Ҳәзирги күнде энергетика ресурсларынан өнимли пайдаланыўға дүняның барлық мәмлекетлеринде үлкен әҳмиет берилмекте


ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕЙТУҒЫН АСИНХРОН-ВЕНТИЛЛИ КАСКАД



Download 1,48 Mb.
bet23/59
Sana25.02.2022
Hajmi1,48 Mb.
#274989
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   59
Bog'liq
энергия унемлеу (3Дарслик)

4.2. ЭНЕРГИЯ ҮНЕМЛЕЙТУҒЫН АСИНХРОН-ВЕНТИЛЛИ КАСКАД


Жақсы энергетикалық көрсеткишлерге ийе болған, энергия үнемлейтуғын асинхрон-вентилли каскадтан санаат қурылмаларының, мәселен; насослар, компрессорлар ҳәм көтерме–транспорт механизмлериниң электржүритпеларинде пайдаланыў мүмкин.
4.3 – сүўретте жақсыланған энергетикалық көрсеткишлерге ийе болған асинхрон-вентилли каскадтың функционал схемасы; 4.4 – сүўретте болса сызықлы емес блоклар менен әмелге асырылатуғын байланыслар келтирилген.



4.3 – сүўрет. Энергетикалық көрсеткишлери жақсыланған энергия үнемлегиш асинхрон-вентилли каскад

Асинхрон-вентилли каскад статор орамы ретлеўди басқарыў блоки (РББ) менен басқарылатуғын кернеўиниң тиристорлы ретлегиши ТКР ге жалғанған фаза-роторлы асинхрон мотор, оның ротор орамы өз ара избе-из жалғанған басқарылмайтуғын көпирли туўрылағыш Т дан ибарат туўрылағышы-инвентор блоки ТИБ ның кириўи жалғанған, дроссел ДР ҳәм инвертор I ҳәм оның басқарыў блоклары (ИББ) ға ийе.
Инверторлардың шығыўларын тармақ кернеўине жалғаў ушын қысқышларына ийе. Асинхрон-вентилли каскадқа момент өлшеў өзгерткиши (МӨӨ)инен алынған сигнал биринши сызықлы емес блок (НБ1)ге жбериледи ҳәм бул блокта көринисидеги функцияны шешиледи; кери ЭҚК өлшеў өзгерткиши (ЖҚКӨӨ)инен алынған сигнал екинши сызықлы емес блок (НБ2)ге жибериледи ҳәм бул блокта функция шешиледи; магнит ағымы өлшеў өзгерткиши (АӨӨ), НБ1 ҳәм НБ2 лердиң шығыўларындағы сигналлар сумматор (С)ның кириўиге узатылады. МӨӨ ҳәм АӨӨ асинхрон мотор (М) менен механикалық байланысқан, ЭҚКӨӨ инвертор (I) диң кириўиге параллел жалғанған. Сумматор (С) ның шығыўы РББның кириўине, оның шығыўы болса ТКРдың кириўине жалғанған.
Асинхрон-вентилли каскад төмендегише ислейди: РББдан басқарыў сигналы ТКРға берилгенинде оның шығыўында пайда болған кернеў асинхрон мотордың статор орамына бериледи. Мотордың айланыс частотасын ретлеў ротор орамына инвертордың кери ЭҚК ти, ИББ сигналы бойынша киритиў менен әмелге асырылады. ЭҚКӨӨ тен алынатуғын инвертордың кери ЭҚК сигналы НБ2 ге келеди, онда оптимал ағым сигналы қәлиплеседи. Оптимал ағым сигналы М ның валындағы номинал жүклемеге сәйкес болады. МӨӨ ҳәм асинхрон мотор жүклеме моменти сәйкес сигналы алынады ҳәм НБ1 ге келеди, бул жерде моментке тузатиш сигналы қәлиплеседи. Сумматор С да ҳәм МӨӨ ҳәмде асинхрон мотордың статор ҳәм ротор полатлары аралығындағы магнит ағымы сигналлар салыстырылады. Сумматордың шығыўында сигналы жүзеге келеди. Бул сигнал тиристорлы ретлегиштиң РББ ға тәсир етеди. ТКР шығыўында кернеў сигналы нолге ( = 0) тең болмағанынша өзгерип турады, бул болса реал жүклемени итибарға алған жағдайда, яғный ағымның оптимал мәнисине туўры келеди. Электржүритпеде НБ2 жәрдеминде басқарыўдың түрли нызамлықларын, мәселен; статор токының минимумы бойынша Iмин (4.4,а – сүўрет), суммалық қуўат ысырабының минимумы бойынша талап етилетуғын қуўаттың минимумы Р1мин бойынша, ПЖК ниң максимумы бойынша ҳәм энергетикалық көрсеткиштиң максимумы бойынша басқарыў нызамлықларын алыў мүмкин. Улыўма жағдайда, НБ2 де инвертордың қосымша кери ЭҚК ниң салыстырма мәниси Е ҳәм мотордың оптимал ағымы ның салыстырма мәниси арасында өз ара байланыслар қосылады.
Бунда көринисинде болады, бул жерде а,б,с – турақлы параметрлер; салыстырма ЭҚК, Ен – инвертордың кери ЭҚК, Ер – роторы тормозланған мотордың ЭҚК.
Соған уқсас көрсетилген нызамлар бойынша НБ1 жәрдеминде моментке дүзетиў диң салыстырма мәниси (4.4,б – сүўрет) арасында өз ара байланысын тәмийнлеў мүмкин.

4.4 – сүўрет. Асинхрон-вентилли каскад системасыдағы асинхрон мотор тың Е ге (а) ҳәм дың ге байланыслылық характеристикалары (б)


Бул теңлемеси көринисинде көрсетилиўи мүмкин, бул жерде д,т,г – турақлы параметрлер.




    1. Download 1,48 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   59




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish