33
Лекция №4.
Тема: Организмлердың жынысый көбейиўи. Атлананыў
Реже
1. Сыртқы ҳәм ишки туқымланыў.
2. Мәйек ҳәм сперматозоидлардың бир-бирине тәсири
3. Гаметалардың тийисиў тәсирлери, сперматозоидтың мәйекке кириўи ҳәм
акросомалық
реакция
4. Туқымланыў қабығы ҳәм сперматозоидлардың мәйек клетка ишине
кириўи
Таяныш сөзлер:
-Сыртқы ҳәм ишки туқымланыў, ҳайўанларда өршиў
қубылыслары түрлери; -Мәйек ҳәм сперматозоидлардың бир-бирине тәсири; -
Гаметалардың тийисиў тәсирлери, сперматозоидтың мәйекке кириўи ҳәм
акросомалық реакция; -Туқымланыў қабығы ҳәм сперматозоидлардың мәйек
ишинде туқымланыўы; -Туқымланғаннан кейин зародыш геном ҳәрекетлениўи;
-Жасалма
туқымландырыў ҳәм оны шарўашылықта пайдаланыў; -
Өсимликлерде туқымланыў қубылысының өзине тәнлиги.
Сыртқы ҳәм ишки туқымланыў.
Туқымланыў бул еки (аталық ҳәм аналық) жыныс клеткаларының
ассимиляцияланыў қубылысларының жыйындысы болып есапланады. Бул
гаплоидлық хромосомалар жыйындысының еки еселениўи, диплоидлыққа
өтиўи менен иске асады. Қосылыў өними зигота (zigоtos-қосылған)
болып
есапланады ҳәм бунда окисландырыўшы ҳәм қәлпине келтириўши процесслер
70-80 рет күшейеди. Зиготада ата ҳәм ананың нәсиллик белгилери болады.
Нәсиллик белгилер организмниң жасаў жағдайларына ийкемлесиўшилигин,
тиришилик уқыплылығын күшейтеди. Туқымланыў өтпесе гаметалар өледи.
Туқымланыўдың қай жерде өтиўине қарай еки типке бөлинеди.
1. Сыртқы туқымланыў.
2. Ишки туқымланыў.
Сыртқы туқымланыўда гаметалардың қосылыўлары теңиз
ямаса душшы
суўларда өтеди. Ишки туқымланыўда организмлердиң копулиятивлик
органларының ҳәм олардың келисимли минез қулқына
байланыслы
сперматозоидлар аналық жыныс органларына жеткерилип мәйек пенен ығаллы
жыныс жолларында қосылады.
Шәртли ҳәм шәртсиз рефлекслер системасы искерлиги нәтийжесинде
аталық жыныс органы пенис арқалы сперматозоидлы туқым суйықлығының
34
шығарылып тасланыўына эйякуляция делинип, бул жүдә қурамалы қубылыс
болып есапланады.
Туқымланыў организмниң ҳәм клеткаларының ийкемлесиўине байланыслы
ҳәрекетли жағдайларда өтеди. Ҳайўанларда туқымланыў еки түрли болып
сыртқы туқымланыў-суў ҳайўанларына тән болып, олар мәйек ҳәм аталық
гаметаларын суўға таслайды ҳәм туқымланыў қубылысы суўда өтеди. Ишки
туқымланыў -бул түрдеги туқымланыўда гаметалар ҳайўанның жыныс
жоларында қосылады. Буның ушын туқымланыўдан алдын еки жыныстағы
ҳайўанлар арсында өршиў (қосылыў) қубылысы өтиўи керек. Өршиў менен
туқымланыў арасындағы ўақыт ҳәр қыйлы ҳайўанларда ҳәр түрли болады.
Мәселен: жарғанатлар гүзде өршийди, сперматозоид бәҳәрге шекем мәйек
жолында сақланады ҳәм бәҳәрде күн қызыўы менен мәйекти туқымландырады.
Сперматозоидлар формаланғаннан соң туқым суйықлығы менен қосылып
эйякулятты пайда қылады. Эйякуляттың көлеми ҳәм ҳайўан түрине қарап ҳәр
түрли болады. Қошқарда 2 мл (1 мл 2-5 млн сперматозоид), жабайы шошқада
500 мл (1 мл 100.000 ға шекем сперматозоид), жарғанатта 5 мл (1 мл 2 млн
сперматозоид), адамда 3 мл (1мл 40-50 млн сперматозоид болады).
Сперматозоидлар туқымланыў жайына қысқа ўақыт ишинде (қоян ҳәм адамда 3
саат) жетип барады. Эйякулят қурамында сперматозоидлар саны көп болыўына
қарамастан мәйек жолының басланғыш бөлимине шекем энергиясы көп
(қоянларда 250-500, адамларда 700-900) сперматозоид жетип келе алады ҳәм
булардың биреўи ғана мәйек клеткасы менен қосылады. Телолецитал мәйек
клеткалы ҳайўанларда полиспермия, яғный мәйек клеткасының көп муғдардағы
туқымланыўы болады. Бул жағдайда да мәйек клеткасының ядросы менен тек
бир сперматозоид ядросы қосылады. Қалғанлары болса сарыўыз эндоспермасын
пайда етип, мероцитлерге айланады.
Туқымланыў қубылысы 2 фазадан ибарат:
1. Туқымланыўдың сыртқы фазасы. Бул ўақытта мәйек клеткасында
сперматозоидты қабыл қылыўшы думпешиклер пайда болады ҳәм сол
думпекшеге жетип келген сперматозоид оған жабысады. Соннан соң
сперматозоид
акросомасындағы
гиалуронидаза
ферменти
тәсиринде
фолликуляр клеткалар арасындағы ҳәм мәйек қабығындағы гликозамино-
гликон ерийди ҳәм
сперматозоид басы, мойны ҳәм денеси мәйек клеткаға кирип
қуйрығы сыртта қалады. Сперматозоид мәйек клеткаға киргеннен соң кортикал
грануллалары басқа сперматозоидлардың кириўине тосқынлық етиўши қабық
пайда етеди ҳәм сол дәўирден баслап екинши фаза басланады.
2. Туқымланыўдың екинши ишки фазасы. Сперматозоидлардың ядролы
басы цитоплазмаға киргенинен соң иседи (аталық пронуклеус) ҳәм мәйек
клетканың ядросына қарап 180
о
қа бурылады ҳәм мәйек клеткасы ядросына
қарап центросомалы мойын менен ҳәрекет қылады. Сол ўақытта центросома
35
айланасында ахроматин түр пайда болады. Мәйек клетка ядросыда иседи ҳәм
аталық клетка ядросы тәрепке қарап ҳәрекетленеди,
еки гаплоид жыйындылы
хромосомалы ядролар бирлеседи ҳәм диплоид жыйындылы жаңа организм -
зигота пайда болады.
Солай етип, туқымланыў қурамалы қубылыс болып өсимлик ҳәм ҳайўанат
дүньясында өзине тән қәсийетлери менен өзгешеликке ийе болады.
Өсимликлерде ҳәр қыйлы шаңланыўлар ҳәм қос туқымланыў қубылысы
болады. Ҳайўанларда өршиў, сыртқы ҳәм ишки туқымланыў туқымланыўдың
сыртқы ҳәм ишки фазасы өзгешеликлерине ийе. Туқымланыў нәтийжесинде
гаплоид хромосомалы 2 гамета қосылып ата-ана белгилерин бириктирген
диплоид хромосомалы мәйек клеткасы ямаса зигота пайда болады.
Айырым зүликлерде қосылыў ўақтында сперматозоидлар арқа тәрепинде
гиподермаға жабысып оннан дене куўыслығына ҳәм жатырға өтип
туқымланады. Саламандралардың қурамалы минез қулқына байланыслы
сперматофорлар
клоакаға
орналасып
сперматозоидлар
мәйекти
туқымландырады.
Гермофродитизмде сийрек өзин-өзи туқымландырады (паразит лента
тәризли қуртлар ҳәм тағы басқалар). Айырым гермофродитлерде жыныс
безлери ҳәр қыйлы ўақытлары мәўсимге ҳәм жасаў жағдайына қарап еркеги га
урғашы хызметин атқарады.
Көпшилик суў омыртқасызларында алдыңғы сағақлы малюскаларда,
актинияларда, ийнеденелилер типи ўәкиллеринде жыныс клеткалары еркеги
менен урғашысы жақынласқанда сыртқа шығарылады. Бунда қандайда бир
қызықтырыўшы зат ҳәм рецепторлардың қатнасы болса керек. 40
тан аслам
актиниялар, моллюскалар, немертиналар ҳәм тағы басқа ҳайўанлар спермалық
орталықты пайда еткеннен кейин урғашысы өз мәйегин шығарады. Айырым
ҳайўанлар белгили аралықта бирин-бирин қоздырып (химиялық ямаса
физикалық) еркеги суў ағысы бойынша сперматозоидын жебереди, ал урғашы
оған қарсы қыйсайып қарсы алады ҳәм шағылысыў қубылысынан
кейин
туқымланыў процеси болады.
Do'stlaringiz bilan baham: