Басқарыў субъекти ҳәм объектиниң өз-ара тәсири



Download 35,5 Kb.
Sana23.02.2022
Hajmi35,5 Kb.
#135326
Bog'liq
Басқарыў субъекти ҳәм объектиниң өз


Басқарыў субъекти ҳәм объектиниң өз-ара тәсири

Адамлардың бирге ислесиўи олар арасындағы контактлар ҳәм керекли мағлыўмат пенен алмасыўды аңлатады. Тек ғана усы тийкарда шөлкемге бириккен адамлар өз мақсетлерине ерисе алады. Ҳәр қандай шөлкем, соның ишинде киши топар дәрежесиндеги, шәртли түрде ағзалары арасында мағлыўмат алмасыўды тәмийинлеўши өзиниң коммуникация (байланыс) системасына ийе.


Қәлеген коммуникацияны әмелге асырыў ушын ең кеминде еки адам керек – мағлыўматты жөнетиўши (коммуникатор) ҳәм оны алыўшы (коммуникант ямаса реципиент). Қәлеген мийнет жәмәәтин басқарыў бойынша ҳәр қандай жумыс – бул турақлы коммуникациялық ҳәрекетлер болып, олардың қатнасыўшылары – жәмәәт ағзалары екенлигин атап өтемиз.
Заманагөй өндирислик жәмәәттиң тийкарғы функцияларына муўапық ондағы әмелге асырылатуғын коммуникациялардың төмендеги тийкарғы мақсетлерин атап өтиўимизге болады:
1) өндирислик ямаса жәмийетлик-сиясий салада жәмәәттиң рәсмий мәселелерин шешиў;
2) оның ағзаларының социаллық талапларын қанаатландырыў (мүнәсибетте, байланысыўда, мағлыўмат алмасыўда ҳәм т.б.).
Шөлкемдеги коммуникацияны үйрениўде әдетте К.Шеннон моделинен келип шығады, оған муўапық төмендеги тийкарғы коммуникациялық шынжыр элементлерин ажыратып алыўымызға болады:
1) мағлыўмат дереги;
2) жөнелткиш;
3) қабыллағыш;
4) мағлыўмат алыўшы.
Шөлкемлерде пайдаланылатуғын тийкарғы коммуникациялық шынжыр элементлерин көрип шығамыз.
Мағлыўмат дереги дегенде белгили бир шөлкемлескен пүтинликти қураўшы ҳәм анаў ямаса мынаў мағлыўматқа ийе шахс ямаса шахслар топары түсиниледи. Бул мағлыўматларды қандай да бир белгилер системасы тийкарында мағлыўмат жөнетиўши (коммуникатор) кодлайды ҳәм хабарды оннан ары тийисли шахсқа ямаса шахслар топарына жеткерип береди. Гейде мағлыўмат жөнелтиўши сол ўақыттың өзинде оның дереги бола алады, бирақ оларды толығы менен бирдей деўге болмайды.
Мағлыўматларды анаў ямаса мынаў сигналларға өзгертиў мағлыўмат жөнетиўши тәрепинен жөнелткиш арқалы әмелге асырылып, оның ролин биологиялық органлар (мәселен, сес перделери) ямаса техникалық үскенелер (мысалы, автомат электр таблосы) атқарыўы мүмкин.
Бул сигналлар қабыллағышларға жетип келип, ол да жөнеткиш сыяқлы биологиялық орган ямаса келген хабарды кодтан шығарыўшы функцияға ийе техникалық үскене болып табылады.
Коммуникациялық шынжырды мағлыўмат қабыллаўшы (реципиент) жабады – бул өз жумысында алынған хабарларды есапқа алыўшы шахс ямаса шахслар топары.
Ҳәр бир коммуникатордың ушырататуғын ең дәслепки машқалаларынан бири – бул реципиенттиң дыққатын жиберилетуғын хабарға қаратыў зәрүрлиги. Мағлыўматты алыўшының дыққатын услап турыўшы коммуникацияның еки айқын минезлемесин атап өтиўге болады. Булар хабардың жаңалығы ҳәм әҳмийетлилиги. Солай етип, коммуникатор мағлыўмат адресаты ийе болған хабарлар шеңбери ҳәм оның қәдирият бағдарларының иерархиясы ҳаққында анық түсиникке ийе болыўы керек.
Алынған экспериментал мағлыўматлар тийкарында төмендеги басшылар типин ажыратамыз:
А типи. Басшы көбинше қол астындағылар менен мүнәсибетке бағдарланады. Ол жумысшылар өз пикирин айтыўы керек, олардың ис жүзиндеги усыныслары менен жеке илтимасларына қулақ салыў, олардың кейпиятын есапқа алыў зәрүр деп есаплайды. Алынған «көтерилиўши» мағлыўматты басшы өз жумысында пайдаланыўға урынады.
Б типи. Басшы қол астындағылар менен мүнәсибетке бағдарланған болғаны менен алынған «көтерилиўши» мағлыўматты есапқа алыўға онша урынбайды. Ол жумысшылар өз пикирин айтыўы керек ҳәм оларды ақырына шекем тыңлаў зәрүр деп санаса да, лекин өз жумысында «төменги» мағлыўматты нәтийжели пайдалана алмайды ямаса пайдалана билмейди.
В типи. Басшы қол астындағылар менен мүнәсибетке тек өз түсинигиндеги «мақсетке муўапықлығы» шеңберинде бағдарланады. Ол жумысшылар өз пикирин айтыўы керек, олардың усыныслары менен илтимасларына қулақ салыў, олардың кейпиятын есапқа алыў зәрүр деп есаплайды, бирақ тек ғана буны «жумысқа жәрдем береди» деп есаплаған жағдайда. Бундай исеним болмаса басшы өз қол астындағылар менен мүнәсибетке кириспейди, ҳәтте олар оған мүрәжат етсе де. Солай етип, басшы «көтерилиўши» мағлыўматты аңлы түрде шеклейди ҳәм оның «мақсетке муўапықлығына» бағдарланады.
Г типи. Басшы қол астындағылар менен мүнәсибетке улыўма бағдарланбайды. Ол жумысшылар өз пикирин айтыўы керек, олардың усыныслары менен илтимасларына қулақ салыў, олардың кейпиятын есапқа алыў зәрүр деп есапламайды. «Көтерилиўши» мағлыўмат жийи жағдайда жумысшылар интасы менен келип түседи, басшы оларды есапқа алыўға көп ўақыт жумсамайды.
Басшылардың жумыстан қанаатланыўшылық дәрежеси олардың берген баҳасына байланыслы:
1) жоқары лаўазымлы басшылардан алынатуғын мағлыўматтың муғдарына;
2) жоқары лаўазымлы басшылардың олардың өндирислик машқалаларын қаншелли дәрежеде түсиниўине.
Улыўма алғанда басшылардың өз жумысынан қанаатланыўшылығы «төменнен» келген мағлыўматларға қарағанда «жоқарыдан» келген мағлыўматлар менен көбирек байланыслы.
Басқарыў субъекти ҳәм объектиниң өз-ара тәсир етиў нәтийжелилиги олардың бир-бирин қандай дәрежеде адекват түсиниўинен ғәрезли. А.А.Бодалев басшылығында өткерилген жумыслардың көрсетиўинше, адамлардың өз-ара тәсир етисиўи характери ҳәм олардың атқарып атырған арнаўлы роллери адамның адамды таныўын келтирип шығаратуғын ең әҳмийетли факторлар қатарына киреди. Бунда ҳәр бир өз-ара тәсир етисип атырған шахслар ушын биринши гезекте бирге ислесиўдиң мақсетлерине жетисиў ушын өз жумысы бойынша шеригиндеги ең зәрүрли болған сыртқы көринис ҳәм минез-қулық компонентлери әҳмийетли болады. Өндирислик жәмәәт ағзалары сыпатындағы басқарыў субъекти ҳәм объекти арасындағы контактлер шахслар аралық перцепция процесслери арқалы жүргизиледи.
Download 35,5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish