Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары


Мәмлекет бюджети қәрежетлериниң анализи



Download 0,83 Mb.
bet9/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

2.2. Мәмлекет бюджети қәрежетлериниң анализи
Жоқарыдағы анализлерден соны көриў мүмкин, соңғы жылларда ақыллылық пенен алып барылған бюджет сиясаты себепли сезилерли унамлы нәтийжелерге ерисилди. Бул болса, өз нәўбетинде, турақлы экономикалық өсиў, инфляция дәрежесин пәсейтириў, халытың дәраматларын асырыў, экономикада қурамлы өзгерислерди тереңлестириў, реал секторды беккемлеў ҳәм унамлы институционал өзгерислерди әмелге асырыў имканиятын берди.
Демек, бюджет сиясатының қай дәрежеде ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы – мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўының гиреўи есапланады.
Өзбекстан Республикасында экономиканың еркинлесиўи ҳәм социаллық қорғалған базар экономикасының қәлиплесиўи, социаллық тараўлар раўажланыўында раўажланған мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбелери ҳәмде миллий қәдириятларымыз өзгешеликлерин есапқа алға ҳалда социал-мәдений тараўларды финансластырыў системасын жетилистириўди талап етпекте.
Ырасында да, жаңа социал-экономикалық шәроятларда социал-мәдений тараўлар раўажланыўын финансластырыў системасы турмыс қойып атырған талаплар ҳәм усы тараўдың әҳмийети көз-қарасынан жетилистирилиўи лазым. Реформалардың кейинги басқышында халықты социаллық қорғаў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға көмеклесиў системасы жетилистириледи, халықты социаллық қорғаўдың тәсирли механизми қәлиплестириледи, өзгерип баратырған социал-экономикалық шәраятларға муўапық ҳалда, жаңа форма-усыллар ҳәм дереклерге ийе болады.
Бюджет қаржыларынан тежеп, нәтийжели ҳәм анық мақсетлерге пайдаланыў ҳәмде бюджет интизамын, штат, смета интизамын беккемлеў ушын бюджет шөлкемлери басшыларының бийғәрезлигин кеңейтиў ҳәм жуўапкершилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 414-санлы “Бюджет шөлкемлерин қаржы менен тәмийинлеў тәртибин жетилистириў ҳаққында”ғы қарарының қабыл қылыныўы менен бюджеттен қаржы алыўшы шөлкемлерди қаржы менен тәмийинлеў механизмин әпиўаластырыў ҳәм бюджет қаржыларынан пайдаланыўда жоқары нәтийжелерге ерисиў, бар болған қаржыларды ақылға муўапық бөлистириў, мәмлекет бюджети есабынан қаржы менен тәмийинленетуғын тармақларда экономикалық реформаларды тереңлестириў, бюджет шөлкемлерин қаржы менен тәмийинлеў механизмин жетилистириў, бюджет шөлкемлери хызметкерлери мийнетин хошаметлеў, олардың искерлиги нәтийжелилигин асырыў, кадрлардың орнасып қалыўы ушын шәрт-шәраятлар жаратылды. Мәмлекетимиз раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў, улыўма алғанда экономиканы турақластырыўда мәмлекет бюджетиниң дәрежесин асырыў керек.
Экономикамызда түпкиликли демократиялық ҳәм базар реформаларының әмелге асырылып атырғаны, жеке мүлкке кең жол ашып бериў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, аўыл хожалығы саласында шешиўши күшке айланып атырған фермерликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар, жеңиллик ҳәм преференциялар жаратыў, жеке мүлк ҳәм мүлк ийелериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша көплеген нызам ҳүжжетлери қабыл етилгени үлкен принципиал әҳмийетке ийе болды.
Усы бағдарда жәмийетимизди еркинлестириў, бизнес жүргизиў ушын ҳуқықый ҳәм нызамшылық базасы және зәрүр шараятлардың турақлы рәўиште жетилистирилип барылғаны экономикамызды избе-из ҳәм турақлы раўажландырыўда, халқымыздың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыўда айрықша орын тутқанын атап өтиў зәрүр.
Биз елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң ен жайыўы, жеке мүлктиң жедел раўажланыўы ушын қолайлы және үстин шараятларды жаратып берер екенбиз, бәринен бурын, солардың есабынан экономикамыздың өсиў пәтлерин тезлетиў, халқымыздың жумыс пенен бәнт болыўы ҳәм дәрамат табыўы менен бир қатарда, биз ушын жаңа болған, демократиялық реформалардың тийкарғы сүйениши және ҳәрекетке келтириўши күши-орта классты қәлиплестириўди нәзерде тутамыз.
Өз-өзинен белгили, барған сайын тереңлесип атырған реформалар нәтийжесинде ерисилетуғын оғада әҳмийетли өзгерислер ҳеш қашан бир күнде, кимниңдур буйрығы ямаса қәлеўи менен болмайды. Бул ушын әлбетте ўақыт керек, ең тийкарғысы-бул реформалардың мазмунын ҳәм мақсетлерин жәмийетимиз, халқымыз терең аңлап алыўы және қоллап-қуўатлаўы шешиўши әҳмийетке ийе4.
Тәкирарлап айтыўға туўры келеди-тек халқымыздың қоллап-қуўатлаўы ҳәр қандай реформаларға күш бағышлайды.
Жәмийетимизди реформалаў бағдарындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларымыздың мазмун-мәнисин әне усындай түсиниктен келип шығып баян етилген «Реформа-реформа ушын емес, бәринен бурын инсан ушын», «Жаңа үйди қурмай турып, ескисин бузба!» деген белгили сүренлер ел-журтымыз арасында кең тарқалып, қоллап-қуўатланып атырғаны тегин емес, әлбетте.
Өткен 22 жыллық бийғәрез раўажланыўымыз даўамында елимиз ерисип атырған нәтийжелер менен жетискенликлер ҳаққындағы көрсеткишлер журтымызда болып атырған теңи-тайы жоқ өзгерислер туўралы анық түсиник береди.
Әне усы дәўирде Өзебкстанның экономикасы 4,1 есе өсти. Егер елимиздиң халқы әйне усы дәўирде дерлик 9,7 миллионға көбейип, бүгинги күнде 30 миллион 500 мыңға шамалас адамды қурап атырғанын есапқа алатуғын болсақ, халықтың жан басына салыстырғанда өсим 3 еседен зыят болғаны бизиң қаншелли үлкен раўажланыў жолын басып өткенимизден дерек береди.
Жер жүзинде елеге шекем даўам етип атырған қаржы-экономикалық дағдарыстың сезилерли тәсирине қарамастан, елимиз жалпы ишки өниминиң жыллық өсими 2008-2013-жылларда 1 проценттен асты, 2014-жылдың 1-шерегинде болса бул көрсеткиш 1,1 процентти қурады. Бундай өсиў пәтлерин шенде-шен мәмлекетлерде бақлаў мүмкин.
Өткен дәўир ишинде макроэкономикалық көрсеткишлердиң тең салмақлылығы, мәмлекетлик бюджетимиздиң профицит пенен, яғный арттырып орынланыўы тәмийинленбекте.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде халықтың реал жалпы дәраматлары жан басына 1,2 есе артқанының өзи халқымыздың турмыс дәрежеси барған сайын өсип атырғанынан дерек береди. Өзбекстанның сыртқы мәмлекетлик қарызы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 16 пайыздан артпайды, экспорт ҳәм алтын-валюта резервлеримиздиң көлеми көбейип бармақта.
Ғәрезсизлик жылларында елимиздиң экономикасында доллар есабында 162 миллиарддан аслам капитал қаржы өзлестирилген болып, буның 56 миллиард доллардан зыяты шет ел инвестициялары болып табылады.
Тек ғана 2013-жылдың өзинде капитал инвестициялардың көлеми доллар есабында дерлик 14 миллиардты ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 23 процентти қурайды.
Булардың барлығы бәринен бурын экономикамыздағы унамлы структуралық өзгерислердиң нәтийжеси, жаңадан иске түсирилген, жәҳән базарында талап күшли болған бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарып атырған жүзлеген, мыңлаған заманагөй кәрханалар болып есапланады.
Бул санлар бәринен бурын жүзлеген, мыңлаған километр темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары, жүз мыңлап турақ жайлар қурылғаны, инфраструктура обьектлери салынғаны, қала ҳәм аўылларымыздың келбетиниң түп-тийкарынан өзгерип, халықтың абаданлығы ҳәм турмыс сапасы артып атырғанының дәлийли болып табылады.
Бүгин бир пикирди ҳеш екиленбестен, толық исеним менен айтыўым мүмкин` Өзбекстан тарийхый қысқа мүддетте экономикасы бир тәреплеме раўажланған, тийкарынан пахта шийки затын жеткерип бериўге бейимлескен, пахта ҳәмме нәрседен үстин болған қалақ республикадан тез пәтлер менен өсип атырған заманагөй санаат тармағына ийе, жедел раўажланып атырған елге айланды. Буның айқын тастыйығы-елимиздиң жалпы ишки өними қурамында санааттың үлеси 1990-жылдағы 14,2 процент орнына бүгинги күнде 24,3 процентти қурағаны, соның менен бирге аўыл хожалығының үлеси болса 34 проценттен 17 процентке азайғаны болып табылады.
Биз ушын улыўма жаңа болған автомобиль ислеп шығарыў, мотор ислеп шығарыў ҳәм оларға комплектлеўши бөлеклер таярлайтуғын салаларға, нефть ҳәм газди қайта ислейтуғын, фармацевтика өнимлерин, заманагөй телевизор ҳәм комьютерлер ислеп шығаратуғын жаңадан-жаңа санаат тармақларына тийкар салынды. Сондай-ақ, азық-аўқат, жеңил санаат, химия, қурылыс материаллары санааты ҳәм басқа тармақлар толық модернизацияланды және дүнья базарында бәсекиге шыдамлы товарлар ислеп шығарыў басланды ҳәм даўам етпекте.
Өзиниң әҳмийетине ҳәм мәнисине бола ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайтуғын турмысымыздағы өзгерислер туўралы сөз еткенде, бәринен бурын адамларымыздың дүнья қарасы ҳәм кейпияты, пикири, олардың турмысқа, өз мийнетиниң нәтийжесине мүнәсибети түпкиликли өзгерип, жоқарылап атырғаны ҳаққында айтпай өте алмаймыз.
Бүгин инсанның өзи өзгермекте, оның пуқаралық ҳәм сиясий санасы, ҳуқықый мәденияты өспекте. Биз коммунистлик идеология тәсирлеринен, ийек артыўшылық кейпиятынан, ҳәр қыйлы жасалма қәлиплерден толық қутылып бармақтамыз. Бийғәрез пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсип өнерлерге ийе, турмысқа жаңаша қарайтуғын, бурынғы езиўши дүзимге тән түсиниклерден азат болып ержетип атырған, өзиниң пикири ҳәм көз-қарасларына ийе нәўқыран жасларымыз турмысқа исеним менен кирип келмекте, жәмийетимизде беккем орын алмақта ҳәм елимиздиң раўажланыў жолында шешиўши күшке айланбақта.
Турмысымызда әмелге асырылып атырған бундай өзгерислер бәринен бурын нени аңлатады!

Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish