Топырағы: Отлақлы топырақлар (96,1 %), батпақлы-отлақлы, отлақлы-батпақлы 4,0 % қурайды.
Питнак қаласы орнында суўғарылатуғын сур топырақлар ҳәм сур түсли қоңыр топырақлар егиске пайдаланылады. Бул топырақларда ширинди муғдары 0,4-0,8 % әтирапында. Топырақлардың механикалық қурамы орта, жеңил қумақ (суглинок) болып, шор жуўыў жумысларын жақсы өткизиўге имканият жаратады.
Кейинги жыллары Хорезм ўалаятында 55,1% жерлер әззи шорланған 31,1 % орта шорланған, 13,9 % күшли шорланған жерлерден ибарат.
Бул ўәлаятта Хорезм-127, Хорезм-150, С-6524, Бухара-102 ғаўаша сортлары егилип жоқары зүрәәт алынбақта.
Алынған мағлыўматлар бойынша бул регионда Арал теңизи машқаласы кери тәсирин тийгизбекте. Усының менен бир қатарда Әмиўдәрья суўының кемейиўи сезилмекте. Тек 2015-жылы климаттың ысыўына байланыслы ағын суў мол болды. Бирақ климат өзгериўине байланыслы дәслепки жыллары ағын суў мол болыўы мүмкин.
Презентация: Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының улыўма картасы, климат, экологиялық шәраяты, топырақ картасы, суў ресурсы, Арал машқалалары бойынша слайдлар көрсетиледи.
Әдебиятлар: 31,33,37;
15-Лекция. Жиззах, Сырдәрья регионы
Аннотация: Жиззах, Сырдәрья регионы жайласыўы қоршаған таўлықлар, климаты, топырағы, флора ҳәм фаунасы, дийханшылығы, экологиялық шәрияты келтирилген.
Жиззах ўәлаяты Өзбекистаннның орайлық зонасында жайласып, Сырдәрья ҳәм Зарафшан дәрьяларының тегислигин қамтып, қубла тәрепинде ири таўлықлар, арқа батысында таў алды пәслигинде аўыл-хожалығы раўажланған. Тәбийий климаты субтропик климатқа киреди ҳәм кескин өзгериўшеңлиги менен ажыралып турады. Ҳаўаның жыллық орташа ыссылығы 12-15 0С, ашық күнлер 240-270 күн. Максимал суўық күнлер -28-37 0С жетеди. Ең ыссы күнлер +47 0С жетеди. Дослық метеостанциясы мағлыўматы бойынша нәтийжели ыссылық жыйындысы 2230-2290 0С қурайды.
Топырағы тийкарынан аш түсли боз топырақлар (50 % ке жақын) ҳәм аш түсли типик боз топырақлар (12 %) болып отлақлы боз топырақлар майданы 20 % тен артығын қурайды. Жер асты суўы 2-3 м болған жерлер шорланған.
Бул ўәлаятта Ақдәрья -6, Анбаяут, Бухара-102 ҳәм басқа ғаўаша сотрлары егиледи. Егилетуғын сортлары орта писер сортларға киреди. Сырдәрья регионның улыўма 427,6 мың/га, усыннан суўгарылатуғын жерлер майданы 296,9 мың/га, егислик жерлер майданы 255,3 мың/га. Бул ўәлаят 8-районға бөлинген. Баяут, Гүлистан, Мырзаабат, Ақалтын, Сайхунабат, Сырдәрья ҳәм Хавас.
Ўәлаят арқадан Қырғызстан мәмлекети, шығысдан Ташкент ўәлаяты, қубладан Тәжикистан мамлекети, батысдан Жиззах ўәлаяты менен шегараласқан. Тийкарғы суў дереги болып Дослық ҳәм қубла Мырзашөл каналлар арқалы суўғарылады. Дослық каналы узынлығы 123,0 км. Соннан 70 км ўәлаят аймағынан өтеди. Қубла Мырзашөл каналы Жиззах ҳәм Сырдәрья ўалаятларын суў менен тәмийнлейди. Бул каналдың узынлығы 242 км ҳәм 375,0 га жер майданын суўғарыўға бейимлескен.
Do'stlaringiz bilan baham: |