақаты
жеткизиўде айпланған адамлардың көбиси, усының менен бирге, жәбирлениўшилер өзлери де маст ҳалда болғанлар.
Шахстың омири ҳәм ден-саўлығына қарсы жынаятларда виктимлик жағдайы анық ҳәм айқын көринеди. Бул жынаятлардың виктимологик анализи жәбирлениўшиниң турақлы ҳәм динамикалық жағдайлары, оның психофизиологикалық ҳәм Социал сапалары, демографик характеристикасы, шахслар арасындағы позиция -мәртебеси, ол менен әмелге асырылған жынаятлы ҳақыйқатлық, оның жынаят жүз бериўинен алдын ҳәм тиккелей жынаят жүз берип атырған ўақыттағы минез-қулық ортасындағы байланыслылыққа тийисли көз қарасларды пайда етеди.Саўатсызлық билим дәрежесиниң төменлиги, ақлый кемислик пенен байланысқан оғада садалық
әмелге асырылған ўақыяның криминоген ҳәм виктимоген факторлары болып хызмет қылады. Саўатсыз, мәдений тәрептен жарлы басқаларга салыстырғанда куш көрсетиў жынаятын көбирек ислейди. Бул болса айырым жағдайларда жәбирленгенлерден жуўап реакциясы ретинде шахстың ден-саўлығына зиян жетиўине алыпкеледи. Ҳәр тәреплеме қалақлық криминоген жағдай және оның ақыбетлерин туўры баҳалаўға тосқынлық етеди. Көп
жағдайларда бундай жынаятлар хожалық тараўда жүз береди. Шахстың өмири ден-саўлығына қарсы жынаятлардан жәбирленген адамлардың виктимологик характеристикасы сонны көрсетеди ерли-зайыплар 32, 1%, қоңсылар 24, 48%, бирге жасаўшы 14, 3%, ағайынлар 11, 8%, кәсиплеслер 9,2%, басқа таныслар 8,12% ни қурайды. Шахслар арнаўлы бир қатламының ўәкиллери жынаяттан жәбирлениў мүмкиншилиги жүз берип атырған жынаят түрине қарай ҳәр қыйлы болады. Мысалы, бийзарылықтан жәбирлениўши шахс ар-намысқа тийиўден жәбирлениўшилерге караганда көбирек дәрежеде тасынарлы болады. Әйне ўақытта алдаўшылықтан жәбирлениўшилер ар-намысқа тийиўден жәбирлениўшилерге қарағанда кемрек дәрежеде тосынан болып табылады. Тосынарлылық факторы жынаят ислеў усылына, жынаятшыдиң «профессионал» тайынлығына ҳәм басқа жағдайларға байланыслы ҳалда көринеди. Жынаятшылер жәбирлениўшини таңлаўда ҳәр турли белгилерге, мысалы : көп муғдарда материаллық байлықлардың бар екенлигине, болажақ жәбирлениўшиниң сыртқы көринисине (ар-намысқа тийиўде ҳаялдың «сулыўлығы», жынаятқа тутки беретуғынминез-қулқы, алдаўшылықта шахстың «садалағы» (напсиге берилгенлиги ҳәм т.б. ); жасына, турмыс тәжирийбесине;кызығыўларына; минез-қулықының айриқша қәсиетлерине (ишкиликке берилип кеткенлик, қызығыўшылық, исенимлик ҳәмт.б.) карап мөлжел алады. Жынаятшыдиң жәбирлениўшини таңлаўы виктимликти белгилейтуғын зәрүрли фактор болып табылады. Лекин бул усы ўақыяның бирден-бир факторы емес. Басқа бир жағдай жәбирлениўшиниң минез-қулқы хам виктимликти аниқлаўда әҳмиетли ахмийетке ийе жоқарыда айтып өтилгени сыяқлы, жәбирлениўшиниң жынаят жүз бериўинен алдынғы, жынаят жүз бериў ўақтындағы ҳәм жынаят әмелге асырылғанынан кейинги минез-қулқын парқлаў керек.

Download 47,34 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish