«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet46/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, 1987. 
2. Досжанова Г.Д. Қарақалпақ тилинде үй буйымлары атамалары. 
Нөкис, 2016. 
3. Исмоилов И., Мелиев К., Сапаров М. Ўрта Осиё ва Қозоғистон
туркий тиллари лексикасидан тадқиқот (мевали дарахт, полиз экинлари 
номлари ва уй-рўзғор буюмлари лексикаси материаллари асосида). 
Тошкент, 1990. 


126 
БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА -СЫЗ//-СИЗ АФФИКСИНИҢ 
ЖУМСАЛЫЎЫ ҲАҚҚЫНДА 
Д.Сейткасымов ҚМУ оқытыўшысы 
Тюркологиялық әдебиятларда -сыз//-сиз аффиксиниң мәни ҳәм 
функциясы ҳаққында ҳәр түрли көз қараслар бар. Көпшилик жумысларда 
ол келбетлик жасаўшы аффикс деп қаралса, айырым жумысларда форма 
жасаўшы аффикс деп қаралады. Қарақалпақ тилиниң фактлери -сыз//-сиз 
аффиксиниң ҳәм сөз жасаў ҳәм форма жасаў ўазыйпасына ийе екенлигин 
көрсетеди.
Қарақалпақ тилиндеги келбетлик жасаўшы -сыз//-сиз аффикси өзиниң 
қолланылыўы бойынша ең бир өнимли аффикслердиң қатарына кирип, -
лы//-ли аффиксине қарама-қарсы болып, ескиден киятырған аффикслердиң 
бири. Ол атлық ҳәм атлықласқан сөзлерге қосылып, олардан аңланатуғын 
мәниниң жоқлығын, бийкар етилген түсиниклерди белгилеўши 
келбетликлерди пайда етеди. 
-сыз//-сиз аффикси түркий тиллердиң дәслепки жазба естеликлеринде-
ақ, бир қанша қәлиплескен морфологиялық көрсеткиш сыпатында көзге 
тасланып, атлықларға жалғанған ҳәм өнимли қолланылған: йолсыз 
(жолсыз), тоқсыз (кийимсиз), буңсыз (муңсыз, қайғысыз) [1].
Н.А.Баскаков қарақалпақ тилиндеги -сыз//-сиз аффиксин мейил, тилек 
мәнилерин билдириўши -си//-са аффиксиниң варианты ҳәм бийкарлаўды 
аңлатыўшы  элементлерине ажыратып, түбирден аңлатылған мәниге ийе 
емес атлықларды жасайды деп көрсетеди: панасыз, пайдасыз, атсыз, 
атасыз ҳәм т.б. [2]. Алымның не ушын бундай пикирге келгени 
мийнетинде толық түрде ашып берилмеген. А.Н.Кононов өзбек тили 
грамматикасына арналған мийнетинде бул пикирге қосылмайды. Оның 
пикиринше, -сыз//-сиз аффикси келбетлик жасаўшы -лы//-ли аффиксиниң 
антоними болып, мәниси бойынша рус тилиндеги «без» префиксине сай 
келеди деп есаплайды [3]. Биз де алымның бул пикирлерине қосыламыз. 
-сыз//-сиз аффиксиниң түбирлерге жалғаныў жағдайына нәзер 
аўдарсақ, түпкиликли түркий сөзлери (дуз-сыз, ай-сыз, май-сыз, түс-сиз) 
менен бирге, сырттан кирген сөзлерге де жалғаныў уқыплылығына ийе. 
Монғолша сөзлер: келбет-сиз. Арабша сөзлер: итибар-сыз, пайда-сыз, 
ғайрат-сыз ҳәм т.б., парсыша сөзлер: ҳийле-сиз, әдеп-сиз ҳәм т.б. Сондай-
ақ, рус тили арқалы басқа тиллерден кирген сөзлерде де ушырасады: 
ритм-сиз, мотор-сыз, идея-сыз, форма-сыз ҳәм т.б. Бул жағдай оның ерте 
дәўирден баслап, бүгинги күнде де сөз жасаўшылық хызметин жойтпастан 
белсенди жумсалып киятырғанын көрсетеди. 
Биз мақаламызда XIX әсирде жасаған классик шайырларымыздан 
бири Бердақ Ғарғабай улының шығармаларындағы келбетликлердиң 
жасалыўы ҳаққында сөз етемиз. Бердақ Ғарғабай улының әдебий 


127 
дөретпелери қарақалпақ жазба әдебияты менен әдебий тилимиздиң 
тарийхында айрықша орынды ийелейди. Оның шығармалары тил билими 
көз қарасынан илимпазларымыз тәрепинен өткен әсирдиң 80-90-
жылларында бир қанша үйренилди [4]. Бердақ шығармаларының тили 
лингвистикалық 
бағдарда 
проф. 
Ш.Абдиназимов 
тәрепинен 
монографиялық планда арнаўлы изертленди [5]. 
-сыз//-сиз 
аффикси шайыр шығармаларында сөз түбиринен 
аңлатылған заттың жоқ екенлигин, онда аңлатылған заттың жоқлық 
белгисин көрсетеди:
Хийўа хан қаст етип, посты журт қаңғып, 
Малсыз жарлыларға түсти көп салғырт, 
Узыны келискен жуўан бир арғыт, 
Саны жүз сапасыз талдан жақсырақ (Жақсырақ). 
Бул мысаллардағы адам ямаса заттың тийкардан аңлатылған мәниге 
ийе емеслиги көринип тур, -сыз//-сиз аффикси мәнилик жақтан «жоқ», 
«ийе емес» сөзине жүдә жақын. -сыз//-сиз аффикси арқалы жасалған 
сөзлерди «жоқ», «ийе емес» сөзлери менен алмастырыўға болады: малсыз 
– малы жоқ, сапасыз – сапа жоқ ҳәм т.б. Бирақ -сыз//-сиз аффикси арқалы 
жасалған келбетликлердиң бәрин «жоқ», «ийе емес» сөзлери менен 
алмастыра бериўге болмайды, яғный бул -сыз//-сиз аффикси жалғанған 
түбирлердиң бәри де «жоқ», «ийе емес» сөзлерин қабыл ете бермейди:
Илмиғайыптан сөйлеме, 
Кисиниң ярын гөзлеме, 
Мийнетсиз дүнья излеме, 
Жанды отқа саладурсаң (Қашан рәҳәтланадурсаң). 
Ақ буўдайы турып сулы сепкеннен, 
Таза салы турып, шигин еккеннен, 
Жөнсиз қырық күн қайғы-уўайым шеккеннен, 
Денсаўлықта бир күн шадлық жақсырақ (Жақсырақ). 
-сыз//-сиз аффикси менен жасалған айырым келбетликлер ис-ҳәрекеттиң де 
белгисин билдирип келеди. Бундай жағдайларда -сыз//-сиз аффиксин жоқ 
сөзи менен алмастырып қолланыў ҳеш мүмкин емес. Мысаллар:
Бай дәўлетин бергил, бийғам жасайын, 
Несийбе ырысқымды молдан асайын, 
Әрмансыз ойнайын, сүйип қушайын, 
Маған дүнья жәннетиниң ҳүрин бер (Маған бер). 
Дүнья десең, қара жумбай көзиңди,
Зулматлары отқа салар өзиңди, 
Пәтиўасыз етер айтқан сөзиңди, 
Заман маған мисли зиндан көринди (Көринди). 
А.Н.Кононов -сыз//-сиз аффикси арқалы жасалған айырым 
«жумыссыз», «атсыз» сыяқлы келбетликлер атлықласып, адамды билдириў 
ушын хызмет етеди деп есаплайды [6]. 


128 
Айырым сөзлер тийкарғы мәниси болған жоқлықты емес, заттың 
мөлшерден азлығын, муғдарының кемлигин билдиреди. Мысалы:
Бай болсаң малың көп, - болдың әрмансыз, 
Жарлы болсаң, - исиң болды пәрмансыз, 
Қалай қылар аш-арықлар дәрмансыз, 
Бундай қайғы-ҳәсирет турған заманда (Заманда). 
Гейде -сыз//-сиз аффикси атлықларға жалғанып, аўыспалы мәнидеги 
кемисликти аңлатады. Бул мәнидеги жумсалған келбетликлер адамға 
байланыслы қолланылғанда, пикирге қосымша өткирлилик, тәсирлилик 
белгилерин береди:
Адамға мийримсиз жәлладлар, жаўлар, 
Халықты жылатқан аталық, ханлар, 
Басқа аўыр қайғы салған залымлар, 
Көзлериме жылан-шаян көринди (Көринди). 
Жоқлықты билдириўши -сыз//-сиз аффиксинен жасалған сөзлер 
гәптеги орнына, контексттеги мәнисине қарай өзиниң ең тийкарғы мәниси 
болған жоқлықты емес, керисинше молшылықты, кемиссизликти 
билдиретуғын келбетликлерди де жасайды:
Залым қысым етер халқыма сансыз, 
Жүзинде нуры жоқ гилең иймансыз, 
Мөҳмин қуллар отыр телмирип нансыз, 
Жоқшылық жәбири өтти заманда (Заманда). 
Бердақ шығармалары тилинде бий префикси менен бир түбирге 
жалғанып, пикирди күшейтиўге тәсир жасаған [7]:
Басыңа қураш кийипсең,
Бийорынсыз тийипсең. 
Жуўмақластырып айтқанда, Бердақ шығармаларында қолланылған 
келбетликлердиң жасалыўын үйрениў әҳмийетли мәселелердиң бири 
есапланады. Себеби Бердақ шығармалары қарақалпақ халқының миллий 
калоритин, өзиншелик өзгешеликлерин ашып бериўде исенимли 
дереклерден есапланады. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish