Жақында қызық болады



Download 395,22 Kb.
Pdf ko'rish
bet13/18
Sana18.04.2022
Hajmi395,22 Kb.
#560837
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18
Bog'liq
М.Нызанов Жакында кызак болады

3. 01. 1999-жыл.
Денгене ҳаққында нызам
Биз мына, XX әсирде туўылғанлар әйтеўир жөн алды қарабарақ жалай берген
екенбиз-ғо. Жасаўдың өзи нызамлықлары болады екен. Соған сүйенип ис тутсаң,
турмысың пәрәўан кешетуғын қусайды.
Жақында мен, ойланып-ойланып, денгене ҳаққында нызам ислеп шықтым. Соны
сизлердиң дыққатынызға усынбақшыман.
Денгене өтер-өтпес пышақ пенен сойылады.
Денгене етилетуғын малдың аяғы төртеў болыўы тийис.
Денгенени бәләәт жасынан өткен, қатыны бар еркек адам сояды.
Сойылатуғын малдың басын қублаға қаратып, өлетуғынын өзине айтпай, алдап
жығыў керек. Жәниўарға ҳазар бермеў ушын, малдың аяғы былқылдақ трико менен
яки ширик жип пенен байланады.
Баўызлаў қанын жуўатуғын бир қуман суўды ҳүкимет береди.
Денгене болып атырған жерге қассаптың ийтинен басқа ҳеш қандай жанлы-жәниўар
киргизилмейди.


Муратбай Нызанов - Жақында қызық болады
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы 60
Егер ийеси жоқ малды денгене етиўге туўры келип қалса сол жердиң макан
кеңесине қараслы милиционерди бир жиликке мутлай жазып қойыў керек.
Сойылған гөштиң пулын териге салыў қадаған етиледи. Ол ҳәр аванста үзип-жулып
жыйналыўы тийис. Егер айлық банктен кешигип берилсе, оны ийисленип кеткен
гөш пенен тең санап, кейингилерин алмай кетиўге ҳақылы.
Денгене болып атырған малдың басы он екиге бөлинбейди. Орталықтан оның
маңлайын бир-еки жерден қайтып келген келиншеклерге, қулағын қоңсы кемпирге,
тилин бийҳая қатынларға, көзин милийсаға, танаўын дикторларға бериў тийис.
Мал ийеси гөш жиликленбестен алдын жуқа жерлеринен қуўырдақ етип, справка
берген аўыл кеңести, докторды ҳәм усы нызамды ислеп шыққан мени шақырып
жибериўге миннетли.
Усы нызам жәрияланған күннен баслап денгене сойылып атырған жерлерде күшине
киреди ҳәм үлесип болған соң пәсейеди.
31.08. 1993-жыл.

Download 395,22 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   18




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish