13.3. Маркетингли информация дереклери
Бирлемши маркетингли информация, әдетте, арнаўлы излениўлердиң нәтийжеси (маҳсули) саналады. Екилемши информацияны алғанда болса массивтиң тийкарғы бөлегин фирмалар ҳаққындағы мағлыўматлар қурайды. Олар биринши нәўбетте төмендеги ўазыйпаларды шешиў ушын керек:
ең бәсекеге шыдамлы товарды ямаса xызметти анықлаў;
конкурент фирмалар, олардың стратегияларын анықлаў;
нейтрал фирмаларды анықлаў;
оптимал стратегияны ислеп шығыў.
Екилемши информацияның турақлы дереклери төмендегилер:
статистика идораларининг информациялық материаллары;
мәмлекет басқарыў органларының информациялық материаллары;
саўда палаталары, ассоциация, бирлеспелердиң информациялары;
xалық аралық шөлкемлер, банклардиң баспалары;
арнаўлы китап ҳәм журналлар;
периодлы баспа мағлыўматлары;
мағлыўмат бериўши әдебиятлар;
ири фирмалардың баспалары;
компьютер тармақларының ресурслары.
Қарыйдардың талабы ҳәм саўда конъюнктурасының раўажланыўы ҳаққындағы статистикалық информациялардың ең әҳмийетли дереклеринен бири әмелдеги статистика, буxгалтерия есабы ҳәм есаплардың мағлыўматлары саналады. Талапты үйренетуғын xызметлердиң шөлкемлестирилген бойсыныўшы ҳәм хызмет тараўына байланыслы жағдайда таллаў жасаў ушын бирлемши есап ҳәм есап мағлыўматлары ямаса мәмлекетлик статистикалық органлар ҳәм басқа ўәзирликлер, мекемелер тәрепинен ислеп шығылған жыйма (сводный) статистикалық көрсеткишлер ислетилиўи мүмкин.
Халықтың дәраматлары ҳәм қәрежетлери, xалық тутыныўының гейпара товарларын ислеп шығарыў, усақлап сатыў саўдасын, товарлардың келип түсиўин, товар айланысының улыўма көлемин, товардың қурамын, саўдадағы товар запаслары, усақлап сатыў баҳаларының өзгериўин характерлеўши көрсеткишлер системасы кең көлемде ислетилиўи мүмкин.
Көрсеткишлер системасы ишинде ең әҳмийетли товар айланысы ҳәм товар запаслары ҳаққындағы мағлыўматлар. Бул мағлыўматлардың таллаўлары талаптың ҳәм саўда конъюнктурасының раўажланыўындағы тийкарғы тенденцияларды анықлаў имканын береди. Олар негзинде, әдетте, товар топарлары бойынша әмелге асырылатуғын талаптың муғдары ҳәм ишки топар қурамы үйрениледи. Усақлап сатыў товар айланысы қурамы бойынша материаллар жүдә жоқары қымбатқа ийе ҳәм белгили бир дәўир ишинде оның қурамы өзгериўин үйрениўде таяныш болып есапланады. Олар, сондай - ақ, ассортимент бойынша сатылыўлар көлемине таллаў жасаўда тийкарғы роль атқарады. Товар айланысы қурамының таллаўы тутыныўшылар талабының қанаатландырылыўын ҳәм товарлар ассортименти қандай дәрежеде кеңейиўин анықлаўға жәрдем береди. Статистикалық есап мағлыўматларына қарағанда талаптың раўажланыўындағы тенденциялар, белгили бир топарлар бойынша оның қурамындағы сылжыўлар, мәўсимли тербелислер ҳ.т.б. ҳаққында да пикир жүргизиўи мүмкин.
Талапты үйрениў ушын халықтың саны ҳәм қурамы, жасы, жынысы ҳәм социаллық структурасындағы өзгерислерди характерлей-туғын демографиялық статистикадан пайдаланыў мүмкин. Талап ҳаққындағы информацияның әҳмийетли дереги шаңарақ бюджети бойынша статистикалық мағлыўматлар саналады. Бюджет таллаўларының материаллары түрли түрдеги социаллық топарлар ҳәм дәраматлары ҳәр түрли болған топарлардағы шаңарақлардың қарыйдарлар ҳәм тутыныўдың структурасы ҳаққында пикир жүргизиў имканын береди.
Талаптың раўажланыў келешеклерин баҳалаў ҳәм оның товар усынысы менен теңсалмақлылығына таллаў жасаў ушын xалық тутыныў товарларын ислеп шығыў материаллары ҳәм рационал тутыныўдың илимий тийкарланған нормаларынан пайдаланады.
Буxгалтериялық есап (отчет) талапты үйрениўде информация сыпатында толығы менен ислетилмейди. Инвентаризация материаллары реализация етилген ҳәм қәлиплесип атырған талапты таллаў жасаўда, товар запаслары нормаларында, товарларды алып келиў бойынша шәртнамаларды туўрылаўда нәтийжели қолланылыўы мүмкин.
Периодлы баспа, экономикалық ҳәм исбилерменлик бағдардағы журнал ҳәм газеталар жәрдеминде фирмалар ҳәм тармақлар хызмети көплеген мағлыўматларды бериўи мүмкин. Мәселен, xалық аралық критериялар бойынша ең жиддий мағлыўматлар ҳәр жылы Американың «Фoртунe» журналында жыйма (сводный) кестелер көринисинде 500 америкалық ҳәм 500 америкалық болмаған фирмалар бойынша баспадан шыққан. Фирмалар сатылыўлар көлеми бойынша қайсы мәмлекет ҳәм тараўға тийисли екенлигин көрсеткен түрде терип шығады (ранжирлаш). Усы жердиң өзинде айланыслар (оборотлар), активлер, пайда, кадрлар саны ҳаққындағы мағлыўматлар келтириледи.
Қатар газеталар экономикалық машқалаларға бағышланған рубрикаларда фирмалардың жыллық есаплары (отчет) менен бир қатарда айырым өнимлери түрлериниң шығарылыўлары ҳаққында материаллар, экспорт питимлери, акцияларды сатып алыў, фирмалардың қосылыўы ҳәм тамамланыўы ҳаққындағы материалларды баспа етеди. Айырым баспалар ямаса экономикалық журналлар ҳәм газеталарға қосымшалар көринисинде баспадан шығарылатуғын информациялар әҳмийетли роль атқарады.
Өзбекистанда шығарылатуғын периодла баспалар ишинде “Пул, бозор, кредит”, “Ўзбекистоннинг иқтисодий Ахборотномаси” журналлари, “Солиқ ва божxона xабарлари”, “Банк Ахборотномаси” газеталарын, сондай - ақ, “Престиж”, “Оптовик” сыяқлы қосымшаларды ажыратып көрсетиўимиз мүмкин.
Телекоммуникациялық, солар қатарында, тармақлы xызметлер информация дереклериниң айырым топарына киреди. Фирмалар ҳаққындағы информация қәнигелескен мағлыўматлар банкы көринисинде бериледи. Дүнья жүзиниң көплеген мәмлекетлеринде бир қанша ўақыттан берли коммерциялық мақсетлерде дәстүрли өнимди ислеп шығыў ҳәм сатыўға қәнигелескен мәсләҳәт бериўши, баспа фирмалары тәрепинен жаратылған мағлыўматлар банклери (базалары) хызмет көрсетип келмекте.
Пайдаланыўшы информацияны мағлыўматлар базасынан оны модем арқалы жеткерип бериў жолы менен, сондай - ақ, компакт дискларда, факс арқалы, информациялық конференциялар ҳәм форумларда қатнасыў жолы менен алыў мүмкин.
Экономика, бизнес ҳәм маркетинг тараўында информацияларды топлаў, ислеў бериў ҳәм усыныс етиўге қәнигелескен америкалық «Дун&Дрaдстрeeт» корпорациясы дүньядағы ең үлкен мағлыўматлар базасына ийе. Мағлыўматлар базасының тийкарғы темалары: АҚШ компаниялары, олардың мәнзили, тараў коди, баланс актив ҳәм пассив элементлериниң талқини ҳаққындағы информация ҳәм мағлыўматлар, усы тараўдың орташаларына қарағанда финанслық көрсеткишлери, ҳәр бир тараўдың жетекши компаниялары бойынша xалық аралық электрон мағлыўматнама (90 мәмлекет бойынша 200 мыңнан артық мағлыўматлар), Американың 60% тен көби компаниялардың товарлары ҳәм хызметлери ҳаққында 8,5 млн. нан көп мағлыўматлар.
Россияның информациялық базаларын ислеп шығыўшылар арасында Исбилерменлик информациялық агентлиги (ИИА) көзге тасланады. Ол МДҲ ҳәм Балтика мәмлекетлери бойынша жетекши саналады. Ол ҳәр жылы 10 нан артық геоинформациялық базаларды жаңалайды ҳәм анықлайды, төрт тилде 350 атлы исбилерменлик мағлыўматнамаларын шығарады, информация көриклер - мағлыўматнамаларды ҳәм маркетинг излениўлерин өткереди. ИИА гине тийисли болған “Бизнес-карта” мағлыўматлар базасы ески СССР республикаларының 110 мың кәрxана, шөлкем ҳәм фирмалары бойыншада информацияға ийе.
Do'stlaringiz bilan baham: |