12. Лекция. Ферғана регионы
Аннотация: Ферғана бодийси Наманган, Андижан, Ферғана ўәлаятлар, климаты, топырағы, экологиялық шарияты, раўажланыўы, қалық-ожалығы, суў ресурслары, экологиялық өзгерислери үйретиледи.
Ферғана регионының үш тәрепи таў менен қоршалып арқада Қурамин ҳәм Шатқал, шығыста Ферғана, қублада Алай ҳәм Туркистан таўлары менен қоршалған. Ферғана регионы үш мүйешликке уқсап батыста Ферғана ашықлығы менен дәрўазаға уқсап көринис береди. Хожабақырған, Исфара ҳәм Соғ дәрьялары суў менен тәминлейди. Соғ, Шахмардан, Сырдәрья тәрепинде үлкен қумлықларға ийе.
Климаты: Жаўын-шашын муғдары Қоқанда жылына 100 мм болса, шығыта 600 мм шекем жетеди. Ҳаўа-райы қурғақ ыссы болып келеди.
Қоканд метеостанциясы мағлыўматы бойынша жыллық температура +13,4 0С, пайдалы температура жыйындысы 2620 0С суўық емес күнлер 190-214 күн.
Ҳаўа ығаллығы 46-52 %. Ҳаўа ығаллығының артыўы гүз ҳәм қысқы мәўсиминде болып июль-август айларында ҳаўа жүдә қурғақ болады.
Ферғана регионында күшли шаңлы самаллар болып күнлер 220-235 күнге шекем болады. Шаңның ең көп көтерилиўи апрел-май айларына туўры келеди. Самал тезлиги 40 м/сек жетеди.
Топырағы: Ферғана регионы орайлық ҳәм тегислик тәрепи гидроморф топырақтан ибарат болып, жер асты суўы жақын жайласқан. Бул жерлерде отлақлы, отлақлы-батпақлы, батпақлы-аллювиал топырақлардан ибарат.
М. А. Панковтың мағлыўматы бойынша дәрья даласы, қабатлы жерлерден ибарат болып, төменги жатқызықлар саз топырақлардан ибарат, Соғ ҳам Исфара дөгереги жеңил қумшаўыт топыраклардан ибарат. Топырақтың механикалық қурамы тереңлик жағдайға қарап ҳәр қыйлы болып келеди.
Х. М. Мирзожоновтың мағлыўматы бойынша бул жерлер эрозияға шыдамсыз болып, самал эрозиясына көп ушырайды. Ал таў алды жерлерде суў эрозиясы кең раўажланған.
Ферғананың арқа тарепинде аш түсли боз топырақлар жайласқан. Алмас, Густ, Қуруқ, Кукибай, Касансай, Наманган, Норин, Қарадәрья тәреплеринде қоңыр-сары реңли топырақлар жайласқан.
Ашық-аш түсли топырақлар Норин дәрьясының қаптал бетлеринде үлкен майданды ийелейди. Усының менен бир қатарда Исфара, Қубасай, Соғ дәрьяларының бойларында кең майданды ийелейди.
Суўғарылатуғын тийкарғы аш түсли боз топырақлар Ферғана регионының көп майданын қаплаған жерлер болып есапланады.
Ферғана регионы Орайлық Азияның тийкарғы пахташылық зонасы. Сүрилип егилетуғын жерлер майданы 1,5 млн гектар. Бул жерлерди суўғарыў ушын Норин, Қарадәрья, Сырдәрья ҳәмде Қарадәрьяның Шатқал, Ферғана, Алай, Түркистан таў дизбеклеринен ағып өтиўши көп санлы суў тармақлары жәрдеминде суўғарылады. Олардан ең үлкенлери Патша-ата, Касансай. Қувасай, Шортақсай, қубласында Қараүнгир, Ақбура, Арабан, Исбайран ,Соғ, Исфара, Хожабақырған болып есапланады. Олардың жыллық суў муғдары 8 км3 болып ҳәммесин суўғарыў ушын пайдаланылады.
Норин бул регионда ең мол суўлы дәрья болып Орайлық Тянь-Чан таўынан пайда болады. Жыллық орташа суў сарыпланыўы 417 м3/сек.
1939-жылы Усман Юсупов атындағы Ферғана каналы қазылды. Узынлығы 270 км болып Наманган, Андижан ҳәм Ферғана ўәлаятлары жерлерин суўғарыўға пайдаланылады. Тар ҳәм Қара сайлардың биригиўи менен Қарадәрья пайда болды. Бул дәрья Ферғана регионның 450 мың/га жерин суў менен тәминлейди. Дәрья ағысын тәртипке салыў ушын 1,8 км3 суў муғдарына ийе Андижан суў сақлағышы қурылған.
Қарадәрья, Майлысай, Қараүнгир, Кугарт, Ақбура арналарына бөлинеди. Бул дәрьядан Қырғызыстан мәмлекетинде пахташылықты раўажландырыўға пайдаланылады.
Презентация: Ферғана регионы картасы, Наманган, Ферғана, Андижан ўәлаятларының жайласыўы, суўгарыў дереги, топырағы, дийханшлығы, экологиясы ҳәм тағы басқа факторлар көрсетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |