15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте 2014-2020 жылларда жумыс орынларының қысқарыўы нәтийжесинде



Download 0,79 Mb.
bet127/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   123   124   125   126   127   128   129   130   ...   198
Bog'liq
Miynet

7.2-кесте
2014-2020 жылларда жумыс орынларының қысқарыўы нәтийжесинде
жумыстан босаған хызметкерлер санының өзгериўи, мың адам

Көрсеткишлер

Жыллар

2015-2020 жылларда жәми

2015

2016

2017

2018

2019

2020




Жәми жумыстан босап шыққанлар

239,4

225,1

280,0

295,0

328,8

334,2

2014,7

Соннан:






















Фермер хожалықларына айландырылған ширкет хожалықларынан

131,7

86,6

169,1

117,2

98,3

92,1

823,4

Басқа тармақлардан

107,7

138,5

110,9

177,8

230,5

242,1

1191,3

Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары тийкарында таярланған.


Кестеде келтирилген статистикалық мағлыўматлардың көрсетиўинше, 2020 жылда республика бойынша рәсмий емес мийнет базарында экономикалық актив халықтың 13,5%и бир мәртелик ҳәм мәўсимли жумысларға тартылған болса, бул көрсеткиш анализ етилип атырған жылда регионларда ҳәр түрли болған. Бул жумыслар турақлы жумыс орны ўазыйпасын өтемесе де, халықтың белгили бөлими ушын дәрамат дереги болып хызмет етпекте. Бул көрсеткишти анализдиң салыстырма усылы арқалы көрип шығатуғын болсақ, санаатта жумыс пенен бәнт болғанлардың саны менен бир мәртелик ҳәм мәўсимли жумысларға тартылып атырған халықтың қатламы дерлик бирдей көрсеткиште сәўлеленбекте. Бирақ, мәселениң екинши тәрепи сонда, санаатта бәнт болған халықтың жумыс ағзаларынан дәрамат салығы ҳәм бюджеттен тысқары фондларға ажыратпаларды ажыратыў арқалы мәмлекет қазнасына үлес қоспақта. Бундай төлемлер болса, бир мәртелик жумыс пенен бәнт етиўден келип түспейди.


7.3-кесте
Өзбекстан Республикасы областлары бойынша бир мәртелик ҳәм мәўсимли жумысларды орынлайтуғын пуқаралар санының өзгериўи*
(мың адам)

Регионлар

2018 ж.

2019 ж.

2020 ж.

жәми

соннан ўақтыншалық

жәми

соннан ўақтыншалық

жәми

соннан ўақтыншалық

бир мәртелик жумыслар

мәў-симли жумыслар

бир мәртелик жумыслар

мәў-симли жумыслар

бир мәрте-лик жумыслар

мәў-симли жумыслар

Өзбекстан

1161,8

433,1

728,7

1183,7

445,8

737,9

1530,5

751,2

779,3

Қарақал-пақстан

90,4

51,9

38,5

90,5

52,5

38,0

79,0

44,1

34,9

Областлар:




























Андижан

110,6

42,7

67,9

110,9

44,0

66,9

154,6

68,0

86,6

Бухара

38,8

17,7

21,1

39,0

18,3

20,8

86,2

12,8

43,8

Жиззах

50,5

14,9

35,7

51,7

15,3

36,3

40,7

22,4

18,3

Қашқадәрья

146,4

45,0

101,4

151,2

46,5

104,8

101,0

50,2

50,9

Наўайы

38,9

12,9

26,0

38,9

13,3

25,6

36,5

17,5

18,9

Наманган

52,2

19,5

32,8

55,4

20,1

35,3

105,6

55,2

50,4

Самарқанд

94,8

43,9

50,9

103,4

45,3

58,1

242,0

15,9

126,1

Сырдәрья

80,9

7,8

73,1

83,2

8,0

75,2

91,3

34,0

57,3

Сурхандәрья

21,9

12,9

9,0

22,2

13,3

8,9

51,6

20,1

31,4

Ташкент

86,5

29,6

56,9

86,6

30,5

56,1

71,0

94,7

76,4

Ферғана

164,0

44,0

120,0

163,3

45,4

117,9

246,1

107,0

139,1

Хорезм

46,2

16,9

29,3

46,3

17,4

28,8

49,9

21,3

28,6

Ташкент қаласы

139,6

73,5

66,1

141,1

75,8

65,1

74,9

58,3

16,6

Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары.

Экономикада базар нызамлары ҳәм талапларына муўапық түрде жүз беретуғын өзгерислер халықтың жумыс пенен бәнтлиги концепциясының өзгериўин келтирип шығарады. Мүлкшилик қатнасықлары бирлемши болып, олар екилемши өндирис қатнасықлары сыпатында сәўлеленетуғын жумыс пенен бәнтлик қатнасықларын белгилейди. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарылып атырған жумыс пенен бәнтликтиң жаңа концепциясы үйде, үй хожалығында орынланатуғын мийнет ҳәрекети формаларын нызамлы ҳәм социаллық жақтан тән алынған формалар сыпатында легалластырады.


Солай етип, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда мәмлекеттиң узақ мүддетли стратегиясының бар болыўы, базар экономикасының мүтәжликлерине жуўап беретуғын жумыс пенен бәнтлик заманагөй парадигмасының енгизилиўи жүз бермекте (7.1-сүўрет).
Базар экономикасына өтиў шараятларында халықтың жумыс пенен бәнтлигин шөлкемлестириў машқаласы теориялық ҳәм әмелий жақтан жаңаша мазмун аңлатады. Мийнет базарын жәнеде раўажландырыў халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәртипке салыўда актив орын ийелейди. Мийнет базарында тийкарғы миллий ресурс – жумысшы күши қәлиплеседи ҳәмде кәрханалар, тармақлар, область ҳәм район аймақлары бойынша бөлистириледи.




7.1-сүўрет. Халықтың жумыс пенен бәнтлиги дәрежесин жақсылаў бағдарлары


Мийнет базары экономикалық актив халықтың жумыс пенен бәнтлигин, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўына тартылыўын тәмийинлейди. Ол хызметкердиң өзи ушын жәнеде сәйкес жумыс орнына өтиўин жеңиллестиреди. Мийнет базары арқалы кәрханалар зәрүр муғдарда ҳәм талап етилген сапаға ийе жумысшы күши менен тәмийинленеди. Мийнет базары қандай кадрлар, қәнигелер, кәсиплерге талаптың барлығын, олардан қайсылары артықшалығын көрсетеди. Бул көплеген мәмлекетлер ушын актуал машқала болып табылады. Оның шешилиўи жәмийеттиң социаллық раўажланыўын тәмийинлеўге қәдир нәтийжели экономиканың жаратылыўын аңлатады.
Жумыс пенен бәнтликти жумысшы күшине талапты кеңейтириўге оларды пайдалы хызметке тартыў көлеми, шәрт-шараятлары ҳәм формаларын тәмийинлеў, жумыс пенен бәнт болған хызметкерлерди қәлиплестириў, бөлистириў, пайдаланыў, босатыў, қайта таярлаў ҳәм қайта бөлистириўге бағдарланған илажлар ҳәм ҳәрекетлер жыйындысы, деп айтыў мүмкин.
Бул концепция көлеминде толық, ақылға муўапық (рационал) ҳәм нәтийжели бәнтлик болып бөлинеди. Жумыс пенен «толық» бәнтлик социализмдеги мийнеттиң улыўмалығы ҳәм мәжбүрийлигиниң анық социаллық-экономикалық жақтан әмелге асырылыўы. Ол мийнетке жарамлы халыққа социаллық пайдалы мийнет пенен шуғылланыўдың ҳақыйқый мүмкиншиликлери берилиўи менен байланыслы. Жоқарыда айтып өтилген кемшиликлерди есапқа алып, жумыс пенен толық бәнтлик дәрежеси базар экономикасына масласып барады.
Мийнетке қәбилетли халықты социаллық хожалыққа тартыўдың ең жоқары дәрежеси сыпатында көрсетиў де өзгерип бармақта. Жумыс пенен толық бәнтликке халықты тартыўдың ҳәр қандай дәрежесинде ерисиў мүмкин. Бунда ол халықтың жумыс орынларына болған мүтәжликлерди қанаатландырыўга муўапық келиўи, усыныс етилип атырған жумыс орынлары экономикалық жақтан мақсетке сәйкес түрде ақылға муўапық болыўы лазым. Усы орында экономикалық жақтан мақсетке муўапық жумыс орны дегенде сондай жумыс орны түсиниледи, онда ол инсанның жоқары мийнет өнимдарлығына ерисиўи, өзи ҳәм шаңарағының жақсы жасаўы ушын жетерли болатуғын дәраматқа ийе болыўы түсиниледи. Соның менен бирге бул жумыс орны оның саламатлығына зыян етпеўи ҳәм инсаний қәдир-қымбатын жерге урмаслығы керек.
Өзбекстан Республикасында мийнетке тийисли қатнасықлар мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, жәмийетлик келисимлер, жәмәәт шәртнамалары ҳәм басқа локал норматив ҳүжжетлер менен тәртипке салынады. Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 16-статьясында хызметкердиң тийкарғы мийнет ҳуқықлары белгиленип, буған қарай ҳәр бир хызметкер, өз мийнети ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем айлық жумыс ҳақыдан аз болмаған муғдарда ҳақы алыў, мүддетлери шегарасы белгиленген жумыс ўақтын орнатыў, ҳақы төленетуғын жыллық дем алыслар бериў арқалы тәмийинленетуғын дем алыў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын шараятларда мийнет етиў, кәсипке таярлаў ҳәм маманлығын асырыў ҳәм нызамда тутылған жағдайларда социаллық тәмийнат (жәрдем) алыў ҳәмде өзиниң мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызамының 5-статьясында, халықты жумыс пенен тәмийинлеў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы принциплери белгиленип, тийкарынан мийнет етиў ҳәм жумысты еркин таңлаў ҳуқықын әмелге асырыўда барлық пуқараларға:

  • жынысы, жасы, раса, миллети, тили, социаллық келип шығыўы, мүлкий аўҳалы ҳәм лаўазым дәрежесинен, динге қатнасы, исеними, жәмийетлик бирлеспелерине тийислилиги, сондай-ақ хызметкерлердиң исшеңлик тәреплерине ҳәмде олар мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болмаған басқа жағдайларға қарамай тең мүмкиншиликлерди тәмийинлеў;

  • адамлардың мийнет ҳәм исбилерменлик инициативаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, оларда мийнет етиў ҳәм турмыс кешириўде мүнәсип шараятларды тәмийинлейтуғын өнимдарлы ҳәм дөретиўшилик мийнет қәбилетин раўажландырыўға жәрдемлесиў;

  • мийнет етиўдиң ықтыярлылғы; жумыс пенен тәмийинлеў тараўында социаллық кепилликлер бериў ҳәм халықты жумыссызлықтан қорғаўды тәмийинлеў;

  • социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған пуқаралар ушын бар жумыс орынларын сақлап қалып атырған ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратып атырған жумыс бериўшилерди хошаметлеў;

  • жумыс пенен тәмийинлеў тараўындағы илажларды экономикалық ҳәм социаллық сиясаттың басқа бағдарлары менен муўапықластырыў;

  • халықты жумыс пенен тәмийинлеў илажларды ислеп шығыў;

  • әмелге асырыў ҳәм олардың орынланыўын қадағалаўда мәмлекет органлары, кәсиплик бирлеспелери, хызметкерлердиң ўәкиллик органлары ҳәм жумыс бериўшилердиң өз-ара бирге ислесиўи;

  • халықты жумыс пенен тәмийинлеў машқалаларын шешиўде мәмлекетлер аралық бирге ислесиў белгиленген.

Солай етип, жумыс пенен толық бәнтлик мийнетке қәбилетли барлық пуқараларды кәсиплик мийнет тараўына тартыўды аңлатпайды. Инсан өз қәлеўи бойынша социаллық пайдалы мийнетте бәнтлик тараўларынан бирин (кәсиплик мийнетти, үй хожалығын, жеке кәрхана, жеке исбилерменлик ҳәм усы сыяқлыларды) таңлаўға ҳақлы. Бирақ тәртипке салыўшы тийкарғы хызмет түри дәрамат келтириўши, шахс абаданшылығын асырыўшы ҳәм раўажландырыўын тәмийинлеўши кәсиплик мийнет пенен бәнт болыў болып табылады. Кәсиплик мийнет пенен бәнт болыў дәрежеси хызметкерлер улыўма санының олар ислеп атырған кәрхана қандай шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формаға ийе болыўына қарамай мийнет ресурслары санына қатнасы менен белгиленеди. Буның мәниси халықтың жумыс пенен бәнтликтеги бул пропорция өндирис нәтийжелилигин асырыў мәплери, оны жеделлестириў нәтийжелери, илим-техниканың раўажланыўы мийнет өнимдарлығын асырыў мәплерине толық сәйкес келиўи зәрүр. Соның менен бирге саламат әўладты қәлиплестириўге, жоқары маманлы, жақсы билим алған хызметкерлерди тәрбиялаўға қолайлы шараят жаратып берилсе, халықтың бундай бәнтлигиниң пропорциясы ең оптимал деп есапланады.
Экономикалық реформа процесинде мийнет нәтийжелилигиниң артыўына қарай, халықтың мийнет пенен бәнтлиги дәрежеси улыўма мәмлекет бойынша пәсейиў тенденциясына ийе. Жақын келешекте республикамызда жумыс пенен бәнтликтиң раўажланыў өзгешеликлери усындай кешеди. Бул жерде жоқары нәтийжели экономика салыстырмалы аз муғдардағы хызметкерлерге мүтәжлик сезеди, соның менен бирге халықтың жумыс орынларына болған мүтәжлиги де бираз кемейеди, себеби мийнет пенен социаллық пайдалы бәнтликтиң басқа тараўларына қызығыўшылық артады.
Адамлардың социаллық зәрүр жумыс пенен бәнтликке болған мүтәжлиги ҳәм оны әмелге асырыў мүмкиншилигин жобалы тәртипке салып барыў лазым. Буннан мақсет инсанның хызмет көрсетиў, шәрт-шараятларын жақсылаў ҳәм экономиканың нәтийжели ислеўин тәмийинлеў.
Жумыс пенен бәнтлик дәрежеси социаллық пайдалы хызметте қатнасыўшы мийнет ресурсларының бир бөлими ушын белгиленеди. Булар дәрамат алыў мақсети менен товарлар ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў ушын жумыс күшин усыныс ететуғын адамлар топары, сондай-ақ, социаллық пайдалы жумыста қатнасса да тиккелей пул дәрамат келтирмейтуғын халық топары өним ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў менен тиккелей байланыслы дәрамат келтиретуғын адамлар топарларынан қуралады.
Биринши топарға экономиканың мәмлекет секторында жумыс пенен бәнт болған корпоратив, акционерлик жәмийетлер ҳәм жеке секторда ислейтуғын пуқаралар киреди. Екинши топарға болса, өндиристен ажыралған ҳалда билим алатуғын оқыўшылар, мәмлекет қураллы күшлериниң хызметкерлери киреди.
Солай етип, жумыс пенен бәнт халыққа жалланып ислейтуғын пуқаралар, соннан, толық ямаса толық болмаған жумыс күни (ҳәпте) даўамында ҳақы алып жумыс орынлайтуғын, тийисли шәртнама, питим менен тастыйықланған ҳақы төлениўши жумысқа ийе шахслар, ҳәмде наўқаслығы, дем алысқа шыққанлығы қатнасы менен жумыста болмаған пуқаралар киреди. Өзин ғәрезсиз түрде жумыс пенен тәмийинлейтуғын шахслар, соннан, жеке исбилерменлер ҳәм фермерлер, әскерий бөлимлердеги армия түрлеринде хызмет етип атырған шахслар, оқыўшылар да жумыс пенен бәнт адамлар қатарына киреди.
Жумыс излеп атырған, жумысын өзгертип атырған, ўақтынша ислемей атырған халық ҳәм жумыстан ажыратылған ҳалда оқымай атырған, жумыстың мәўсимли екенлиги себепли ўақтынша ислемей атырған халық экономикалық актив жумыс пенен бәнт болмаған халық топарына киреди. Жумыссыз дәрежесине ийе болған шахслар да жумыс пенен бәнт болмаған экономикалық актив халық қатарына киреди.
Жумыс пенен бәнтлик қатнасықлары экономикалық, демографиялық ҳәм социаллық процесслер менен байланыслы. Жумыс пенен бәнтликтиң экономикалық мазмуны хызметкердиң өз мийнети менен өзине мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеў менен бир қатарда социаллық өндиристи раўажландырыўды да анықлайды.
Жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ушын мүнәсип дәраматқа ийе болып, өз ден саўлығын сақлаў ушын жетерли мүмкиншиликке ийе болыў, социаллық өндиристиң усылына сәйкес келетуғын мағлыўмат ҳәм кәсип дәрежесин ийелеўди тәмийинлейтуғын бәнтликти халықтың нәтийжели бәнтлиги деп есаплаў мүмкин.
Жумыс пенен бәнтликтиң нәтийжелилигин мәмлекет раўажланыўының идеологиясы сәўлелендиретуғын көрсеткишлер менен көрсетип бериў мүмкин. Булар мийнет ресурсларының социаллық пайдалы ҳәрекетинде қатнасыў өзгешеликлерине тийкарланған бөлистириў пропорцияларынан ибарат. Олар мийнет өнимдарлығының өсиў дәрежеси, халықтың жумысқа болған мүтәжлигиниң қанаатландырылыўы ҳәм жумыс пенен толық бәнтликке ерисилиўи сыяқлы көрсеткишлер менен анықланады. Себеби социаллық мийнет өнимдарлығы қанша жоқары болса, жәмийетте хызметкерлердиң дәраматлары ҳәм материаллық шәрт-шараятлар сонша көбирек топланады. Ҳәзирги ўақытта мийнет тараўын техникалық-шөлкемлестириўшилик тәрепинен жетилистириў, кадрлар маманлығын асырыў, халық топарларының мийнет ҳәм турмыс шараятының өзине сәйкес тәреплерин есапқа алыў мүмкиншилигин береди.
Жумыс пенен бәнтлик нәтийжелигиниң өзгешеликлеринен және бири, мийнетке қәбилетли халықтың жумыс пенен тәмийинленгенлик дәрежеси. Экономикалық жақтан бул көрсеткиш халықтың жумыс ҳәм жумыс орынларына болған мүтәжлигин белгилейди.
Жумыс пенен бәнтлик нәтийжелигиниң үшинши өзгешелиги ислеўшилердиң мәмлекет экономикасының тармақлары бойынша бөлистириў структурасынан ибарат. Ҳәзирги ўақытта халықтың жумыс пенен бәнтлиги бойынша экономикадағы тармақ дүзилиси бар жәмийет мийнет потенциалынан пайдаланыў нәтийжелилиги дәрежесиниң төменлигин көрсетеди ҳәм ол түптен өзгертиўге мүтәж болады.
Нәтийжеде, жумыс пенен бәнтлик нәтийжелигиниң төртинши өзгешелиги ислеўшилердиң кәсип-маманлық топарларына бөлиниўи есапланады. Ол жумыс пенен бәнт халықтың кәсип-маманлық топарлары бойынша бөлиниўи ҳәмде маманлы хызметкерлерге болған мүтәжлик пенен сәйкес дәрежесин көрсетеди.
Мәмлекеттиң төлем талабын көбейтиўге бағдарланған ҳәр қыйлы усыллар қуралында экономикаға араласыўы арқалы экономикалық активликти хошаметлеў ҳәм оның нәтийжесинде жумыс пенен бәнтликти кеңейтириўге ерисиў мүмкин. Бунда шешиўши роль, Кейнс теориясына қарай, жеке капитал қойылмаларын мәмлекет тәрепинен хошаметлеў ҳәм тәртипке салыў есапланады. Капитал қойылмаларын кеңейтириў өндиристи раўажландырыў тийкарында халықтың жумыс пенен бәнтлигин асырыўды аңлатады. Бирақ, тек ғана ХХ әсирдиң 40- ҳәм 50-жылларына келип, кейнсшилик “жумыс пенен толық бәнтлик” ураны тийкарында буржуа экономикалық теориясы ҳәм әмелияттың шөлкемлестириўшилерине айланды. Өткен әсирдиң 40-жаллары орталарында жумыссызлықты тәртипке салыў бойынша пайда болған рәсмий ҳүкимет ҳүжжетлери ҳәм нызамшылық, әдетте жумыс пенен толық бәнтликти сан жағынан анықламаған. Ол, мәселен, англичанлардың ақ китабы “Жумыс пенен бәнтлик сиясаты” (1944 жыл) ҳәм Американың “Жумыс пенен бәнтлик ҳаққында ҳүжжет”леринде (1946 жыл) де жоқ. Урыстан кейинги “Жумыс пенен толық бәнтлик” сиясаты тийкарын алғанда жумыссызлықты жоқ етиўди мақсет етип қоймаған. Жумыссызлықтың 2-4 проценти көлеминде, әлбетте, бар болыўын буржуа экономистлери минимал жол қойылыўы мүмкин болған муғдар деп қаралған.
Көрсеткиштиң төмен болыўы ”мийнет базарының нормал ислеўи”не муўапық келмейтуғын, жумысшы күши талап ҳәм усынысының оптимал қатнасын бузатуғын жағдай сыпатында баҳаланған. 70-жыллар ақырына шекем Батыс Европадағы 2-3% жумыссызлық ҳәм АҚШтағы 4,0% жумыссызлық мәмлекет сиясаты сыпатында қабыл етилген. Ҳәтте социал-демократиялық ҳүкимет “жумыс пенен толық бәнтлик” сиясатын өткерген Швецияда жумыссызлықтың рәсмий тән алынған ең кем дәрежеси 1,5% болған.
Халық аралық Мийнет Шөлкеми (ХMШ) методикасы бойынша жумыс пенен бәнт болмаў дәрежеси жумыссызлар санының мийнет ресурслары санына болған қатнас пенен теңлеседи. Ол жумысшы күшине болған талап ҳәм усыныстағы структуралық сәйкес емесликти көрсетеди ҳәм бул бос жумыс орынлары ушын жумыс излеп атырған шахслардың бир ўақытта барлығын аңлатады.
Бүгинги күнде жумыс пенен бәнтлик қатар факторлар тәсиринде қәлиплеседи:
1. Өндирис тараўында жүз берип атырған өзгерислер:
- шийки зат, материалларды жеткерип бериў ҳәм финансластырыўдың кемейиўи қатнасы менен өндирис (жумыс, хызметлер) көлеминиң кемейиўи;
- кәрханаларда мийнетти шөлкемлестириў ҳәм оған ҳақы төлеўдиң жетилистирилиўи;
- кәрханаларда басқарыў структураларының жетилистирилиўи.
2. Тутыныў себетиниң қымбатласыўы нәтийжесинде халық турмыс дәрежеси, оның дәраматлары ҳәм тутыныў дәрежесиндеги өзгерислерде сәўлеленетуғын экономикалық факторлар.
3. Факторлардың социаллық-демографиялық топары:

  • мийнетке жарамлы халық саны;

  • тәбийий өсим ҳәм өлимшилик муғдары;

  • мәмлекетте жаслар муғдарының үзликсиз өсип барыўы (коллеж ҳәм лицей питкериўшилери, әскерий хызметтен қайтқанлар ҳәм басқа);

  • миграция процесслерин активлестириў;

  • кадрлар көнимсизлигиниң кескинлесиўи.

Жумыс пенен бәнтликтиң ҳәзирги жағдайы көп жақтан мийнет ҳәм социаллық сиясат тараўындағы өзгерислер менен байланыслы.



Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   123   124   125   126   127   128   129   130   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish