I БӨЛИМ. ТҮРКИЙ ТИЛЛЕРДИҢ ИЗЕРТЛЕНИЎ ТАРИЙХЫ
Жоба:
1. Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат ат-турк» мийнети.
2. Махмуд аз-Замахшарийдиң «Муқаддимат ал-адаб» мийнети.
3. «Китаб маджмуа таржуман турки уа аджами уа моғоли уа фарси».
4. Абу Хаййанның «Китаб ал-идрак ли-лисан ал-атрак» мийнети.
5. Ибн Муханнаның «Хилийат ул-лисан уа халибат ул-байан» мийнети.
6. Жамал ад-Дин ат-Түркийдиң «Китабу булгат ал-муштак фи-л-луғат ат-турк вал-кыфчак» мийнети.
7. «Ал-каванин ул-куллийа ли дабт ил-луғат ат-туркийа».
8. «Китаб ат-тухфа аз-закийа фи-л-луғат ат-туркийа».
9. «Кодекс куманикус».
10. Әлийшер Наўайының «Мухакамат ул-луғатайн» трактаты.
11. Түркий тиллердиң Россияда изертлениўи (XVIII–XIX әсирлер).
12. XX әсирдеги тюркология.
Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат ат-турк» мийнети
Түркий қәўимлердиң тиллери туўралы ең дәслепки илимий пикир XI әсирде жасаған тюрколог-энциклопедист Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат ат-түрк» атлы мийнетинде айтылған.
Маҳмуд Қашғарий (толық исми – Махмуд ибн ал-Хусайн ибн Мухаммед) түркий тил билими тарийхында салмақлы орынды ийелейди. Оның «Дивану луғат ат-түрк» (Түркий тиллердиң сөзлиги) шығармасы тек сол дәўир ушын ғана үлкен ўақыя болып қалмай, ҳәзирги тюркология ушын да өзиниң баҳасын сақлап келмекте.
Махмуд Қашғарийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар жүдә аз. Айырым дереклер бойынша, Махмуд Қашғарий 1029–1038-жыллар аралығында Қашғарда туўылған.
Соңғы изертлеўлерге қарағанда, Махмуд Қашғарий өзиниң «Дивану луғат ат-түрк» атлы белгили мийнетин 1072–1079-жыллар аралығында жазып тамамлаған. Бул мийнеттиң бизге көширилген жалғыз нусқасы келип жеткен. Оны иранлы Мухаммед ибн Абу-Бакр ибн Абул Фатх ас-Савий (ямаса ад-Димашки) Махмуд Қашғарийдиң өз қолы менен араб тилинде жазылған түп нусқадан 1266-жылы 1-августта көширип алған. Бул көширме ҳәзирги ўақытта Стамбулдағы Миллий китапханада сақланады. Бул көширмени 1914-жылы түрк илимпазы Али Әмири (1857–1924) Стамбулдағы гөне китаплар базарынан сатып алған ҳәм оның тапсырмасы бойынша тәртипке келтирилген, соңынан 1915–1917-жыллары Стамбулда араб тилинде үш том болып Килисли Ахмет Рифат (Бильге, 1876–1953) тәрепинен типографиялық усылда басылған. Усы басылым арқалы Махмуд Қашғарийдиң «Дивану луғат ат-түрк» мийнети тюркологларға кеңнен белгили болды.
Немец илимпазы Карл Броккельман (1868–1956) бул мийнетти немец тилине аўдарып, оны 1928-жылы Венгрияда баспадан шығарды. Соңынан түрк илимпазы Бесим Аталайдың (1882–1965) түрк тилине аўдармасы, кейин ала Салих Муталлибов (1900–1986) тәрепинен өзбек тилиндеги аўдармасы басылды: Маҳмуд Қашғарий. Девону луғотит турк. Тошкент, I том, 1960; II том, 1961; III том, 1963. «Диван» уйғур тилине де аўдарылып, жарық көрди: Мәhмут Қәшқәрий. Туркий тиллер дивани. Урумчи, т.1, 1981; т 2, 1983; т 3, 1984.
Махмуд Қашғарийдиң мийнетинде белгили бир қәўимге тән сөзлер; түркий қәўимлердиң мәкан-қоңыслары туўралы мағлыўматлар; түркий тиллердиң классификациясы; түркий тиллердиң тарийхый фонетикасы ҳәм грамматикасы бойынша мағлыўматлар; түркий халықлардың тарийхы, географиясы, этнографиясы, поэзиясы ҳәм фольклоры бойынша мағлыўматлар; түркий халықлардың ең ески картасы берилген. Бул материалларды ол ел аралап жүрип жыйнаған ҳәм былай жазған: «Мен түрклер, түркменлер, оғузлар, чығыллар, яғмалар, қырғызлардың қалаларын, аўыл ҳәм жайлаўларын көп жыллар гезип шықтым, сөзликлерин топладым, ҳәр түрли сөз өзгешеликлерин үйренип анықлап шықтым. Мен бул ислерди тил билмегенлигим ушын емес, ал бул тиллердеги ҳәр бир кишкене парықларды да анықлаў ушын иследим».
Do'stlaringiz bilan baham: |