Баҳа
Б2
Эластикли болмаған талап
Б1
Талап
0
Т2 Т1
а
Баҳа
Б21
Эластикли талап
Б11
0
Талап
Т21 Т11
б
35 - сызылма. Баҳа эластиклиги (қайишқоқлиги)
Кәрxанада баҳаның қәлиплесиў процессин шөлкемлестириў баҳаны белгилеўши шаxсларды ҳәм кәрxана ишиндеги бөлимлерин анықлаўды өз ишине алады. Тәбийий, ҳәр түрли шаxслар баҳаны белгилеўге түрлише қатнас жасайды. Мәселен, кәрxананың экономикалық хызмети бойынша кадрлар жоқары баҳа белгилеўге мойиллик билдирселер, маркетинг xызмети кадрлары баҳа белгилеўде болса көпине базар коньюнктурасына ҳәм тутыныўшылардың пикир - мулоҳазаларига әмел етиўине мақсетке муўапық санайды.
Баҳаға тәсир көрсетиўши сыртқы факторларға болса базардың түри, товардың баҳасы ҳәм қунының қатнасын тутыныўшылар тәрепинен баҳалаў, экономикалық орталық, мәмлекет басқарыўы ҳ.т.б. киреди. Соныда атап өтиўимиз тийис, ҳәр қандай жағдайда баҳаның дурыс ямаса надурыс екенлигин қарыйдар шешеди. Баҳаның талапқа байланысы баҳа эластиклиги (қайишқоқлиги) ийри сызығы менен түсинтириледи.
Баҳа эластиклиги (қайишқоқлиги) белгили бир базарда белгиленген ўақыт даўамында баҳаның ҳәр түрли дәрежесинде қаншама өним сатылыўын көрсетеди. Көпшилик жағдайларда баҳаның артыўы менен талап төменлейди.
Баҳа ҳәм оның өзгериўи нәтийжесинде жүзеге келген талап дәрежеси ортасындағы байланыс талап ийри сызығы менен тавсифланади. Берлиген 34 – сызылмада еки талап ийри сызықлары келтирилди. Бул келтирилген 34а, 34б - сызылмалардағы мағлыўматлардан көринип турыпты, талап ҳәм баҳа арасында кери пропорционал байланыс бар, яғный баҳа қаншама жоқары болса, талап соншама төмен болады ҳәм керисинше баҳа қаншама төмен болмаса, талап соншама жоқары болады.
Келтирилген 35а - сызылмада көрсетилгендей, баҳаны Б1 ден Б2 ге көтерсек, бул жағдайда талап Т1 ден Т2 ге өзгереди. Бунда баханың өзгериўи талаптың көп дәрежеде пасайишини вужудга келтирмайди. Усы себепли бундай талапты эластикли болмаған талап деп атайды. Керисинше, 35б - сызылмадағы мағлыўматларда көрсетилгендей баҳаның Б11 ден Б21 ге көтерилиўи, талаптың Т11 ден Т21 ге төменлеўин келтирип шығарады. Бунда баҳаның усы дәрежедеги өзгериўи талаптың кескин төменлеўин келтирип шығарғанлығы ушын талап эластикли саналады. Солай етип, талаптың баҳаға болған эластиклиги баҳа өзгериўине қарыйдардың сезгирлигин товарлар көлеми көз - қарасында анықланады. Талаптың баҳаға байланыслы болған жағдайдағы эластиклиги - бул товардың баҳасының бир процентке өзгериўи нәтийжесинде олардың сатыў көлеми өзгериўиниң процентте ифодаланишидир ҳәм ол төмендегише анықланады:
Егер базар бирдей мүтәәжликлерди қанаатландырыў қәбилиетине ийе болған көп санлы товар ҳәм xызметлер менен тойынған болса, талаптың баҳа эластиклиги бирден үлкен болады. Талап эластиклигин анықлаў негизинде сатыў көлемин арттырыў ушын баҳаларға қандай бағдарда тәсир етиўди, конкурент сатып атырған товар маркаларынан қайсы бири көп базар күшине ийе екенлигин билип алыў мүмкин болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |