Инсан санасы ушын гүрсетиң жаңа формалары
Адамзат тарийхына нәзер салатуғын болсақ қара күшлердиң материаллық байлықлар, сиясий ҳәкимият ҳәм басқа мәплер ушын ҳәр дәўирде өзине сай тәризде гүресиў кешкенлигине гүўа боламыз. Бул гүреслер дәслеп қәўимлер ортасында. Кейиншелли болса мәмлекетлер арасында урысларға алып келди. XX әсирге келип инсанның қәлеўи өзиниң жаңа басқышына өтип, глобал дәрежеге көтерилип, пүткил дүнья мәмлекетлерин өз ишине тартқан ҳәм миллионлап адамлардың өмирине қарсы болған I ҳәм II “Жәҳән урыслары”ның жүзеге келиўине себеп болады.
Бүгинги күнге келип, өзиниң гүрес түрлери ҳәм методларын жетилистирип геосиясий ойынларды даўам еттирип атырған қара нийетли кимселер енди қандайда бир мәмлекеттти басып алып, оның тәбийий байлықларына ерисиў ушын алдынғыдай миллионлаған қаржы сарыпламастан, қурал-жарақ ислетип қәўип салып атырғаны жоқ. Бәлким, сол мәмлекеттиң пуқаралары санасын зәҳәрлеп, оларды мәнаўияты, тарийхы ҳәм өзлигинен айрып, оларды манқуртқа айландырыў арқалы өз мақсетлерине жетиўди гөзлемекте. Сол себепли де XXI әсирди “инсан санасы ушын гүрес әсири” деп атасақ алжаспаймыз. Инсанды басқа мақлуқлардан ажыратып турыўшы санасын ийелеўге қаратылған хәрекетлер ҳәр түрли көринислерде пайда болмақа. Себеби, санасын урлатқан инсанды қәлеген жағдайға салыў мүмкин. Бул сыяқлыларды болса, халқымыз “манқурт” деп есаплап келген.
Ҳәзир болса инсанды “манқуртқа” айландырыўдың бир неше түрли жаңа көринисин ҳәм усыллары жаратылған болып, олар әллеқашан өз нәтийжесин бере баслады. Инсан санасы ушын гүрес методларының жетилистириўи гүрес майданларының да өзгерисине алып келди. Енди алдынғыдай қандай да бир мәмлекет тап сондай емес, бәлким ҒХҚның инсанға салыстырмалы тәсир күшинен пайдаланып, идеологиялық полигонлар жаратылды ҳәм кибертерроризмге тийкар салынды.
Интернет адамзат турмысының ажыралмас қурамына айланып бармақта. Бүгинги күнге келип дүнья халқының дерлик 35% (2 миллиард 400 миллионнан артық) қурамы интернетке кириў имкәнына ийе. Қәнийгелер тәрепинен 2020 жылға барып бул көрсеткиш 50% қураўын айтып өтилмекте.
Қәнийгелердиң анализлери нәтийжесине көре ҳәзирде интернет тармағындағы мағлыўматлардың 70-75% инсан ушын зыян келтириўши идеялар есапланады. Әттең бул салыстырмалы жыл сайын артып бармақта. Жаңа полигонларда инсан санасын ийелеў ушын урысып атырған бузғыншы идеялар қатарына диний экстремизм, терроризм, миссионерлик, “массалық мәденият” ҳәм түрли ахборот қәўиплерин киргизиўимиз мүмкин. XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басларында дүнья сиясатшылары арасында “дүньяны ким басқарады?” деген сораўға “Ким темир жолға ийелик қылса, сол” деген жуўап беретуғын еди. Бүгин болса бул сораўға “Ким ахборотқа ийелик қылса, сол” деп жуўап берсек асыра айтқан болмаймыз. Дәслепки сиясий ҳәкимият ўәкиллерин жоқ қылыў яки тыныш халық арасында қәўетерге салыў мақсетинде шөлкемлестирилген терроризим де ўақыт өтиўи менен өз көринисин өзгерттирип, динди нықап қылып алыў арқалы глобал дәрежеге көтерилди ҳәм пүткил дүньяны қәўетерге салмақта. Әлебтте, бул сыяқлы шөлкемлер сиясаттағы “үшинши қол” ўәкиллери тәрепинен шөлкемлестирилип атырған геосиясий ойынларда өз ролин атқарып атырған бир қуўыршақдур. Инсанды ғәзепке келтириўдиң ең нәтийжели жолы бул оның исенимине тәсир қылыўдур. Сол себепли де бүгинги күнде дүньяда 800 ден артық динди нықап қылып алған түрли диний-экстремистлик шөлкемлер искерлик алып бармақта.
Бүгинги күнге келип, түрли бузғыншы күшлер инсан санысын ийелеп, олардан өзлериниң түрли ғәрезли нийетлери жолында ҒХҚ ҳәм интернет арқалы тәсир етиў арқалы пайдаланып келмекте. Қәнийгелердиң пикиринше, ҳәзирде экстремизмниң түрли көринислерин өзинде жәмлеген идеялар ен жайылыўы менен шуғылланыўшы 100 мыңнан артық сайтлар искерилик алып бармақта. Мысал ушын, ҳәзирде интернет тармағында дүньяда жүз берип атырған түрли қолайсыз ҳәдийселер, келешек ҳаққындағы жақсы емес анализлерди бериў арқалы шахс санасына тәсир қылып, оған “бул дүнья әдалатсызлық ҳәм зулымға ийе, онда жасаўдан мәнис жоқ, оннан қутылыўдың бир жолы - өлим” деген идеяны сиңдириў арқалы өз-өзин набыт қылып, буннан да қорқынышлысы “өзгелерди де бул залым дүньядан қутқарыў” ураны астында басқа адамлардың да өмирине зыян жеткериў сыяқлы ақыбетлерге себеп болып атырған мыңлаған сайтлар искерлик алып бармақта. Белгили күшлер тәрепинен бир мақсетлерге ерисиў жолында пайда болған арнаўлы сайтлардың кери тәсири ҳәзирше индивидуализм идеялары ҳүкимран болған жәмийетлерде инсаний қәдириятлар, шаңарақ институты, өзгениң дәрти менен жасаў, жәмәәт мәплерин жеке мәптен үстин қойыў сыяқлы жақсы қәдириятлардың жоқ болып кетиўи менен түсиндириў мүмкин.
Диний – экстремистлик шөлкемлер қатарында миссионерлик пенен шуғылланыўшы түрли секталар да инсан санысын ийелеўде интернет тармағынан пайдаланып келмекте. Олар өзлерин көринисинен бийазар, инсанларға жәрдем бериўди алдына мақсет қылып қойғандай көрсетселер де, бул бузғыншылардың негизги мақсети пүткиллей басқа.
Интернет ҳәм ҒХҚда миссионерлик искерлигин әмелге асырыўшы сайт ҳәм каналлар да көпшиликти қурайды. Әсиресе жасалма жолдас арқалы эфирге берилетуғын мыңлаған каналларда тоқтаўсыз рәўиште миссионерлик ҳәм прозелитизм искерлиги алып барылмақта. Бул сыяқлылар қатарына “CNL”, “Church Channel”, “TBN” ҳәм “God TV” сыяқлы протестантлық бағдардағы каналларды айтып өтиўимиз мүмкин.
Сондай-ақ бүгинги күнде, адамгершиликке пүткиллей қарсы, жаўызлыққа тийкарланған шайтанлық секталар искерлиги де жеделлеспекте. Бул сыяқлы секталар қатарына 1966 жылда Антон Лавей тәрипинен тийкар салынған “Шайтон черкови” (Church of Satan) шөлкемин мысал қылып келтириў мүмкин. Бул шайтанлардың рәсмий сайтлары ҳәм оған еретуғын түрли топарлардың интернет бетлери арқалы ҳәр қандай дин ҳәм жақсы идеяларға қарсы қаратылған жаўызлық, зораўанлықты ен жайдырыўшы, шайтанған сыйыныўға шақыратуғын тәлийматлар берилмекте. Ҳаял адамларды зорлаў, порнографик материалларды көриў ҳәм тарқатыў, рок музыкалары арқалы қәўетерге түсиў, массалық зино қылыў сыяқлы адамзатты түбанлыққа алып барыўшы бул сыяқлы ислер шөлкем ағзаларының күнделик мәресимлери ҳәм “сыйыныўлары” есапланады. Жасырын рәўиште уйымластырылған арнаўлы жыйналысларда болса, адам өлтириў ҳәм жас қызларды зорлаў арқалы шайтанға жақынлық пайда етиўге умтылады. Сонысы қызық, бул сыяқлы жаўызлықлар менен шуғылланыўшы шөлкемлердиң “демократия” нықабы астында “дин” сыпатында қабыл қылынып, дизимге алыныўы базы биреўлер өзилерин инсан ҳуқықларын қорғаўшысы сыпатында көрсетип атырған мәмлекетлер тәрепинен әмелге асырылмақта.
Соны айтып өтиў керек, ҳәзирде түрли топар ҳәм ағымлар тәрепинен диний экстремизм ҳәм ақыйдапарастлықты ен жайдырыўда, жәмийетте наразылық кейпиятын тарқатыўда социаллық тармақлардан кең пайдаланылмақта. Интернет арқалы сәўбет алып барыў процессинде жасларға “куфр диёри”, “ҳижрат”, “жиҳод”, “шаҳидлик”, “халифалик” сыяқлы идеяларды натуўры анализ қылып, оларды түрли тоқнасыў ҳәм қарсылық ошақларына шақырылмақта. Түрли күшлердиң нағарасына ойнап атырған диний экстремистлик ҳәм терроршылық ағымлар тәрепинен ол жерлерде әмелиятын өтеп келген ақыйдапараст, дийдаси қатқан, еркин пикирлеўден жүдә болған, рахнамалардың ҳәр қандай буйрықларын нызам деп билиўши зомби урыслық тыныш аймақларда да түрли қарсылқлар ҳәм турақсызлықлар келтирип шығарыўда пайдаланыў мақсети бүгин көпшиликке белгили ҳақыйқатдур.
Интернет тармағының шегара билмеўи, жасалма жолдас арқалы эфирге берилетуғын космослық каналларда тосық қойыўдың иләжы жоқлығын есапқа алатуғын болсақ, ҳәзирги күнде бул сыяқлы бузғыншы идеялардан халықты, тийкарынан жасларды асыраў ушын оларда бул сыяқлы жат идеяларға қарсы мәнаўий иммунитет пайда етиў, интернет ҳәм ҒХҚ арқалы арнаўлы топарларға тийкарлы раддиялар бериў, сап диний тәлийматларды жасларға жеткериў, оларды халықпәрўарлық, ўатанапәрўарлық, садықлық руўхында тәрбиялаў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги анық пайда болады.
Жасларды муқәддес диний тәлийматларымыз ҳәм қәдириятларымыз, ата-анаға ҳүрмет, халық дәрти менен жасаў, шаңарақты муқәддес деп билиў, келешекке үмит көз-қарасы менен қараў сыяқлы жақсы түсиниклер руўхында тәрбиялаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасына айланды десек муболаға болмайды. Диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресте бәршемиз өз миннетимизди сезиўимиз, сергек болыўымыз, Ўатанымыздың келешеги ушын жуўапкер екенимизди умытпаўымыз керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |