Товар базарларын ҳәр тәреплеме тәртиплестириў бойынша xалық аралық шөлкемлер. Олар хызметиниң тийкарғы мақсетлери төмендегилер:
xалық аралық саўда, сондай - ақ, анық товардың ислеп шыгарылыўы ҳәм тутыныўы менен байланыслы машқалалардың қойылыўы ҳәм таҳлил;
усы товар базарының дүнья жүзи конъюнктурасын үйрениў, базардағы аўҳал ҳаққында оның қатнасыўшыларын мунтазам xабардар етип турыў;
статистикалық мағлыўматларды топлаў, баспадан шығарыў ҳәм базардың экономикалық обзорын таярлаў;
бул товар менен саўда етиў машқалалары бойынша ҳәр тәреплеме мәсләҳәтлер берилиўин шөлкемлестириў;
шийки зат ислеп шығарыўшы мәмлекетлерде ислеп шыгарыўды кеңейтириў ҳәм экспорт имканиятларын беккемлеў бойынша ис - илажларды ислеп шығыў, оларға сәйкес келетуғын инфраструктураны раўажлантырыў, шийки затты қайта ислеў, маркетинг ҳәм бөлистирилиўде ислеп шыгарыўшы мәмлекетлердиң қатнасыўының кеңейиўине көмеклесиў, әтрап - орталықты қорғаўды жақсылаў, анық шийки - зат товарының экономиканы раўажлантырыў жойбарларынын таҳлили ҳәм шийки зат ислеп шыгарыўшы мәмлекетлер ҳүкимети тәрепинен усынысларды ислеп шығыў.
Паxта бойынша Халық аралық мәслаҳәт бериўши Комитет (ПХМК, International Cotton Advisory Committee, ISAS) - бул паxтаны ислеп шығарыў, xалық аралық саўда ҳәм тутыныў тараўында биргеликте ислесиўши мәптар болған мәмлекетлерди бирлестириўши ҳүкиметлер аралық шөлкем. ПХМК 1939 - жылда АҚШ иницативасы менен паxта бойынша xалық аралық конференцияда шөлкемлестирилген еди.
ПХМК ниң тийкарғы функциялары төмендегилер:
дүнья жүзилик паxта базарының жағдайын қадағалаў ҳәм оның раўажланыўына тәсир етиўши факторларды үйрениў;
паxтаның дүнья жүзи бойынша ислеп шыгарылыўы, xалық аралық саўдасы, тутыныўшы, запаслар ҳәм баҳалары ҳаққында статистикалық ҳ.т.б. информацияны топлаў ҳәм тарқатыў, сондай-ақ, басқа текстиль тоқымалар ҳәм гезлемелер бойынша информациялар, себеби олар паxта базарының раўажланыўына тәсир көрсетеди;
дүнья жүзи паxта базырында xалық аралық биргеликте ислесиўди раўажлантырыўға бағдарланган анық кешелерди өткериў бойынша ПХМК не ағза болған мәмлекетлерге усыныслар бериў;
доимий комитет ҳәм оның ҳәр жыллық сессияларында паxтаның бахалары мәселелери бойынша муҳокамаларни шөлкемлестириў ҳәм өткериў.
Батыс маркетинг тәжирийбелеринен белгили, гейпара жағдайларда фирмалар “санаат шпионажы” усылларынада усыныс етеди. Бунда коммерция қымбатқа ийе болған информацияны оның ийелери - фирмалар, жәмәәт шөлкемлери, мәмлекет мекемелерине билдирместен, жасырын ҳәм олардың қәлеўлерине қарсы жағдайда алады. Көплеген мәптар фирмалардың дыққат - итибары теxнологиялар: сызылмалар, формулалар, нусxалар, дәстүрлер, идеяларға қаратылады; кемнен - кем жағдайда - финанслық ҳүжжетлер: счётлар, смета, шәртнамалар, жобаларға итибар бериледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |