15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


VIII бап. МИЙНЕТ ҲАҚЫНЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ОНЫ РЕФОРМАЛАСТЫРЫЎ



Download 0,79 Mb.
bet118/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   114   115   116   117   118   119   120   121   ...   198
Bog'liq
Miynet

VIII бап. МИЙНЕТ ҲАҚЫНЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ОНЫ РЕФОРМАЛАСТЫРЫЎ


8.1.Мийнет ҳақының әҳмийети ҳәм оның қәлиплесиўи
Мийнет ҳақының әҳмийети ҳәм экономикалық мазмуны экономика теориясының ең принципиал мәселелеринен бири есапланады. Мийнет ҳақы жалланба хызметкер дәраматының элементи, оған тийисли жумысшы күшине болған мүлкшилик ҳуқықын экономикалық жақтан жүзеге шығарыў формасы. Соның менен бирге жумыс бериўши ушын жалланба хызметкерлер мийнетине төленетуғын ҳақы өндирис қәрежетлериниң элементлеринен бири есапланады. Жумыс бериўши мийнет ресурсларынан өндирис факторларынан бири сыпатында пайдаланыў ушын оны сатып алады.
Заманагөй экономика пәнинде “Мийнет ҳақы” түсинигиниң бирден-бир тәрийпи жоқ. Мәселен, П.Самуэльсон ҳәм В.Нордхаус15 жумыс ҳақы әҳмийетин “Мийнет ҳақы базар баҳаларының әҳмийетли топары, себеби ол мийнет баҳасы болып есапланады” – деп айтады. Н.Волгин16 ҳәм Р.Яковлевлер17 пикиринше, “Мийнет ҳақы – бул, өндирис тараўында бәнт болған мийнет ямаса жумысшы күши баҳасы ҳәмде жумысшылар турмыс қуралының тийкарғы бөлими есапланады ҳәм ол жумысшылар ортасында мийнеттиң жумсалыў муғдары ҳәм сапасы ҳәмде ҳәр бир хызметкердиң мийнет үлеси арқалы бөлистириледи ҳәм кәрхананың жуўмақлаўшы жумыс нәтийжесине байланыслы болады”. Мазмуны жағынан, жумысшы өз қәбилетинен белгили бир сыйлықлаў орнына жумыс бериўши пайдаланыўына мүмкиншилик береди18.
Базар экономикасында “Персонал – кәрхана” қатнасықларында персоналдың мийнет нәтийжелерине жумыс бериўши тәрепинен төленетуғын ҳақы барлық түрлери ҳәм формалары орайлық орын тутады. Россиялық экономист алым Н.А.Горелов пикиринше: “Мийнет ҳақы – хызметкер мийнетинен пайдаланғанлық ушын төленетуғын, оның мийнет хызмети ҳақы, мийнет баҳасының баҳасы болып табылады”19. Және бир россиялық экономист алым А.П.Егоршин “Мийнет ҳақы жалпы ишки өним бөлими болып, өнимниң өзине түсер баҳасында өз көринисин табады ҳәмде базар экономикасында халық хожалығы тармақлары, кәрханалар ҳәм айрықша хызметкерлер ортасында жумсалған мийнет муғдары ҳәм сапасы, сондай-ақ товарларға усыныс ҳәм талапқа қарай бөлистириледи”20 деп есапласа, Ю.Г.Одегов “Мийнет ҳақы жумыс күши баҳасы болып, персоналлар турмыс қаржылары жамғармасы бир бөлими сыпатында сәўлеленип, олар ортасында жумсалған мийнетлери муғдары ҳәм сапасына, кәрхана ҳәрекети нәтийжелерине қосқан үлеслерине муўапық түрде бөлистирилген ҳәмде бул нәтийжелерге байланыслы болады”21 деген тәрийпти алға сүреди.
Бизиң пикиримизше, мийнет ҳақы – бул жалланба хызметкер дәраматының элементи, оған тийисли жумысшы күшине болған мүлкшилик ҳуқықын экономикалық жақтан жүзеге шығарыў формасы болып табылады. Соның менен бирге жумыс бериўши ушын жалланба хызметкерлер мийнетине төленетуғын ҳақы өндирис қәрежетлериниң элементлеринен бири есапланады. Жумыс бериўши мийнет ресурсларынан өндирис факторларынан бири сыпатында пайдаланыў ушын оны сатып алады.
Соңғы әсирлер даўамында мийнет ҳақы дәрежесин анықлаўға көплеген излениўлер бағышланады, бул жумыс пенен шуғылланған экономист ҳәм социологлар мийнетке ҳақы төлеўдиң ҳәр қандай дәрежесин орнатыў ҳәм оның өзгериўин анықлаўшы бирден-бир теорияны ислеп шығыўға ҳәрекет етти. Бирақ, ҳеш қайсы теория улыўма тәризде қабыл етилмейди22.
Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 153-статьясында “Мийнет ҳақының муғдары жумыс бериўши менен хызметкер ортасындағы келисимге муўапық белгиленеди. Мийнет ҳақы нызам ҳүжжетлери менен белгиленген ең аз муғдардан аз болыўы мүмкин емес ҳәм оның ең көп муғдары қандайда бир тәризде шекленбейди. Мийнет ҳақы формалары ҳәм системалары, сыйлықлаўлар, қосымша төлемлер, үстемелер, хошаметлеў тәризиндеги төлемлер жәмәәтлик шәртнамаларында, сондай-ақ, жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамлар комитети ямаса хызметкерлердиң басқа ўәкиллик органы келисип қабыл етилетуғын басқа локал ҳүжжетлеринде белгиленеди”23, деп көрсетилген. Мийнет ҳақы мәнисине халық аралық ҳүжжетлерде де тәрийплеп берилген. Себеби, Халық аралық мийнет шөлкеминиң 1949 жылғы “Мийнет ҳақыны қорғаў ҳаққында”ғы 95-Конвенциясы 1-статьясында “мийнет ҳақы” атамасы, есаплап шығыўдың аталыўы ҳәм усылына қарамай, ҳәр қандай хошаметлеў ямаса мийнет ҳақы болып, пулда есаплап шығарылыўы ҳәм шәртнама ямаса миллий нызамшылық пенен белгилениўи мүмкин, оларды жаллаў ҳаққындағы жазба ямаса аўызеки шәртнамаға муўапық жумысшыге я орынланған, ямаса орынланыўы лазым болған мийнет ямаса көрсетилген ямаса көрсетилиўи керек болған хызметлер ушын төлеўи керек”24.
Базар экономикасы шараятында мийнет ҳақы көлемине бир қатар базар ҳәм базардан тысқары факторлар тәсир көрсетеди. Бул факторларды ҳәм олардың мийнет ҳақыға тәсир көрсетиў өзгешелигин көрип шығыўдан алдын хызметкердиң жумыс ҳаққындағы элементлерин анық белгилеп шығыў, қандай элементлер базар конъюнктурасы тәсирине көбирек ямаса азырақ дәрежеде дус келиўин анықлап алыў зәрүр.
Базар қатнасықларына өтиўи менен мийнетке ҳақы төлеў тараўында жаңа қатнасықлар пайда болады, мийнет ресурслар базары болған мийнет базары қәлиплеседи. Оның субъектлери болып төмендегилер есапланады: жумыс бериўши (жеке тәртиптеги исбилермен, исбилерменлер бирлеспеси) - ол анық сапа қәсийетлерине ийе болған белгили муғдардағы мийнет ресурсына талап билдиреди; жалланба хызметкерлер - олар мийнет ресурсының ийелери болып, олардың муғдары ҳәм кәсип-маманлық өзгешеликлери мийнет базарындағы усынысты жүзеге келтиреди.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   114   115   116   117   118   119   120   121   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish