Оғуз топары
Түркий тиллердиң оғуз топарына ески тиллерден X-XI әсирлердеги оғузлардың тили, печенег тили, селжуклердиң тили, ески осман тили, ҳәзирги тиллерден азербайжан, гагауз, түрк, түркмен, трухмен тиллери, қырым татар тилиниң қубла диалекти киреди.
1. А з е р б а й ж а н т и л и – Азербайжан ҳәм Армения Республикаларында, Иранның арқа тәрепинде жасайтуғын азербайжанлардың миллий тили.
Азербайжанлар ҳәр қыйлы этникалық топарларға бөлинеди: қарапапақлар, терекемелер, шахсевенлер, қарадағлар, афшарлар, қаджарлар, қашқайлар ҳәм т.б.
Азербайжан улыўма халықлық сөйлеў тилиниң биринши жазба естелиги IX әсирде жазылған «Қорқут ата китабы» болып табылады. Азербайжанлар бир неше жыллар даўамында араб жазыўын пайдаланған, оннан кейин 1926–1939-жылларда латын жазыўын қолланған, ал, 1939-жылдан баслап рус графикасы негизиндеги алфавитти қабыллаған.
2. Г а г а у з т и л и – Молдавияның қубла районларында (Комрат, Чадыр-Лунг, Вулканешт) ҳәм Украинада (Одесса ҳәм Запорожье областьлары) жасайтуғын гагаузлардың сөйлеў ҳәм жазба тили. Гагаузлардың айырым топарлары Қазақстан ҳәм Өзбекстанда (бул жерлерге гагаузлар XX әсирдиң басында келген) жасайды.
Тарийхый-этнографиялық изертлеўлерге қарағанда, гагаузлар Балкан ярым атаўында жасаған көшпели түркий қәўимлердиң (печенеглердиң, узлардың, куманлардың) әўладлары болып есапланады. Гагаузлар халық сыпатында орта әсирлерде ҳәзирги Болгарияның арқа-шығыс бөлегинде (Добруджа) қәлиплескен.
Гагауз тили Балкан түрклериниң говорларына, әсиресе түрк тилиниң делиорман (Дели-Орман-Болгария) диалектине жүдә жақын.
Гагаузлар 1957-жылдан баслап рус графикасына тийкарланған өзиниң миллий жазыўына ийе болды. Жазыўдың енгизилиўи гагауз халқы ушын үлкен мәдений-тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя болып, ол гагаузлардың тили, әдебияты ҳәм мәдениятының және де раўажланыўына себепши болды. Гагауз тилинде газеталар, аўызеки халық дөретпелери басылып шыға баслады, басланғыш мектеплер ушын сабақлықлар дүзилди ҳәм т.б.
3. Т ү р к т и л и – Түркия Республикасының мәмлекетлик тили. Түрклердиң тили 1923-жылға шекем, яғный Түркия Республикасы болып қабыл етилгенге шекем илимий әдебиятларда түрк-татар, осман ямаса османлы түрк деп аталған.
Түрк тили – ең көп изертленген тил. Оның грамматикасын изертлеў XVI әсирден-ақ басланған. Киши Азия түрклери ямаса Анатолия түрклери тилиниң биринши жазба естеликлери XIII әсирде жазылған. Соңынан Анатолия түрклери тилиниң тийкарында о с м а н л ы т ү р к тили пайда болған. Османлы түрк әдебий тили XV-XVI әсирлер аралығында қәлиплескен.
Түрк әдебий тилиниң нормасы 1930-жыллардан баслап қәлиплесип баслаған. Түрклер 1930-жылға дейин араб алфавитин пайдаланған, оннан кейин латын графикасына өткен.
4. Т ү р к м е н т и л и XIV-XV әсирлерде түркмен халқының қәлиплесиўи менен бирге пайда болған ҳәм қәлиплескен. XVIII-XIX әсирлерде ол әдебий формаға ийе болған.
Түркмен тили - көп диалектли тил. Онда 30 дан аслам диалект ҳәм говор болып, олардың көпшилиги монографиялық жол менен изертленди. Түркмен әдебий тили теке диалектиниң тийкарында қәлиплескен. Деген менен, әдебий тилдиң қәлиплесиўинде басқа диалектлер де қатнасқан.
Түркмен тилин изертлеў тарийхы XIX әсирдиң орталарынан басланған. Түркмен тилин биринши изертлеген рус шығыстаныўшысы И.Н.Березин болды. Ол Жақын Шығыс бойлап үш жыллық саяхаты ўақтында Иран Каспийи түркменлериниң тили бойынша изертлеў жүргизген. Түркмен тили бойынша илимий тийкарда жазылған биринши оқыў қолланбасы Иван Александрович Беляевқа тийисли: «Русско-туркменский словарь» (Асхабад, 1913) ҳәм «Грамматика туркменского языка» (Асхабад, 1915). Түркмен тил билиминиң тийкарғы мәселелерин кеңнен ҳәм ҳәр тәреплеме изертлеў XX әсирдиң 20-жыллары басланды. Түркмен тили ҳәм әдебиятын илимий жақтан изертлеген А.Н.Самойлович болды.
Түркменлер дәслеп араб, соңынан латын жазыўларын пайдаланған, 1940-жылдан кейин рус графикасына өткен, 1994-жылдан баслап латын графикасына тийкарланған алфавитти пайдаланып келмекте.
5. Т р у х м е н т и л и – Арқа Кавказда Ставрополь үлкесиниң шығыс ҳәм арқа-шығыс районларында жасаўшы трухменлердиң тили. Түркменлер Ставропольге XVII әсирдиң басларында келген.
Трухменлердиң тили ҳаққында толық мағлыўматларды А.Н.Самойловичтен көриўге болады: «Наречия ногайцев и туркменов Ставропольской губернии» (1912), « Среди ставропольских туркмен и ногайцев и у крымских татар». Трухмен тили бойынша Н.А.Баскаковтың арнаўлы мийнетинде де изертленген: «Об особенностях говора северокавказских туркменов (трухменов)». //Языки Северного Кавказа и Дагестана. М.-Л., 1949.
Do'stlaringiz bilan baham: |