2-ЛЕКЦИЯ ТЕМА: ҚУРЫЛМА ҲӘМ МАШИНАЛАРДА ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯНЫАКТИВ ҲӘМ ПАССИВ ҮНЕМЛЕЎ Реже: 2.1. Ислеп шығарыў қурылма ҳәм машиналарда электр энергияны пассив усылда тежеў 2.2. Ислеп шығарыў қурылма ҳәм машиналарда электр энергияны актив усылда тежеў Ислеп шығарыў қурылма ҳәм машиналарында электр энергияны пассив тежеў түсиниги бу – электжүритпелер ушын қосымша қәрежетлер жумсамастан электр энергиядан өнимли пайдаланыў болып табылады. Бундай тежеўдиң түрлери төмендегилерден ибарат болыўы мүмкин:
Электр тармағынан пайдаланыўшыларға жеткерилип атырған электр энергия көрсеткишлериниң мәмлекетлик стандартларына сәйкес болыўы, қуўат бойынша туўры таңланған электр моторларын энергия үнемлеў режимине жүдә жақын режимде ислеўдиң мүмкиншилигин жаратады. Сонны айтып өтиў керек, ҳәзирги ўақытқа келип кернеў, частота, амплитуда ҳ.т.б. көрсеткишлердиң рухсат етилген мәнислери энергия үнемлеў көз қарастан заман талапларына сәйкес келмей қалған ҳәм бул тараўда жаңа мәмлекетлик стандартлары қабыл етиў мақсетке муўапық.
Ислеп шығарыў қурылма ҳәм машиналардың электр моторларының қуўаты бойынша туўры ҳәм ислеп шығарыў шәраятына сәйкес келиўши электр моторлар таңлаў энергия үнемлеў көз қарастан әҳмиетли мәселе болып табылады. Таңланған моторды ислетиўде жоқары ПЖК да болыўына ерисиў мақсет етип қойыоған болыўы керек. Мотордың жүклениў моменти ҳәм механикалық характеристикасы тийкарғы көрсеткиш болады.
Жүклениўдиң турғын моменти моторда турғын жыллылық режимин жүзеге келтиреди. Мотор паспортында келтирилген номинал қуўат мотордың рухсат етилген дәрежеде қызыўын тәмийнлейди ҳәм қолланылған изоляция классына туўры келетуғын температурадан асып кетпестен узақ мүддет ислеўин кепиллейди. Мотордағы қуўат ысырабы нәтийжесинде пайда болатуғын турғын қызыў дәрежеси оның ислеў мүддетине әлбетте тәсир етпейди.
Бирақ мотор паспортындағы қуўат ислеп шығарыў қурылмасы ямаса машинасының жүклениў қуўатына барлық ўақыт сәйкес келе бермейди. НЕМА стандартлары бойынша қорғалған моторлар ушын номинал жүкленгенлик коэфициенти 1,15 ге тең, яғный қысқа мүддетке моторларды сонша рет артық қуўатлы режимде ислетиўге рухсат етиледи. Мотордың қызыўы болса рухсат етилген температурадан аспайды. Бул болса пайдаланыўшығаа экономикалық көз қарастан мақул мотор таңлаў мүмкиншилигин береди. Мотордың жүкленгенлик коэффициентинен туўры пайдаланылғанда баҳасы пәсирек болған моторды қоллап та электр энергиядан экономлаў мүмкин.
Ҳәр саатта мотордағы жүклениўдиң номиналға салыстырғанда 15% артыўы оның ислеў мүддетин 2-3 саатқа қысқартырады. Соның ушын бундай жүкленгенликте мотордыңг ислеп шығарыў режими қысқа мүддетли болғандағана пайда береди. Бундай режим әдетте металл кесиўши станоклардың электр үскенелеринде ҳәм кескиш жүритпелерге тийисли.
Ҳәрекетке келтирилип атырған механизмниң инерция моменти үлкен болса электржүритпе моторы өтиў процессиниң созылып кетиўине алып келеди (10 секундтан көп). Сонда мотор орамларынан үлкен мәнистеги ток өтиўи мотордың қызып кетиўине себеп болады. Бундай электржүритпелерде иске түсириў моменти жоқары болған моторларды қоллаў мақсетке муўапық келеди.
Егер мотордың жүкленгенлиги номинал қуўатына салыстырғанда 45% тен кем болса, ол жағдайда номинал қуўаты азына алмастырыў мақсетке муўапық болады. Мотордың жүкленгенлиги номинал қуўатына салыстырғанда 70% тен жоқары болса, ол жағдайда мотор қуўатының сайланыўы туўры. Мотордың жүкленгенлиги 45-70% аралықта болса, моторды алмастырыў ямас алмастырмаў мотордағы қуўат ысырабы анализи тийкарында әмелге асырылады.
Электр моторларды ислетиў процессинде оның айланыўшы бөлеклериниң (ротор ҳәм якор) узақ ўақыт нормал ислеўи ушын подшипниклерди сәйкес майлар менен ўақтында майлап турыў ҳәм мотор корпусы қабырғаларын ҳәм олар арасындағы каналларды тазалап турыў ҳәмде корпус бетин жуллылық узатыўды жеделлестириў мақсетинде сәйкес реңли бояўға бояў да моторлардың ислеўинде механикалық энергия ысырабын азайтыў ҳәм ислеў мүддетин узайтырыўға алып келеди.
Электр моторлардағы суўытыў процессин жеделлестириў мақсетинде термосифонлардың қолланылыўы усы моторлардың қуўатынан толығырақ пайдаланыў мүмкиншилигин береди.
Энергия үнемли моторладың жүклениўи өзгериўиниң кең диапазонында (0,5 – 1,0) ҳәм қуўат ҳәм пайдалы жумыс коэффициентлери номиналға тең болып дерлик өзгермей турыўы себепли бундай моторлардың электржүритпелеринде қолланылыўы жоқары нәтийже береди. Бундай моторлардың өзине түсер баҳасы әпиўайы моторлардың өзине түсер баҳасы салыстырмалы бир қанша жоқары болса да ислетиў процессинде энергетикалық көрсеткишлериниң жоқары болыўы менен ҳәм тежелген электр энергия есабына озин толық ақлайды.