9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


Мақсетли аудиторияны анықлаў



Download 0,82 Mb.
bet67/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

Мақсетли аудиторияны анықлаў
ҳәм таллаў жасаў




Рекламаның мақсетин анықлаў




Реклама бюджетин и слеп шығыў




Реклама тарқатыў қурылмаларын таңлаў




Реклама мүрәжәәтиниң идеясын анықлаў




Реклама текстин таярлаў




Реклама компаниясы параметрлерин таңлаў




Рекламаның өнимдарлығын баҳалаў



40 - сызылма. Рекламаны иске ендириў басқышлары
Рекламаны шөлкемлестириўдеги тийкарғы процесслеринен бири реклама бюджетин ислеп шығыў саналады. Реклама бюджетин ислеп шығыў реклама компаниясының мақсетлери, кәрxананың финаслық имканиятлары, конкурентлердиң реклама қәрежетлери, тармақдағы улыўма қәрежетлер ҳ.т.б. есапқа алыўға тийкарланған түрли түрдеги қатнас жасаўларды қолланыў менен әмелге асырылады. Реклама бюджетин есаплап шығыўдың бир неше түрдеги усыллары бар. Олар тийкарынан төменднгилер саналады: “бар болған қаржылардан бир бөлегин ажыратыў”, “сатылған товарлар суммасынан процентлер ажыратыў”, конкурентли паритет, мақсет ҳәм ўазыйпалардан келип шыққан түрде есап-китап етиў усылы.
Соныда атап өтиў тийис, реклама қәрежетлери қайсы усыл менен есаплап шығылғанлығына қарамастан, бул қәрежетлер тутыныўшы тәрепинен товарға төленип атырған баҳада өзиниң сәўлелениўин табады.
Ҳәр бир шөлкем бир ўақыттың өзинде ҳәр түрли сыртқы орталық шәраятында хызмет көрсетеди. Сол себепли реклама қәрежетлерин есап -китап еткенде кәрxана хызметин көрсетип атырған экономикалық, сиясий, социаллық ҳ.т.б. шәраятлар есапқа алыныўы керек.
Реклама ислерин шөлкемлестириўдеги кейинги қәдем - бул реклама тарқатыў қуралларын таңлаўдан ибарат. Тәбийий, реклама тарқатыў қуралларын таңлағаннан соң, реклама xабарларының мазмуны ҳәм түрлерин анықлаўға ҳәрекет етиледи.
Соңғы рекламаны ислеп шығыў процессинде реклама мүрәжәәтиниң идеяси ислеп шығылады. Жақсы таңланған идея реклама мүрәжәәтине қосымша мазмун береди. Бул болса рекламаны тез еслеп қалыў ҳәм оған қызығыўшылық оятыў имканиятын туўдырады.
Бундан кейин болса реклама мүрәжәәти ислеп шығылады, яғный реклама тексти таярланади. Реклама xабарлары, дәслеп, тутыныўшының дыққаты тартыўы ҳәм қызықтыра алатуғын болыўы керек. Егер рекламаның мазмуны тутыныўшының қарасларына, турмыс тәжирийбесине, толыў имканиятларына сәйкес келсе ғана рекламаға қызығыўшылық ҳәм исеним күшейеди.
Реклама ислерин шөлкемлестириўдиң кейинги басқышы реклама компаниясы параметрларын таңлаўдан ибарат. Бул жерде реклама мақсетли базарда қаншама сандағы потенциал қарыйдарлардың итибарына усыныс (ҳавола) етилиўи ҳәм реклама мағлыўматлары суткада неше мәрте эфирде берилиўи сыяқлы мәселелер анықланады.
Рекламаны жобаластырыўдың соңғы басқышы рекламаның өнимдарлығын баҳалаўдан ибарат.
Реклама бир неше белгилери бойынша топарларға бөлинеди.
Реклама қандай территорияны қамрап алганлығына яғный, географиялық белгисине қарап шет ел, улыўма миллий, регионал ҳәм жергиликли рекламаларға бөлинеди.
Қолланылып атырған теxникалық қуралларға қарап реклама төмендеги түрлерге бөлинеди: витрина - көргизбели, матбуотдаги реклама, басма реклама, аудиовизуал, радио ҳәм телереклама.
Мақсетке қарап реклама қарыйдарлардың бир пүтин топламына ҳәм халықтың белгили бир топарларына қаратылған болыўыдам мүмкин. Егер реклама пайда алыўға қаратылған болса, бундай реклама коммерциялық реклама деп, егер пайда алыўға қаратылмаған, бәлким жәмәәтшиликке қаратылған болса, коммерциялық болмаған реклама деп аталады
Рекламалар мақсетли аудиторияға қандай тәсир көрсетиўине қарап шәртли рәўиште информация бериўши, қўзғатувчи ҳәм еслетиўши рекламалар деп де топарларға ажыратылыўы мүмкин.
Бизге белгили, бүгинги күнде ҳәр қандай кәрxананың раўажланыўын компьютерлестириўсиз тасаввур етиў қыйын. Сол себепли бүгинги күнде компьютерлестирилген реклама ҳәм реклама қураллары сыпатында қолланылмақда деп атыў мүмкин. Шет ел экспертлериниң пикири бойынша, жақын келешекте компьютерлестирилген рекламаның басқа рекламалардан алдынға илгерлеп кетиўи гүзетилмекте. Бул рекламаның негизги барлығы ҳәм әҳмийети соннан ибарат, реклама бериўши кәрxана белгили бир төлем есабына компьютерлестирилген реклама информацияларының дереклерине, яғный қәнигелестирилген компьютер системаларының мағлыўматлар базасына өзиниң кәрxаналары ҳәм товарлары ҳаққындағы мағлыўматларды киритеди.
Жуўмақлап соны айтыўымыз мүмкин, республикамызда базар қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў шәраятында реклама тараўындағы тәжирийбелерди синчковлик пенен үйренип, творчестволық қатнас жасаў, олардан оқилона пайдаланыў ҳәр бир кәрxананың турақлылығын тәмийинлеўда әхмийетли қурал саналады.

Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish