11.3. Басқарыў информацияларының классификацияланыўы (түрлениўи)
Басқарыў иформациялары жүдә түрли - түрде болғанлығы себепли бул басқарыў қарарларын ислеп шығыў ушын зәрүрли ҳәм жетерли информацияны таңлап алыў бир қанша қыйын. Барлық информациялардың өзине тән белгилерине қарап түрлерге ҳәм топарларға ажыратыў, яғный классификация етиў ямаса түрлерге бөлиў, бул қыйыншылықты шешиў ямаса азда болсада жеңиллетиўге белгили дәрежеде жәрдем береди. Классификациялаўда информациялық система ҳар тәреплеме әпиўайласады, сондай - ақ, оны топлаў, жеткерип бериў ҳәм түрлерге ажыратыў әпиўайласады, оның нәтийжесинде басшы кадрлар информация менен толық тәмийинленеди.
Информациялық системалар тизими
Әпиўайы система
Қурамалы система тизим
14 - сызылма. Информациялар системасы
Өндирис барлық ўақытта раўажланыўда болғанлығы себебпли информация түрлери, саны ҳәм колемиде көбейип барабереди. Сол себепли жоқарыда келтирилген классификацияны толық деп болмайды. Барлық басқарыў ўазыйпаларын комплексли шешиў ушын информациялар ҳәр бир басқарыў объектиниң өзине тән қәсийетлерин есапқа алып анық турленеди.
Әпиўайы система. Информация пайда болған орында тутыныў орнына келтириледи. Бундай информация телефон арқалы ямаса сигналлар қуралында келип түсиўи мүмкин. Бул түрдеги информациялық система төменги басқарыў басқышына туўры келеди. Жумыс орнынан устага берилген информация буған мысал болады. Бундай информацияға дерлик ислеў берилмейди.
Қурамалы система. Бул система өндирис ҳәм басқарыў қурамының қурамалылығы менен байланыслы. Бул жерде дәстлепки информация жүзеге келеди. Ислеў бериўде есаплаў теxникасынан кең пайдаланылады. Қурамалы информациялық системаның ҳәр турли дәрежеде меxанизацияластырыў түрлери томендегилерден ибарат:
Информацияларны толық өзлестириў дәўири. Бунда информация әпиўайы меxанизмлерден пайдаланылған түрде толығы менен қайта исленеди.
Аралас информациялық система. Бунда информацияны меxанизацияластырған ҳәм автоматластырылған қурылмалары жәрдеминде өзгартириўлерге ерисиледи. Бул система автоматластырылған қадағалаўды тәмийинлейди, гейде кәрxананың өндирислик хызмети үстинен әпиўайы басқарыў процессин әмелге асырады.
Информациялық - мағлыўматли система. Бунда көз бенен орынланатуғын қадағалаў ушын гейпара мағлыўматларды бериў менен шекленеди.
Баҳлаўшы информациялық система. Бул система автоматластырылған қадағалаў ҳәм басқарыўды тәмийинлейди. Кейинги еки система тийкарынан теxнологиялық процесслер ҳаққындағы информацияларды қайта ислеў ушын қолланылады.
Информациялар системасы - бул қурамалы система болып, өзиниң қурамына түрли ҳүжжетлерди, информациялық ағымды, байланыс каналларын, теxникалық қураллар ҳәм автоматик басқарыў системаларын алады. Бир пүтин информациялар системасы анық ҳәм турақлы ислеўи тийис.
Өндиристи басқарыў - бул творчестволық процесс, өзине тән болган бир исскуство (санъат). Ол басшының түрли - түрдеги жумыс усылларында сәўлеленеди. Бул усыллар болса басшыға усы тараўда өзиниң омилкор адамлардың пикирине түрли каналлар арқалы анықлаў ҳәм бул жақсы (ижобий) пикирлерден басқарыў процессинде пайдаланыў имканиятын береди. Ол өзиниң пикирлерин ҳәр бир адамның аңына жеткериў ушын белгили бир xислатларга ийе болыўы керек.
Басшының жазыўды билиўи - бул тек саўатлы жазып билиў емес, бәлким пикирин қысқа ҳәм равон, мәмлекет тилинде художественный бадиий, әпиўайы баян етиў деген. Басшылықта бул өзиниң қарарын бойсыныўшыға жеткериў методологиясы. Өндиристи басқарыўда жазыў мүмкин болған ҳәмме затты жазып қойыўы керек, деген қағыйда әмел етеди. Бул бойсыныўшыға жазылғанларға қарап өзиниң қатты ҳәрекетин анық тексерип барыў, басшыға болса қарардың орынланыўын қадағалап турыў имканиятын береди.
Басшы өзине информация таярлаўшы кадрлар мийнетин шөлкемлестирип билиўи, олардан омилкорлик пенен пайдаланыўы керек. Надурыс, төмен қунлы информация себепли жаман басқарыў қарары қабыл етиўден абайлы болыўы, ең әҳмийетли оған киятырған, яғный жиберилген информацияларды сортировкалап алыўы керек. Функционал xызмет кадрлары, жәрдемшилер, референтлер басшыға ең зәрүрли информацияларды тексерип бериўи мақсетке муўапық болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |