Инсан санасы ушын гүрсетиң жаңа формалары


Жасларда виртуал диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў мәселелери



Download 89,5 Kb.
bet2/3
Sana25.02.2022
Hajmi89,5 Kb.
#299183
1   2   3
Bog'liq
1 Материал

Жасларда виртуал диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў мәселелери.
Барған сайын тез пәт пенен раўажланып баратырған бүгинги күнниң алғыр технологияларысыз көз алдымызға келтириў жүдә қыйын. Олар турмысымыздың ажыралмас қурамына айланып үлгерди. World Wide Web – пүткил дүнья өргимшек торы деп аталатуғын Интернеттиң имкәниятлары, бүгинги раўажланыўдың тезлигине тезлик, күшине-күш қосып атырғаны, инсаният интеллектине теңсиз үлес қосып атырғаны дәлийл талап қылмайтуғын ҳақыйқат. Ҳәзирги күнде Өзбекистанда сыртқы каналдың интернет тезлиги 11 ГБ қа жетеди. Бул болса жүдә жақсы аўҳалдур. "Ўзбeктeлeкoм" AК Японияның НЕС корпорациясы ҳәм де Тоёта Цушо саўда орайы менен биргеликте секундына 100 Гбит мағлыўмат имкәниятына ийе болған DWDM (толқын узынлығы бойыншы мағлыўмат жеткериў каналларын тығызластырыў) байланыс тармағын иске түсирди. Арамызда әне сол жоқары ойлап табыўдың имкәниятларынан баҳраманд болған инсан табылмаса керек.
Сол орында социаллық тармақлардың Батыс сиясатшылары “Үлкен жақын Шығыс” деп аталатуғын аймақта жүз берген ўақыялардағы орны ҳаққында тоқталыў лазым. “Facebook”, “Twitter”, ‘OK’ ҳәм басқа социаллық тармақлары ҳаққында бармақта. Талықлаўшылар “Үлкен жақын Шығыста”ғы ўақыяларда усы дереклердиң әҳмийетин түрлише баҳаламақта. Айрымлар көринислерде арнаўлы тармақлар ең тийкарғы ўазыйпаны орынлайды, “Facebook”, “Twitter” болса бунда “көримсиз қол” ўазыйпасын өтеп беретуғынын айтып атыр.
Айтып өтиў керек, терроршылыққа қарсы гүресте “пикирлик кризис”ке ерисиў орынлы әҳмийет талап етеди. Инчунин, терроршылар өз алдында пайда болып атырған ҳәр қандай имкәнияттан пайдаланып қалыўға, тийкарынан, замангөй технологиялардан үнемли истeфoдa жетиўге урынып атырған ўақытта оларға қарсы ең заманагөй усылларда ақылын ислеткен ҳалда гүресиў лазым.
Енди, барған сайын жасырын, кеңирек майданда искерлик алып барыўға умтылып атырған мутаассибларнинг заманагөй технологиялар, тийкарынан, Интернеттен пайдаланыўдың негизи не? Буған бир қатар факторлар келтириў мүмкин. Сол тийкардан:

  • Интернетке аңсат кириў;

  • Оның жетерли дәрежеде тәртипке салынбағаны;

  • Шексиз аудитория

  • Интeрнeт майданындағы искерлигиниң жасырынлығы;

тема, сүўрет ҳәм даўыс уйғынлығындағы хабарды жайластырыў сыяқлы қолайлықлар терроршыларды өзине тартпай қоймайды.
Сондай-ақ, терроршылардың интернеттен төмендеги келтирилетуғын 6 мақсетте пайдаланыўларын урғулaйди
1. Психологиялық гүрес. Бунда терроршылар интернеттен халық арасында қорқыў ҳәм қорқынышты келтирип шығарыў, өз идеяларына ермегенлерди яки оларға қарсы шыққанларды қорқытыў, руўхый тәсир етиў ҳәм ҳәрекетсизликке шақырыў мақсетинде пайдаланылады. Мәселен торроршылық шөлкемлери рәсмийлери өзлерине тийисли Интернет сайтлары арқалы шығыўлары ўақтында белгили мәмлекет яки халықаралық шөлкемлердиң қарарларын тоқтатыўды талап етеди. Болмаса жаңа терроршылық ҳәрекетлери жүз бериўи менен қәўип туўдырады.
2. Угит – нәсиятлаў. Интернеттиң глобалласыўы терроршылар ушын өз искерликлери ҳәм идеялық нәсиятлаўшыларды халық арасында кең тарқатыўға үлкен қолайлықлар жаратады. Телевидение, радио ҳәм баспаханаларда мағлыўматларды қайтадан саралаў есабына бул сыяқлы имканиятлар айтарлық дәрежеде жоқ.
3. Қайыр сахаўат фонды. Көплеп терроршылық шөлкемлерди өз искерилигиниң материаллық тийкарын Интернет арқалы тәмийинлеўге ҳәрекет қылады. Бунда веб бетлер, чатлар ҳәм форумларға усы шөлкемлерге байланыслы банк есап рекламалары жайластырылады ҳәм жиҳодлық искерлигин қоллап қуўатлаўға қатты угит нәсият етеди. Мәселен, “Ҳизб ут-тaҳрир” экстремистик шөлкемлери Европадан Америкадағы мәмлекетлерге шекем «эҳсон» қылыў нийетиндеги шахсларға немис тилиндеги веб бетлери арқалы финанслық көмек бериўди сорайды. Және бир жағдай, 2004-жылда АҚШтың Айдахо штаты суды талаба Сами Умар Ҳусайнды Интернет арқалы терроршылық шөлкемлерине материаллық көмек шөлкемлестиргени ушын жынайый жуўапкершиликке тартқан.
4. Жаңа ағзаларды өзине тартыў. Алдын айтып өткенимиздей, бүгинги күнде терроршылық шөлкемлери жаңа ағзаларды өз қатарларына тартыў мақсетинде интернетке бөлек итибар қаратпақта. Даўыс, сүўрет ҳәм тема уйғынлығы ғайрынийетлилер ушын қолайлы. Олар бундай имканияттан өз «сөзлери»н кең жәмәәтшиликке үлкен даўыс пенен айтып қалыўда пайдаланылады. Таза ағзаларды өзине қаратыўда қолланылатуғын стиль бул – экстремистлик шөлкемлерге байланыслы веб – бетлерине көп киретуғын Интернет пайдаланыўшыларды бақлаў, үйрениў ҳәм ақыр ақыбетинде бул менен байланысқа кирисиў. Сондай-ақ, ғайрынийетлилер чатлар ҳәм форумларда «өткир» мунoзaрaли мәселелерди онлайн түрде сәўбетлеседи ҳәм өзлерине уқсас пикирлейтуғынларды терип алып, олар менен байланыс орнатады. Айтып өтиў лазым, бундай процесслердиң қурбанлары көп жағдайларда жаслар болып қалмақта.
5. Өз ара байланысты тәмийинлеў. Экстремистлик шөлкемлер Интернеттен тек ғана өз қатарлары, бәлким басқа усы сыяқлы шөлкемлердиң ағзалары менен де хабарлар алмасыў ҳәм мағлыўматларды жеткериўде белсенди пайдаланылады.
6. Оқыў- қәнийгелигин асырыў. Терроршылар дүньяның түрли орайларында қәўип астына алынғаны себепли бирде бир мәмлекетте өз ағзаларына қопарыўшылық, бузғыншылық әмелиятларын ашықтан ашық үйретпейди. Қәўип күннен күнге күшейип баратырған бүгинги күнде Интернет оларға қол келмекте. Олар глобал тармақ арқалы қолбала бомбаны соғыў, өзин өзи өлтириў, көбирек қурбанлар келтириў усылларын турақлы түрде үйретип барады. Қолланбалар, видео, аудио ҳәм китап формасында интернетке орналастырады. Мысал ушын “Aл-Қoидa” шөлкемлери өз қатарласларына мөлшерленген 1000 беттен аслам “Жиҳoд энсиклoпeдийaси” Интернет арқалы тарқатқан.
Әлбетте буған кимлердир исенип, кимлер исенбеўи мүмкин. Бирақ өзбеклерди жолдан аздырып, олар ортасында өз ара келиспеўшиликлерди шығарып, мәмлекетимиздиң, жәмийетимиздиң, халқымыздың бирлигине ҳәм де татыўлығына қәўип салыўды нийет қылғанлар өзлериниң бундай ис ҳәрекетлерин ашық айдын әмелге асырып атырғанлар да бар. Бундай миссионерлик ҳәрекетине ҳәттеки ғалаба хабар қураллары да өзине тартпақта. Олар Интернет сайтларындағы бузғыншылық шығыўлары менен шегараланып отырғаны жоқ.
Мәлим, ХХ әсир көплеген дүньяға белгили ашылыўлар, жаңалықлар дәўири болды. Бир ғана компьютер техникасы тараўын алайық. Ол пайда болыўдан алдын адамзат есап китапларды мийинда, есап счётлары арқалы әмелге асырар еди. Әсирлер өтип, мағлыўматлардың түри көриниси көбейиў себепли, алдын есаплаў машинасы, соң компьютерлер ойлап табылды. Негизинде, усы компьютер ислеген барлық ислер инсан санасында бар болғаны ушын да сондай болды. Келиң, жақсысы, адамның мийи орынлаған бир күнлик функцияны анализ етейик: ол ис ўақтында ямаса басқалар менен қарым қатнаста, оқыў процессинде мийинда неше жүз мыңлап «файл»ды ашып, неше жүз мыңын жабады.Усыны ҳеш ойлап көргенсизбе?!
Интернеттеги экстремизм мәселеси бойынша эксперт Eрин Сoлтмaнның пикиринше ИШИД алып барып атырған үгит нәсиятлаў жаңа ХХI әсир өними. “Ҳәмме ўақыт бузғыншылар тәрепинен жаңа видео көринислер шығарылғанда алдыңғысынан парқ қылып бармақта. Бузғыншылар өзлери таярлаған өним халықара жәмийетшиликке қандай тәсир еткенин бақлап, усыған жараса ис тутпақта. Итибар менен қаралса, бузғыншылар тарқатқан соңғы видео көринислерде Адам сойыў көринислери жоқ. Себеби олар бул қоркынышлы сүўретлерди халықара ҒХҚ олардың мәпине қарсы пайдаланып атырғанлығын түсинип жетти. Сондай болса да урысшылардың қурбанлары сәўлелендирилген көринислерден үгит- нәсиятлаў мақсетинде елеге шекем пайдаланылмақта».
Жоқарыдағы көринис бир тәрептен муқаддес Ислам дини атынан инсанийлыққа пүткил жат болған жынайый ислерди қылып атырған, сол арқалы бир ярым миллиардтан артық дүнья мусылманларының абыройы, қадир қымбаты аяқ асты болып атырған, тыныш өмиримизге қәўип туўдырып атырған терроршылардың «профессионал» ис услубынан сәўбет қылса , басқа тәрептен, мункар исти көргенде қолы, тили менен қайтарыўы, ҳеш болмаса, дили менен жеркениў лазым болған ҳақыйқый исеним билдириўшилердиң бүгинги ис режесин белгилеп береди.

Download 89,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish