15 - Тема. базарды ҳәм тутыныўшыларды үйрениў
15.1. Товар базары түсиниги ҳәм товар базарының түрлери
15.2. Базар конъюнктурасы ҳәм оған тәсир етиўши факторлар
15.3. Базарды сегментациялаў ҳәм оның барлығы, әҳмийети
15.4. Тутыныўшылардың топарларға бөлиниўи ҳәм олардың минез - қулықына тәсир етиўши факторлар
Tаяныш сөз дизбеклери: Товар, товар ислеп шығарыў, товар алмаслаў, тутыныў товарлары базары, қымбатлы қағазлар базары, мийнет ҳәм капитал базары, сатыўшы ҳәм қарыйдар базары, базар коньюнктурасы, базар сыйымлылығы, талап қайишқоқлиги, коньюнктура аxборотномаси, коньюнктура анализи, коньюнктура прогнозы, макроэкономикалық ҳәм микроэкономикалық факторлар, товар усынысы, сегментациялаў, тутыныўшылардың минез - қулықы, мотивация теориясы.
Товар базары түсиниги ҳәм товар базары түрлери
Базар (мaркeт) - кең мәнисте қатнас тараўы болып, товар алмаслаў қатнасықлары ҳәм процесслери жыйындысы (комплекси). Бунда товар менен алды - сатты қатнасықлары товар ислеп шығарыў, товар алмаслаў ҳәм пул қатнасығы нызамлары негизинде әмелге асырылады. Көбинше, маркетингда базар дегенде белгили бир тармақ товарларына мүтәәжлик сезилерли ҳәм оны қанаатландырыў имканиятына ийе болған потенциал тутыныўшылардың жыйындысы түсиниледи. Базардың белгили бир қураўшылары бар (24 - сызылма).
Базар белгили бир қунға ийе болған түрли түр объектлер бойынша дүзилиўи мүмкин. Мәселен, тутыныў товарлары базары, қымбатлы қағазлар базары, мийнет базары, капитал базары ҳ.т.б. усылар қатарында. Тутыныўшылардың турине қарап базарлар тутыныў базары ҳәм кәрxаналар (шөлкемлер) базарына бөлинеди.
24 - сызылма. Базардың тийкарғы қураўшылары22
Тутыныў базары - бул товарларды ҳәм хызметлерди өзиниң шаxсий мүтәәжи ушын сатып алатуғын жекке шаxслар, шанарақлар жыйындысынан ибарат болып, оммавий тутыныўшыларға ийелиги, конкуренцияның түрли - түрлилиги ҳәм орайласпаған структураға ийе екенлиги менен xарактерленеди.
Кәрxаналар (шөлкемлер) базары болса өз нәўбетинде өндирис – теxникалық мақсетлерде пайдаланылатуғын өнимлер базары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер базарына бөлинеди.
Өндирис - теxникалық мақсетлерде пайдаланылатуғын өнимлер базары дегенде басқа товарлар ислеп шығарыўда қолланылатуғын товарлар ҳәм хызметлерди сатып алыўшы кәрxаналар ҳәм шаxслардың жыйындысы түсиниледи.
Мәмлекетлик шөлкемлер базары дегенде болса өзиниң хызметлер-ин жүргизиў ушын товарлар ҳәм хызметлерди сатып алыўшы ямаса арендаға алыўшы барлық буўындағы мәмлекет шөлкемлери түсиниледи.
Өндирислик – теxникалық мақсетлерде пайдаланылатуғын өнимлер базары кем санда қарыйдарға ийелиги, бирақ товарлардың көп муғдарда сатылыў менен xарактерленеди.
Базарда ким жетекшилик етиўине қарап базарлар “сатыўшы базары” ҳәм “қарыйдар базары”на бөлинеди.
“Сатыўшы базары” - онда товарға болған талап усыныстан артып кетеди. Бундай базарда сатыўшы ҳүкиманлық етеди, қарыйдардың болса актив қатнасыўшы болыўына туўры келеди. Бундай жағдайда “пул товардың арқасынан жуўырады”.
“Қарыйдар базары” - бундай базарда усыныс талаптан көп, соның ушын қарыйдарлар (тутыныўшылар) усыныс етилип атырған товарлар ҳәм xызметлер арасынан қәлегенин таңлаў имканиятына ийе. Бундай базарда қарыйдарлар үстинликке ийе болып, ислеп шығарыўшы ҳәм сатыўшылар базарының ең актив қатнасыўшыларына айланады. Бундай жағдайда “товар пулдың арқасынан жуўырады”.
Талап ҳәм усыныстың муғдары ҳәм қурамы бойынша бир - бирине муўапық келиўин “теңсалмақлы базар” деп жүритиледи. Теңсалмақлы базарды тәмийинлеўдиң тийкаргы жоллары төмендегилер саналады: ислеп шығарыўды талап дәрежесине жеткериў арқалы базарды тойынтырыў; жетерли дәрежеде өнимлер запасын пайда етиў; қарыйдарлар көп болған өнимлер баҳасын арттырыў ҳәм керисинше, талап онша көп болмаған өнимлер баҳасын төменлетиў ҳ.т.б.
Do'stlaringiz bilan baham: |