11.4. Коммуникация ҳәм коммуникациялық процесс
Коммуникация - бул адамлар арасындағы өз-ара информация алмасыў. Басшылар атқарып атырған барлық жумыслар информациялардың нәтийжели алмасыўын талап етеди. Жақсы жолға қойылған коммуникация жумыстың нәтийжелигин тәмийинлеўди. Сораўлар соны көрсетеди, 73% америкалық, 85% японлық, 63% англиялық басшылар, коммуникация, қойылған мақсетке ерисиў жолындағы баслы тосық деп есаплайды. Және бир басқа сораў бойынша 2000 түрли компанияның 250 мың кадры кәрxаналарда информация алмасыўын ең қыйын мәселеден бири деп биледи.
Улыўма ҳәр бир басшы 50 ден 90% ке шекем ўақытты коммуникацияға сарыплайды. Сол себепли, соны тастыйықлаў мүмкин, менеджер хызметиниң өнимдарлығы ең дәслеп коммуникацияның өнимдарлығына, яғный: адамлар менен жекеме - жекке сәўбет алып барыў қабилиети; телефонда сөйлесиў қәбилиети; рәсмий ҳүжжетлерди дүзиў ҳәм оқый алыў қәбилиети; мәжилислерде қатнасыў мәденияты сыяқлыларға байланыслы13.
Кәрxана (шөлкем) коммуникациясы - бул жүдә қурамалы, көп басқышлы система болып, өзиниң қурамына тек шөлкем ишиндеги, сондай - ақ оның сыртындағы информация алмасыўында алады (15 - сызылма).
Шөлкемлестирилген коммуникация
Сыртқы
Ишки
Горизонтал
Вертикал
Формал болмаған
Буўынлар аралық коммуникация
Басшы-бойсыныўшы
15 - сызылма. Шөлкемлестирилген коммуникацияның классификациялық сxемасы14
Шөлкем - бул мәмлекет қадағалаўы ҳәм басқарыўшы арасындағы объект болып, ол өзинен жоқары тийисли шөлкемлерге (макроэкономикалық ҳәм статистика министрлигине) түрли есаплар, мағлыўматлар, информациялар берип турады.
Сыртқы коммуникация - бул шөлкем менен сыртқы орталық арасындағы информация алмасыў. Сырттан келетуғын информациялар, соның менен бирге жоқары басқарыў органлары, ҳәкимият, министрлик коммитетлери, Министрлер Кабинети, Президент девони информациялары буған мысол болады.
Ишки коммуникация дегенде кәрxана ишиндеги бөлимлер арасындағы, кәрxана ишки хызметти жүргизиў ушын зәрүрли болған информация алмасыўы түсиниледи. Бул жерде басқарыў буўынлары (вертикал коммуникация) ҳәм буўынлар аралық (горизонтал коммуникация) информация алмасыўы әмелге асырылады.
Басшы ҳәм бойсыныўшы арасындағы коммуникация - бул шөлкемлерде ең көп ушырайтуғын информация алмасыўы. Формал болмаған коммуникация - бул басшы әтирапындағы шов-шувлар, басшының xызметинеде тийисли болмаған жеке (шаxсий) байланыслары, рәсмий болмаған каналлар менен информация алмасыўлары киреди. Бундай информация алмасыўы шегара көлеминде болыўы керек.
Коммуникациялық процесс - бул еки ҳәм оннанда артық адамлар арасындағы информация алмасыў процесси. Бул процессте төрт базалық элементлер қатнасады: Информацияны жибериўши; Информацияның өзи (xабар); байланыс каналы, яғный информацияны жеткерип бериў қурылмасы; информацияны қабыл етиўши.
Усы төрт элемент бир-бири менен биргеликте (ҳамоҳанг) сәйкес ислесе, информация өзиниң ўазыйпасын орынлайды. Информациялардың алмасыў процессинде ҳәр еки тәреп (жибериўши ҳәм қабыл етиўши) актив рол атқарыўы керек.
Коммуникациялық процесс 6 басқыш избе - излигинде орынланатуғын жумыслар жыйындысы (комплекси) сыпатында бериў мүмкин15:
1. Информацияны таңлаў ҳәм идеяны қалиплестириў. Бул басқышта информацияны қабыл етиўшиге қандай тапсырманы, қайсы идеяны бериў ҳаққында пикир жүритеди ҳәм оны қәлиплестиреди.
2. Информацияларды кодластырыў ҳәм информацияны (xабарды) қәлиплестириў. Бул жерде информацияны жибериўши өзиниң идеясын график ҳәм сызылмаларда, жазба аўазда ямаса сүўретлеўлерде кодластырады.
3. Байланыс етиў каналын таңлаў ҳәм информацияны (xабарды) жеткерип бериў. Кодластырыў менен бир қатарда информацияны жеткерип бериўши коммуникацияға муўапық рәўиште жеткерип бериў каналын таңлайды. Сондай каналлар түрине: почта, телефон, телефакс, электрон почта, компьютер шақапшасы ҳ.т.б. киреди.
4. Декодластырыў ҳәм информацияны қабыл етиў. Декодластырыў дегенде жеткерип берилетуғын xабарды, информацияны қабыл етиўши пикирине жеткерип бериў, белгилерде бериў түсиниледи. Егер бир тәрептен информацияны усыныс етсе, екинши тәрептен оны ҳеш қандай тосықсыз себепли, информация жеткерип берилгенге шекем жолында түрли шов-шувларга дус келип негизги барлығын, әҳмийетин жоғалтыўы мүмкин. Сол себепли кери байланыс бар.
5. Информацияны талқин етиў ҳәм жуўапты қәлиплестириў. Бул басқышта информация жеткерип бериўши менен информацияны қабыл етиўши өз орынларын алмасады. Информацияны қабыл етиўши алған информацияны талқин етеди ҳәм жуўапты қәлиплестиреди.
6. Жуўапты жеткерип бериў. Қәлиплестирилген жуўап таңлап алынған канал арқалы информацияны жеткерип бергенге қайтып береди ҳәм усы менен коммуникациялық процесс тамамланады. Ҳәзирги ўақытта ең әҳмийетли коммуникация қурылмасы сыпатында компьютерлер xызмет көрсетпекте. Олар жәрдеминде информация топланады, дәстүрлер дүзиледи, мағлыўматлар банки пайда етиледи (жаратылады, дүзиледи, ислеп шығылады). Компьютерлар тек өндиристи басқарыў ушын, бәлким экономиканың барлық тәреплери ушын жүдә зәрүрли.
Do'stlaringiz bilan baham: |