Сергек болың: ҒМДА мәмлекетлеринде «көк кит» ойыны
Мағлыўматларға қарағанда, түрли (тийкарынан, VKontakte) социаллық тармақларда «көк кит» аты менен жаўыз нийетлилер топары бар. Олардың саны бир емес, бир неше екени де мәлим. Ашынарлы ҳәм тәшўишлиси сонда, олардың жаўызлықларына алданып атырғанлар өмириниң ашшы душшысын не екенин билмейтуғын ҳәм дүньяқарасы раўажланыў алдында болған өспирим жаслар. Россия, Украина, Қазақстан ҳәм Қырғызстанның ҳәр биринде кеминде 15 тен артық өспирим усы жолдың қурбаны болыўға үлгерген. Усы ойынды ойнап көрген Кун.уз дерегиниң сөзлерине қарағанда, «Өлим топары» на ағза болған ҳәм де ойынға өспиримниң разылығы алынғаннан кейин, оған түрли тапсырмалар бериле басланады. Атап айтқанда, дерекке биринши күнлик тапсырма сыпатында «Қудай» дың сүўретин сызыў тапсырылған. Әне соның өзи-ақ, негизинде бундай топарлар артында қандай күшлер жатырғанын дәлийллейди. Дерекке, сондай-ақ, көп қатнаў көшеден автомобиллер жақын қалғанында жуўырып өтиў ҳәм бул процессти туўрыдан туўры видеоға алыў, денесине түрли сүўретлерди пышақ қуралы арқалы кесиў жолы менен салыў ҳәм усы сыяқлы тапсырмалар берилген. Тапсырмалардың бири олар жиберген музыканы 3 кеше күндиз тынымсыз тыңлап жүриў болған.
Итибарлы тәрепи сонда, топар админстраторлары өспиримлерди бақлаўда услап турыў ушын тапсырманы орынлаған яки орынламағанына, сүўретин өзине жибериўди талап қылады. Кун.уз дерегиниң сөзлерине қарағанда «Өлим топары» оған жанына қастыянлық қылыўға түртки бериў мақсетинде, «Ол дүнья барлығына исенсен, бил сен гүналысаң, егер сен өзиңди өлтирмесең, сен ушын ата – анаң жазаланады, өзиңди өлтирсең, олар қутылып қалады, нахотки сен оларды жаман көрсең» сыяқлы алдаўшы сөзлерди де билдирген. Әлбетте деректиң айтыўынша ол бул сыяқлы ўазыйпаларды орынламағаннан соң оған зорлық қылған ҳәм ақырында байланысты үзген.
Хош, қәўип қалай әмелге асырылады? Олар арнаўлы дәстүр арқалы пайдаланыўшының IP мәнзилин анықлап, оның үй мәнзилин билип алады ҳәм усы арқалы «сен усы мәнзилде жасайсаң, шәртти орынламасаң шаңарағың менен жоқ қыламыз, арқаға жол жоқ, орынлаўың шәрт» деп шантаж қылады., я болмаса ойын даўамында қатнасыўшының түрли шахсый (интим мазмунына ийелериде) сүўретлери алдаў жоллары менен алынады ҳәм соңғы басқышта адам өлтириўге мәжбүрлеў қуралларында қолланылады.
Бирақ, бул сыяқлы жаўызлардың бузық нийетлерге алданып атырғанлар аз емеслигин халықара жаңалықлар дәстүрлеринде көриў мүмкин «Өлим топары» ның тапсырмасы болса тийкарынан, азанғы мазалы уйқы ўақтында, таңғы 4:20-4:50 әтирапында берилиўи айтылмақта. Оларға соңғы ўазыйпа берилиўинде, сондай-ақ, «бул түс екени, шәртти орынлаўы менен ояныўы ҳәм нәтийжеси қандай болғанын билиў мүмкин»лиги сыяқлы гипноз усыллардан пайдаланылғаны да хабарларда айтылмақта. Жуўмақ орнында айтпақшымыз, мақсетимиз басқа мәмлекетлерде болып атырған бул сыяқлы унамсыз ўақыя –ҳәдийселер журтымызға кирип келмесин!. Буның ушын болса, барлық, ата-аналар мәҳәллелер, кең жәмәәтшилик, тәлим орынлары ҳәм профилактика инспекторлары сергек болыўы лазым. Өспирим жаслар арасында түсиндириў ислерин алып барыў керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |