Шахстың омири хам ден-саулыгына қарсы жынаятлардың виктимологик профилактикасын шөлкемлестириў
Виктимология көз қарасынан шахстың өмири ден-саўлығына карсы жынаятлардан жәбирленгенлерге берилген илимий тарийп тийкарында пуқаралардың физикалық қол қатылмаслығы ҳәм өмирин қорғаў мақсетинде алып барылатуғын профилактикалық илажларды анық аңлатыў керек ҳеш
гумансыз, шахстың турмысы ҳәм ден-саўлығына карсы жынаятлардан жәбирленгенлердиң алдын алыў мақсетинде әмелге асырылатуғын профилактикалық шаралар биринши нәўбетте шахстың жынаят курбани болып қалыўына алып келиўши жәмиеттеги социал унамсыз жағдайларды тәртипке салыў, ең әҳмиетлиси, жынаят жәбирлениўшиси болып қалыўға бейим болған шахсқа хар тәреплеме тәсир илажларын қоллаў арқалы, әўеле жынаят курбаны болмаслығын, жынаят курбаны болып қалған тәғдирде
болса, кайта жынаят қурбаны болып қалиўының алдын алыўға каратилган илимий тийкарланған усыл ҳәм қураллардан пайдаланыў керек.
Жәмиетте шаңарақ ҳәм турмыс мәселелери айриқшалықларға
ийе. Шаңарақ ҳәм турмыс мунасәбетлери ҳәр бир шаңарақта айриқша
түрде кешеди хамда ҳәр бир шаңарақта шаңарақ ағзаларының улыўма, жеке дүңяға көзқараслары мудамы бирдей қәлиплеспеўи мүмкин. Сол себепли де гейде ол ямаса бул машқаланы шешиўде айриқша қарама-қарсылықлар келип шығыўы тәбий. Усы қарамақарсы пикирлерди шешиў процессиндеги тартыслы жағдайлар тиккелей виктим жағдайлар тийкарында жүзеге келеди. Биз көрип шығып атырған жынаят түринде болса жәбирлениўшиниң ис- ҳәрекетлери әйне басқа бир шахсты ерегистириў ҳәм сол себепли жынаяттың жүзеге келиўи менен тығыз байланыслы болады. Яғный, шахстың нызамсыз ямаса шармендели қиликларига жуўап ретинде өзге шахстың жынаят ислеўи жүзеге келеди. Тийкарынан бул жағдай болмаса жынаят да жүз етилмеген
болады. Мысалы, жынаят исиниң анализинен мәлим болды,пуқара Н. бәндиргинде анасы менен автобус күтип турғанында оларға мастлик халатында болған пуқара А. уятли сөзлер менен гәп айтады. Нәтийжеде пуқара Н. дың ашыўы шығып, А. ни урып, оған орташа салмақлықтағы дене жаракатқатын жеткереди.Көринип турыпты, олда, бул жағдайда жәбирлениўшиниң минез-қулқлары виктимлик жағдайын жүзеге алып келген ҳәм сол себепли жынаят жүз берген. Бул сыяқлы виктимлик холатини анық аңлатыў ушын, биринши нәўбетте жәбирлениўшилерди, криминология көз қарасынан ҳәр тәреплеме анализ етиў мақсетке муўапық болып табылады.
Иззертлеўлерде көрсетилиўинше, виктим халатлары көбирек ер адам жынсыдағы шахсларда жүзеге келеди. Анализ етилген жынаят ислеринен мәлим болды, улыўма муғдардағы жынаятлардың 64% те ер адамлар ҳәм 36% те ҳаяллар виктим жағдайлардың келип шығыўына баслаўшы болғанлар,
Соның менен бирге ер адамлардың жынаятларды ислеў әқибетинде жынайый жуўапкерликке тартылганлар ортасында жәбирленгенлердиң 16% ни ҳәйеллер ҳәм 84% ни ер адамлар қураған. Сол сыяқлы жынаятларды ҳаяллар ислегенде ҳаял жәбирлениўшилер 20% ни ҳәм ер адам жәбирлениўшилер 80% ни шөлкемлескен. Жәбирленген ҳаяллар ишинде рәсмий неке деги
ҳаяллар 39, 2% ни ҳәм ўақтыншалық жасап турған ҳаяллар 9, 3% ни
қураған. Сондай екен, шаңараққа тийисли даўлардың көбиси рәсмий
некеде көбрек гүзетиледи. Улыўма алғанда, анализ ислердиң көрсетиўинше, жәбирлениўшилер ортасындағы өз-ара коеффициент төмендегише бөлистирилген.
Жәбирлениўшилердиң анализи:
• жынаятшының шаңарақ ағзалары - 10%;
• ағайин-туўысқанлары- 2%,
• жақын дослары - 15%;
• таныслары - 35%;
• коңсылар - 10%;
• жат кимселер — 28%.
Жас тәрепсидан жәбирлениўшилер анализи:
• 14 жасқа шекем - 2, 3%;
• 18 жастан 25 жасқа шекем - 21, 9%;
• 25 жастан 35 жасқа шекем - 45%;
• 35 жастан 50 жасқа шекем - 17, 4%;
• 50 жастан 60 жасқа шекем - 10, 4%;
• 60 жас ҳәм одан үлкенлер - 3, 0%.
Анализден көринип турыпты, жас бойынша жәбирлениўшилердиң тийкарғы бөлимин 25-35 жасдағылар (45%) қураған болса, 18-25 жасдағылар (21, 9%) салыстырғанда көпшиликти қураған. Ҳәр екижастағыларды улыўмаластырыў жәми жынаятларда көпшилик муғдарды (66, 9%)
қураған. Сондай екен жынаятшылар ҳәм жәбирлениўшилердиң сол еки группаға тийисли болған жаста болғанлықлары профилактика жумысларын ахмийетке ийе екенлигин көрсетпекте. Соның менен бирге дене жаракатқатларын жеткизиўде жынаятшы болған ҳәм жәбирленгенлердиң мағлыўматлары төмендегише коеффициентке ийе:
Жәбирленгенлердиң мағлыўматлары :
- саўатсыз, дерлик саўатлы ҳәм 4-класс мағлыўматына ийе
шахслар — 1, 1%;
— 4-7-класс мағлыўматына ийе шахслар — 9, 3%;
—толық емес орта — 15, 7%;
— орта ҳәм кәсип-өнер мағлыўматына ие шахслар - 72, 0%;
—жоқары ҳәм жоқары мағлыўматтан кейинги тәлим дәрежесине
ийе шахслар — 4%.
Бунда тийкарғы көпшилик муғдарды орта ҳәм кәсип-өнер мағлыўматына ийе шахслар қурап атыр. Кәсип-өнер ҳәм социаллиқ позицияси көз қарасынан алғанда төмендеги мағлыўматларды көриў мүмкин.
Жәбирлениўшилер ортасындағы өз-ара коеффициент төмендегише:
— жумысшылар (мәмлекет ҳәм жеке секторға тийисли ислеп шығарыў
тармақларында ) - 63, 9%;
— үй бийкелери - 9, 3%;
— пенсиядағылар — 6, 9%;
— аўыл хожалығы менен бәнт болғанлар (фермер, ширкет
хожалығындағы жумысшыларды да қосқанда ) — 5, 8%;
— орта мектеп, лицей, колледж ҳәм жоқары оқыў орынларының
студентлери - 4, 3%;
— жумыссызлар - 3, 7%;
— хизметкерлер — 3, 5%;
— жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза өтип атырғанлар
2, 5%
көрсеткишлерден көринип турыпты, жарақатлар жеткизиў тийкарынан жумысшылар ортасында көпшиликтиқурайды. Усының менен бирге, атап өтиў керек, ҳәзирги дәўирде жәмиетте жүз берип атырған социал сапа өзгериўи нәтийжесинде жүзеге шығып киятырған жумыссызлардың айриқша тайпалары ортасындағы жынайыый себеплериниң анализи де бул топардағы халық қатламының айриқша криминологик қәсиетлерин итибарға алыўды талап етпекте. Пуқаралардың турмысы ҳәм физикалық қол қатылмаслығына қарсы қаратылған жынаятлардың ислениўинде мәскүнемлик иллетлери жөнинде жоқарыда айтилганындай белгили.
Соған көре жәбирлениўшилердиң минез-қулқларында да бул иллетлердиң дүс келиўи виктим жағдайлардың кушейтиўине алып келеди. Анализ етилген улыўма муғдардағы жынаят ислериниң дерлик 31, 4% те жәбирлениўшилер түрли дәрежедеги маслик жағдайында болғанлар. Соның менен бирге 37% жағдайда жәбирлениўшилер ҳәм айыпланыўшылар ортасындағы даўлар ҳәр еки тәрептиң айбы менен жүз берген бунда жәбирлениўшилер айыпланыўшылардың ҳәрекетлерине кескин ҳәрекетлер менен жуўап қайтарганини көриў мумкин. Ең тийкарғысы жәбирлениўшилердиң 4, 6% бурын жарақатлар жеткизиўде айпланип судланған шахслар екенлиги анықланди. Өткерилген сораў процессинде 18, 6% жәбирлениўшилер көп мәрте куш ислетиў ҳәрекетлеринен жәбир көрип, урыў, қийнаў
жарақатын алғанлықларын билдирген. Бул жағдайлардан тысқары тағы бир зәрүрли жағдай анықланди. Яғный, көбинесе жәбирлениўшилердиң өзлери
әйне бундай криминоген жағдайлардың жүзеге келиўине баслаўшы болғанлар.
Буған байланыслы пуқара А. менен байланыслы жынаят исин мысал
етип көрсетиў мүмкин. Мысалы пуқара А. өзине бийтаныс болған пуқара О.ға шақырық етип, сигарета сораған. Буған жуўап ретинде О. ҳәр ким өз сигаретасини алып жүриўи ҳәм тиленшилик етпеслиги керек деп А. ни уятли сөзлер менен ақиретлеген. Соннан кейин ортада жүзеге келген тартыслар даўамында О пуқара А. ның жүзине мушт менен урған. Буған жуўап ретинде А.Ўақыя жайына жақын әтирапда жайласқан үйине барып пышақ алып келип, ол менен О.га өмири ушын аўыр дене жаракатқатын жеткезген. Бул жағдайдың жүз бериўинде, көринип турғаны сыяқлы, хар еки тәрептиң айбы болғаны ҳалда, аўыржарақат алған жәбирлениўшиниң виктим жағдаының
жүзеге келтириўи жынаяттың тийкарғы факторы болған.
Пуқаралардың ден-саўлығы ҳәм физикалық қол қатылмаслығына қарсы
қаратылған жынаятлардың алдын алыўда төмендеги факторға, яғный нызамсыз түрде түрли оқатар куралларды сақлаўға бөлек итибар қаратылыўы керек. Себеби көбинесе дене жаракатсын жеткизиў бул қуралларды қөллаў арқалы әмелге асырылып атырғанлығын көриў мүмкин. Туўры, изертлеўлердиң көрсетиўише, дене жаракатларын жеткизиўде оқатар қуралларды қоллаў аз муғдарды қурайды (9, 9%). Бирақ бул факторды итибарға алмаў
ақыбетлери жүдә аяншлы болып табылады. Усының менен бирге, бир жынаят ақибетинде бир неше адамлардың жәбирлениў жағдайлары көплеген гүзетиледи. Жоқарыда айтып өткенимиздей, дене жаракатларын жеткизиў айриқша жағдайлар менен байланыслы. Солай екен, бундай жағдайлар процеси күтпегенде ҳәм алдынан таярланыў арқалы әмелге асырылмаўын инабатқа алсақ, оқатар ямаса улыўма барлық түрдеги суўық қураллардың болыўы жағдайды қурамалыластырады.
Буған байланыслы өткерилген сораў нәтийжелерине көре, көпшилик жынаятшылар ямаса жәбирлениўшилер қураллары болмағанында,
олардан пайдаланбаған болыўларын тән алған (57%).Теориялық тәрептен қаралганда, шаңарақ хожалық турмыс процессинде болатуғын даўларда тийкарынан қолға илинган түрли буйымлар менен дене жаракаты жеткезилиўи криминология пәнинде жеткиликлише үйренилген ҳәм тән алынған. Биз көрип шығып атырған жынаятлардың ислениуине шәртшараят жаратыўшы тағы бир фактор жүз берип атырған ис-харекетледи сапластырыў ямаса алдын алыўда әтирап дағы адамлардың зәрүр илажларды қолламаўлары болып табылады. Бул жағдай бойынша үйренилген жынаят ислериниң көбисинде ҳәдийсе жүз берген ўақытта тәреплердиң шаңарақ
ағзалары, жақынлары бар болған. Бирақ бар жоғы 12 жағдайда жәбирлениўшилер жынаятлардың алдын алыўға ҳәрекет еткен ҳәм дерлик жынаятлардың аўыр ақыбетлерине жол қоймаған. Әтирапдағылардың бийпарқлығы жынаятлардың жүз бериўине қолай мүмкиншилик, яғный жынаят ислеўшилер ушын қолай екенлигин итибардан шетте қалдырмаў зәрүр. Әсиресе буған байланыслы ҳуқық -тәртип шөлкемлериниң өз
ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда искерлик көрсетпеўлериде бул жынаятлардың ислениуине себеп болғанлығын нәзерде тутыў керек.
Ишки ислер органлары бул жынаятларды ислеўге бейим шахслар, шаңарақлар туўрысында зәрүр аналитик мағлыўматларға ийе болмаўлары ямаса орынсыз минез-қулқлар ҳәм жынаят жүз берип атырғанлығы туўрысындағы хабарларға өз ўақтында илаж көрмеўлери әқибетинде сондай криминоген жағдайлар жүзеге келеди. Жәбирлениўшилер ортасында өткерилген сораўлардан мәлим болды, 37% жағдайда тартыслы жағдайлар үзликсиз ҳәм даўамлы түрде келген. Себеби ишки ислер органлары
пуқаралардың арза ҳәм келиспеўшиликлерин итибарсыз қалдырғаны себепли тән жарақатларын жеткизиў әмелге асырылған. Шаңараққа тийисли даўлардың жүзеге келиўи әқибетинде жарақатларын жеткизиў менен байланыслы жынаятларды жүз бериўинин тағы бир тәрепи судтың тартыслы шаңарақларда некени быйкарлаў ҳәм мулкти бөлыў илажларын тийкарсыз
түрде созыў жағдайлары болып табылады. Бул сыяқлы жағдайлар шаңарақ ағзалары ортасындағы конфликтти ўақтында сапластырыўға мүмкиншилик бермейди. Соның менен бирге, ҳеш бир бир тийкарсиз жарастырыў сыяқлы
нызам нормаларына қарсы түрде тергеў ҳәм суд мәкемелериниң қарарлар
шығарыўы жағдайлардың даўам етиў ўақтын криминоген жағдайды жүзеге келтириўин естен шығармаў зәрүр.Себеби нызам талапларының надурыс қолланылыўы әмелдеги айыпланыўшылардың жазадан қашып қутылыў мүмкинлигине исеним сезимин жүзеге келтириўи мүмкин. Айтылған барлық
жағдайлар пуқаралардың ден саўлығын ҳәм физикалық қол қатылмаслығына
қарсы қаратылған жынаятлардың қәсийетлерин аңлатады.
Do'stlaringiz bilan baham: |