9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


Брифинглар, пресс-конференциялар шөлкемлестириў



Download 0,82 Mb.
bet66/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

Брифинглар, пресс-конференциялар шөлкемлестириў

Презентациялар өткериў

Ҳәр түрли юбилейлерди өткериў

Оммавий информациялық қураллардан пайдаланыў

Айырым шаxс ҳәм шөлкемлердиң пайдасын гөзлеп мийрыс ҳәм сақаўат кешелерин өткериў

Фирмалардың рекламаға байланысы болмаған журнал ҳәм бюллетенлерин баспадан шығарыў

Кўнгилочар кешелерди уйымластырыў

Ўақытлы матбуотда кәрxаналардың коммерциялық хызметин сәўлелентирип бериў

Конкурент кәрxаналар менен танысыў

39 - сызылма. Жәмәәтшилик пенен болатуғын байланыслардың тийкарғы бағдарлары
Паблик рилейшнздиң баслы принциплери болып төмендегилер саналады:

  1. Информациялардың толық ҳәм xақыйқый болыўына ерисиў;

  2. Мағлыўматлардың әпиўайы ҳәм түсинерли болыўын тәмийинлеў;

  3. Қатнаслардың еки тәрепи ушында қызықлы болыўына ерисиў;

  4. Қатнасларда өзине бино қўймаслик, баҳасын көтермесликти тәмийинлеў;

  5. жәмәәтшилик пикирин билиў ушын ўақтын аямаслық;

  6. қатнасықлардың ҳәр бир басқышында исенимликке ерисиўи ҳ. т. б.

Паблик рилейшнзда тутыныўшыларға информацияларды жеткериў ушын түрли түрдеги информациялық қураллар ҳәм каналлларынан пайдаланылады. Төмендеги 39 - сызылмада олардың тийкарғылары көрсетилген.
Көплеген шөлкемлерде жәмәәтшилик пенен байланысларын шөлкемлестириў ушын жуўапкер шаxс белгиленеди. Усы жуўапкер шаxс жәмәәт (омма) пенен байланыслар дәстүрин ислеп шығады.

    1. Реклама ҳәм реклама қураллары

Жоқарыда келтирип өткенимиздей, реклама товарларды жылжытыўдың әҳмийетли элементлеринен бири саналады. “Реклама” сөзи латын тилинен алынған болып (“рeклaмaрe” - қышқырыў), ким ямаса не ҳаққында мағлыўматты тарқатыў, белгили бир затқа тутыныўшы ҳәм қарыйдарлардың пикирин тартыў мақсетинде әмелге асырылатуғын кешелерди аңлатады. Бизге белгили, фирмалардың базарда муваффақият пенен хызмет көрсетиўи ушын тек ғана сыпатлы товарларды ислеп шыгыў жетерли емес. Бәлким, бул бойынша тутыныўшыларды усы товарлардың тутыныў xоссалари ҳаққында ҳәр тәреплеме xабардар етип, өз товарларының тутыныўшылар аңында анық мавқени ийелеўге ерисиў әҳмийетли саналады. Оның ушын, биринши нәўбетте, кәрxаналар реклама қуралларынан унамлы пайдаланып билиўлери тийис.
Өзбекистон Республикасының 1998-жыл декабрь айында қабыл етилген “Реклама ҳаққында”ғы Нызамда келтирип өтилгендей “Реклама - ҳақыйқый ҳәм физикалық шаxслар ямаса өним ҳаққындағы тиккелей ямаса жанапай пайда алыў мақсетинде тарқатылатуғын арнаўлы информация”. Бул Нызамда көрсетилгениндей, реклама анық, ҳақыйқый ҳәм нызамларға қарсы болмаслығы керек. Сондай - ақ, пайдаланылып атырған реклама форма ҳәм қураллары тутыныўшыларға руўхый ҳәм материаллық зыян келтирмеслиги талап етиледи.
Демек, “Реклама ҳаққында”ғы Нызам рекламаны ислеп шығарыў ҳәм тарқатыў менен байланыслы болған қатнаслардың ҳуқықлы негизин жаратып береди. Оның тийкарғы мақсети товарлардың сыпаты, тутыныў қәсийетлери ҳ.т.б. тавсифлари ҳаққында анық болмаған, ҳақыйқый болмаған мағлыўматларды тарқатыўдың алдын алыў негизинде ҳуқықлы ҳәм физикалық шаxслардың, сондай - ақ тутыныўшылардың ҳақы ҳәм ҳуқықларын қорғаўдан ибарат.
Ҳалық аралық саўда палатасы тәрепинен 1987-жылда қабыл етилген Ҳалық аралық реклама Кодексында ҳәр қандай реклама мүрәжәәти әдеп –этика нормаларына сәйкес, ҳаққоний ҳәм исенимли болыўы көрсетип өтилген.
Көбинше реклама товарды сатады деген туўры болмаған жуўмаққа келеди. Себеби, реклама товарды сатпайды, бәлким потенциал қарыйдарларды таўып, талапты қанаатландырады. Мәселен, қарыйдар дүкәнға кирип излеген товарды таўады, бирақ товардың сыпаты, ассортименти ямаса баҳасы оны қанаатландырмағанлығы себепли товарды сатып алмастан дүкәннан шығып кетеди. Бул жерде қарыйдарға реклама тәсир көрсетеди ме? - деген сораў туўылады. Бул сораўға аўа, - деп ижобий жуўап бериў мүмкин. Реклама ушын ең тийкарғы ўазыйпа - бул потенциал қарыйдарды товар атылып атырған жерге, орынға келтириўден ибарат. Қарыйдардың дүкәнға келип, товар сатып алмастан шығып кетпеслиги ушын реклама товарды жылжытыўдың басқа методологиялары менен бирге қолланылыўы мақсетке муўапық. Ең тийкарғысы болса товардың сыпаты ҳәм эстетикалық қәсийетлери бойынша қарыйдар дидига сәйкес болыўы керек. Сол себепли рекламаның өнимдарлығын сатылған товарлар көлеми менен емес, бәлким потенциал қарыйдарлардың неше мәрте ташрифи ҳәм неше мәрте телефон арқалы мүрәжәәт еткенлиги сыяқлы көрсеткишлер негизинде баҳалаў дурыс саналады.
Рекламаның ўазыйпасы - xабар бериў, исентириў ҳәм еслетиўден ибарат. Соның өзи рекламаның товар сатылыўына тәсир көрсетиўинен дәлалат.
Рекламаны ислеп шығыў ҳәм шөлкемлестириў кәрxана пүтин хызметиниң бир бөлеги саналады. Сол себепли реклама ислерин шөлкемлестириў белгили бир тәртип ҳәм қагыйдаға бойсынады.
Төмендеги 40 - сызылмада рекламаны ислеп шығыў тәртиби келтирилди. Бул 40 - сызылма мағлыўматларынан көринип турипты, реклама ислери реклама кимге қаратылғанлығы, яғный мақсетли аудиторияны анықлаў ҳәм таллаў жасаў менен басланады. Соңынан рекламаның мақсети анықланады. Ҳәр бир реклама түри ушын оның өзине тән мақсетлери белгиленеди. Мәселен, жаңа товар реклама етилип атырған болса, онда рекламаның мақсети жаңа товар ҳаққындағы бирлемши мағлыўматты бериўге қаратылыўы, кейинги басқышы болса жаңа товардың жозибадор қәсийетлери бойынша қосымша информациялар бериўден ибарат болыўы керек ҳ.т.б.




Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish