7-Тема. ХАЛЫҚТЫҢ ЖУМЫС ПЕНЕН БӘНТЛИГИНИҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТИ
7.1. Халықтың жумыс пенен бәнтлик дәрежесин асырыў бағдарлары
Халық жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын дүзиў машқаласын шешиў 2011-жыл ҳәм жақын келешекте мәмлекетимизди табыслы ҳәм турақлы раўажландырыўдың айрықша баслы бағдары ҳәм сөзсиз ең әҳмийетли шәрти есапланады.
2011-жылға мөлшерлеп қабыл етилген ҳәм мәмлекетимиз Парламенти тәрепинен мақулланған Республика дәстүринде 950 мыңнан артық жаңа жумыс орнын тийкарынан аўыллық жерлерде жаратыў көзде тутылған.
Бул жумыс орынларының 600 мыңнан асламын киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўында ашылыўы мөлшерленбекте. 73 мыңнан артық жумыс орны транспорт ҳәм инженер-коммуникация инфраструктурасын жедел раўажландырыў проектлерин әмелге асырыў нәтийжесинде дүзиледи. Касанашиликти, дәслеп, мийнет шәртнамалары бойынша кәрханалар менен кооперация тийкарындағы касанашиликти, сондай-ақ, шаңарақлы исбилерменликти раўажландырыў бәнтликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли бағдары болып қалады ҳәм бул 220 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкиншилигин береди.
7.1 - кесте
Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықты экономика тармақлары бойынша бөлиниўи, мың адам
Көрсеткишлер
|
Жыллар
|
|
2017
|
2018
|
2019
|
2020
|
Санаат
|
1347
|
1402
|
1446
|
1513,1
|
Аўыл ҳәм тоғай хожалықлары
|
2969
|
2963
|
2998
|
3029,7
|
Қурылыс
|
849
|
877
|
910
|
1008,6
|
Транспорт ҳәм байланыс системалары
|
488
|
506
|
528
|
579,5
|
Саўда, улыўма аўқатланыў, MTT, таярлаў тараўлары
|
903
|
977
|
1055
|
1185,5
|
Үй-жай ҳәм коммунал хожалығында ҳәмде халыққа пуллы хызмет көрсетиў тараўы
|
316
|
331
|
346
|
381,9
|
Ден-саўлықты сақлаў, физикалық тәрбия ҳәм социаллық тәмийнат системалары
|
735
|
768
|
801
|
865,9
|
Тәлим, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм илимий тәмийнат системалары
|
1381
|
1434
|
1482
|
1572,8
|
Финанс ҳәм кредит системасы
|
54
|
54
|
58
|
59,2
|
Басқа тараўлар
|
1146
|
1152
|
1111
|
1190,8
|
Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары
Айтып өтиў керек, Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақларындағы бәнтликте де өзгерислер жүз бермекте (7.1-кесте).
Жоқарыда келтирилген 7.1-кесте мағлыўматлары анализинен көринип турғанындай, экономикада бәнт болған халықтың салмақлы бөлими аўыл ҳәм тоғай хожалығы тармағында бәнт. Бул тармақта 2017-жылда жәми экономикада бәнт болғанлардың 30,7 проценти ямаса 3043 мың адам бәнт болған.
2015-жылда миллий экономикада жәми 339,4 мың жумыс орынлары қысқартырылған болып, оларда ислеп атырған сонша хызметкер жумыссыз пуқараға айланып қалған. Өз жумыс орнын жоғалтып алғанлардың 128,4 мыңы (41,1%) фермер хожалықларына айландырылған ширкет хожалықларынан босатылған болса, олардың қалған бөлими басқа тармақлар үлесине туўры келген.
Жумыстан босатылғанлар саны кемейип барып, 2015 жылда бул көрсеткиш 225,1 мың адамды қураған. Бирақ 2016 жылдан, яғный ширкет хожалықларын жабыў (тамамлаў) илажлары жедел әмелге асырыла басланған дәўирдеn баслап, жумыстан босағанлар саны және өскен. Егер бул көрсеткиш 2016 жылда 280 мың адамнан ибарат болса, 2018-жылда 295 мың адамды, 2019-жылда 328,8 мың адамды ҳәм 2020-жылда болса 334,2 мың адамды қурады.
Соны да айтыў керек, Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигиниң мағлыўматлары мийнет ресурсларының көпшилик бөлими бир мәртелик ҳәм мәўсимли жумысларға бәнт етилгенлигин көрсетеди (7.2-кесте).
Do'stlaringiz bilan baham: |