Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары


Мәмлекет бюджети ҳәм оның орынланыўын шөлкемлестириўде финанслық ресурслардың роли



Download 0,83 Mb.
bet5/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

1.2. Мәмлекет бюджети ҳәм оның орынланыўын шөлкемлестириўде финанслық ресурслардың роли
Өзбекстан Республикасы экономикасы сыпат жағынан пүткиллей жаңа, базар экономикасына тән болған қатнасықларга кирип бармақта. Жәмийет қатнасықларының жаңа принциплерге өтиў дәўиринде көп ғана машқалалар жүзеге келип, бул машқалалар тек ғана әмелий тәрептен емес бәлки, теориялық белгилерде де жүз берди. Жәмийетти экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың баслы бағдарлары қайта көрип шығылыўы талап қылынып, түптен жаңа талаплар белгиленди, бул болса экономикаға, ҳам мәмлекетке экономикалық сиясатты бас тәртипке салыўшы мийзан сыпатында көрсетилди.
Ҳәзирги заман алымларының излениўлеринде үлкен итибар жәмийетте мәмлекеттиң ролин үйрениўге қаратылған болып, мәмлекеттиң услубы ҳәм формаларының тәсиринде базар қатнасықларын әмелге асырыўдан ибарат ислер үйренилмекте.
Мәмлекеттиң базар басқышын басқарыўдың кереклиги сонны айтыўға тийкар болады, финанслық ресурслар жаңалаўларды өткериў сыпатында бийбаҳа екенлиги, оларды мәмлекет ҳәм оның функцияларын орынлаўда материал база сыпатында жүзеге шығады. Ақырғылары қатарында ҳәзирги заман ҳақыйқатлықты есапқа алғанда ең дәслепкиси стабиллестириўши функция есапланады. Бул мәселелерди орынлаўдың тийкарғы шешимлери болып ҳәр түрли аспектлерди теориялық үйрениў түсинилип, мәмлекеттиң имканиятларына тийисли болған финанс жәрдеминде жәмийет турмысының социаллық ҳәм экономикалық тараўларында турақлылығын тәмийинлеў ҳәм макроэкономикалық басқышларды басқарыў ҳәм оның субъектлери пүтинлигине республика финанслық ресурсларынан пайдаланыўы нәзерде тутылады. Басқаша қылып айтқанда, Өзбекстан Республикасы финанслық теория координатасынан экономиканы, баҳалаў кереклиги, илимий тийкарда өтиў дәўиринде экономикалық сиясатты нәтийжели қәлиплестириўден ибарат.
Сол менен бирге атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта экономикада сондай ҳалат жүз берди, оның тийкарында социал-экономикалық реформалар дәстүрлериниң концептуал тийкарлары Президентимиз, академик И.А.Каримовтың қатар ислеринде ислеп шығылған болып, бунда мәмлекет басқарыўының социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы тийкарына, яғный бирден-бир системасына арнаўлы өзгерислер киритилиўин талап етти ҳәм булл жәмийеттиң ҳәзирги раўажланыў басқышындағы заман талапларына толық жуўап береди. Усы мәселени үйрениўдиң тийкарғы мақсети базар шәраятында илимий тийкарланған фундаментал излениўлерди өткериў ҳәм мәмлекеттиң финанслық ресурсларынан пайдаланылған ҳалда турақлы социаллық бағдарланған базар экономикасын жаратыўдан ибарат болып табылады.
Бул мәселе қатар мәселелерди шешиўди талап етеди:
- миллий ҳәм шет ел экономистлериниң мәмлекет экономикасын басқарыў машқалаларын, базар хожалығы шәраятында ҳәм өтиў дәўиринде олардың сынлы ҳәм конструктив анализин көрип шығыў;
- экономиканы финанслық басқарыўдың улыўмалық институционал классификациясын бериў;
- Өзбекстан Республикасы мәмлекет финансы ҳәм экономикасын раўажландырыўдың тийкарғы нызамшылығын, мәмлекеттиң экономикаға араласыўын анализлеў;
- аймақты раўажландырыўда социаллық ҳәм экономикалық тәрептен тәмийинленгенлигин ҳәм ресурс потенциалын үйрениў, бөлек алынған ўәлаяттың финансластырыў әмелиятына мәмлекеттиң финанслық теңлестириў сиясатын қоллаў;
- экономиканың еркинлесиўи шәраятында жергиликли бюджетлерди (аймақларды) басқарыў системасына жаңа жандасыўларды анықлаў ҳәм аймақларды раўажландырыў ушын финанслық ресурсларды қайта бөлистириўдиң жаңа тәртибин қоллаў.
Ҳәзирги заманның актуал машқалаларынан бир топары – инфляция, ислеп шығарыўдың өсиўин тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин көтериў ҳәм басқа процесслер сын көз-қарасынан пикирлеўди талап қылады. Хожалықты реформалаў концепциясын ҳәр тәреплеме тийкарланған ҳәм пүтинлигише толық сәўлелениўин тәмийинлеў лазым. Бул методологик ҳәм териялық тәрептен мәмлекет көлеминде экономикалық процесслерди басқарыўда өз ишине алған түрли тәреплерин терең үйрениўге хызмет қылады.
Макроэкономикалық басқарыўдың мақсетли мәселелери ҳәр түрли болып, олар мәмлекеттиң хожалық өзгешеликлери менен белгиленеди.
Турақластырыўшы сиясат мәмлекеттиң ролин активлестиреди, сондай-ақ, финанслық ресурслардың өсиўин талап қылады, бунда ҳүкимет имканиятлары анықланып, оның улыўма басқышларға тәсири белгилеп алынады.
Институционал тийкарларды үйрениў мәмлекеттиң қаржыларын орайлық фондларға мобилизациялаў ҳәм олардан пайдаланыў қатнасықларының қаншелли әҳмийетли екенлигин ҳәм экономикалық басқышларын нәтийжели басқарыў ушын финанслық категорияларды басқарыўды үйрениў кереклигин көрсетеди. Ол сап дәраматты қайта бөлистириў формалары сыпатында қәрежетлерди финансластырыў усылында да қолланыўды анықлап берди. Имканиятлар анализи финанслық регуляторлар менен соны көрсетеди, мәмлекеттиң тәртипке салыў имканиятлары ишки хожалық, тармақ иши, тармақлар-ара ҳәм аймақлар-ара ЖИӨди бөлистириўге мақсетли тәсир көрсетип, пүткил хжалық көлеминде қаржылардың айланыўы ушын шәраят жаратады. Ол жәмийеттиң пүткил экономикалық базасына актив тәсир көрсетип, оның тезлениўин яки кемейиўин раўажландырады. Сол менен бирге финанслық басқарыўда қолланылып атырған усыллардың улыўма раўажланыўы қәсийетлерин объектив баҳалаўды талап қылады.
Базар шараятларына туўры келетуғын дәрежелерди ислеп шығыў мәмлекет қаржылары ҳәм усуллары тәсиринде қайта ислеп шығарыў басқышларына көбирек қойылған мақсетлерге ерисиўди гөзлейди, басқаша айтқанда - өткерилип атырған макроэкономикалық сиясаттың нәтийжелилигин анықлайды. Соның ушын мәмлекет өз искерлигинде анық бир принциплер менен басқарылыўы керек ҳәм анық басқышта жәмийет турмысының өзгерислерине жуўап берип, финанс тараўында анық стратегия ҳәм тактикаға ийе болыўын талап етеди. Тийкарғы раўажланыў нызамшылығының анализи Өзбекстан Республикасы мәмлекет финансы ҳәм экономикасы раўажланыўының стратегиясын жаңалаў кереклигин көрсетеди.
Олардан ең тийкарғылары болып төмендегилер есапланады:
1) Реформалар шәраятында мәмлекетте жәмийеттиң ҳәр түрли искерлик тараўларында мәмлекет араласыўын күшейтиўге ихтияж сезилди. Әмелиятта бул ҳәр түрли ислерден тысқары мәмлекет қәрежетлериниң асырылыўын талап қылады. Анық финанслық ресурслар орайласқан пул қаржылары фондына аккумуляция қылыныўы бюджет ҳәм бюджет емес фондлардың ЖИӨдеги үлеси артып бармақта, мәмлекеттиң де макроэкономикалық басқышларына тәсири артпақта.
2) Ҳүкиметтиң пул түсимлерин мәмлекет ғазнасына түсиўин асырыўдағы интилиўин хошаметлеў механизмин есапқа алыў менен өткерилди. Бул болса экономика субъектлерине болған салық жүгин кемейтип, ислеп шығарыўдың өсиўин, өтиў дәўириндеги қарама-қарсылықларды жеңиллестирди, салыққа тартыў базасын асырды ҳәм бул туўры мақсетке нәтийже берди, мәмлекеттиң салық түсимлери сыпатындағы дәраматларын асырды.
3) Финанслық ресурсларға болған ихтияжларды, өсип баратырған социаллық ихтияжларды басқарыўда Өзбекстан Республикасы ҳүкимети булл талапларды қанаатландырыў ушын қолай имканиятты излеп тапты ҳәм экономиканың келашекте раўажланыўы ушын фундамент жаратты. Сол мене бирге, ресурслардан ақылға сай ҳәм нәтийжели пайдаланыў тәмийинленди.
4) Жергиликли ҳүкимет органларын комплекс қоллап-қуўатлаў Өзбекстан Республикасының аймақлық раўажланыўы ҳәм макроэкономикалық басқарыўдың улыўма мақсетлери менен байланыслы болады. Лекин соның менен бирге бул мийзан бир қанша қыйыншылықларға ийе болып, бюджет дүзилиси басланғыш басқыш реформасы менен байланыслы. Аймақлар жағдайын системалы баҳалаў еки ҳалатта болып, бул яки биринши нәўбетте қоллап-қуўатлаў керек болған объектлерди туўры таңлаўды, яки анық өлшенген финанслық ресурслардан пайдаланыўдың баслы бағдарларын яки нәтийжелерин алыўда анық баҳалаўдың имканиятын бермейди.
Айырым аймақларды раўажландырыўды мақсетли басқарыў анализи нәтийжесинде жергиликли дәрежеде экономиканы басқарыўдың өзгериўи анық көринбекте. Жергиликли ҳүкимет органларының финанслық имканиятлары жайларда өткерилген сиясый реформалары жүзеге келген сисемасы дәрежесинде мәмлекет функцияларына бириктирилген схемаларды шегаралайды. Нызам бойынша қәрежетлерди шегаралаўдың жоқлығы республика ҳәм жергиликли бюджетлер ортасында ҳуқықлардың бир талай функциялары қурамына өтиўди тәмийинленбеген ресурслар менен дүзетиледи. Ҳәзирде финанслық ресурслардың дефицитлиги жергиликли ҳүкимет органлары дережесинде де, мәмлекетте де пүтинлигинше бюджетлер-ара қатнасықлардың турақсызлығын көрсетпекте. Жергиликли ҳүкимет органлары ҳәм басқармаларының имкониятлары социаллық-экономикалық раўажланыўды басқарыўда нызамлы анықланған финанслық регулятордан пайдаланыўды көрсетеди. Қай жерде жергиликли ҳүкимет органлары ҳәм басқармалары анық ҳәм оператив ҳалда базар басқышындағы қатнасыўына өз ўақтында итибар берсе, сол аймақта әлбетте өсиў жүзеге келеди. Сол менен бирге излениўлерден төмендеги жуўмақларды шығарыў мүмкин: әмел қылып атырған принциплерди сақлап қалыў ҳәм мәмлекетти пул қаржыларынан пайдаланыў имканиятларынан жергиликли ҳүкимет органлары тәрепинен нәтийжели орынланыўы мәмлекеттиң толық турақластырыўшы функцияларында орнын өзгертеди.
Бул менен байланыслы ҳалда төмендегини атап өтиў керек, кейиншелли экономиканың өсиўинде улыўма раўажланыў басқышын раўажландырыўды турақластырыўда улыўмамәмлекетлик иләжларды комплекс өткериўде тийкарғылары болып төмендегилер есапланады:
- мәмлекет қәрежетлерин қайта көрип шығыў. Бул мәмлекет ҳүкимети ортасында анық шегараларды көрсетип өтеди;
- салықтың бириктирилген системасы ҳәм дәраматларын бюджет системасы звенолары ортасында қайта бөлистириўди қайта көрип шығыў, бюджетти бийғәрезлик принципине муўапық оларды реал тәмийинлеў, сол арқалы дәраматлардың болыўы жергиликли ҳүкимет органларына тынбай түсимлер түсиўин тәмийинлейди. Жергиликли ҳүкимет органлары нызамлы түрде өзиниң жеке финанслық ресурслар дерегине ийе болыўы керек ҳәм бюджет қәрежетлерин қаплаў ушын заём қаржылары есабынан қаплаўы ҳәм керек болғанда бюджет қаржыларын қайта бөлистириў есабынан финанслық жәрдем алыўлары мүмкин. Қосымша қаржыларды бөлистириў бюджетлер ортасында бюджетлер ортасында минимумға алып барылыўы керек болып ҳәм бул ҳәрекеттеги ҳәм капитал қәрежетлер бойынша айырылған ҳалда алып барылыўы керек. Бир-бирине уқсас пайызлар бир-биринен бийғәрез болып, оның қаржылары болса ҳәр түрли усыллар тийкарында бөлистирилиўи зәрүр, инвестицион искерликти мәмлекет басқарыўы аймақлардың туўры қойылалары усылынан пайдаланып базаластырыў керек. Бул усыл тийкарында турыўшы мийзанлар өз белгилерине ийе болып, республика дәрежесинде ҳәм субъектлер ортасында қандай болса айырым аймақларда да сондай болады. Финанслық тийкарда турақлылықты тәмийинлеў мәмлекеттиң экономикаға араласыўы арқалы жүз берип, ҳәмме басқышларда финанслық ресурсларды кереклигинше тәмийинлеўде ҳүкимет органлары ҳәм басқарыўдың түрли дәрежесинде олардың ҳуқуқый ҳәм атқарыў функциялары өз исенимлилиги менен белгилениўи керек.



Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish