3-кесте
Өзбекстан регионларында жумыссызлық көрсеткишлери ҳәм мийнет базарындағы қытшылық (2020 жыл)
Регионлар
|
Жумысқа жайласыўға мүтәжлер, мың адам
|
Соннан:
|
Жумыссызлық дәрежеси, %
|
Бос жумыс орынлары
|
Мийнет базарындағы қытшылық дәрежеси, %
|
Рәсмий дизимнен өткенлер
|
Қарақалпақстан
|
42,0
|
1,3
|
6,9
|
0,6
|
2,6
|
Областлар:
|
|
|
|
|
|
Андижан
|
61,7
|
0,8
|
5,4
|
0,8
|
0,9
|
Бухара
|
38,3
|
0,9
|
4,9
|
2,9
|
0,3
|
Жиззақ
|
17,4
|
0,5
|
4,5
|
0,4
|
1,3
|
Қашқадәрья
|
50,6
|
2,4
|
5,1
|
1,1
|
2,2
|
Наўайы
|
21,7
|
1,5
|
5,1
|
1,4
|
1,1
|
Наманган
|
45,1
|
1,3
|
5,4
|
1,2
|
1,1
|
Самарқанд
|
68,0
|
1,0
|
5,4
|
3,6
|
0,3
|
Сурхандәрья
|
39,9
|
2,1
|
5,0
|
2,3
|
0,9
|
Сырдәрья
|
14,4
|
0,7
|
4,4
|
0,9
|
0,8
|
Ташкент
|
53,2
|
0,9
|
4,5
|
2,2
|
0,4
|
Ферғана
|
76,2
|
1,4
|
5,5
|
2,8
|
0,5
|
Хорезм
|
32,2
|
1,2
|
5,2
|
0,8
|
1,5
|
Ташкент қаласы
|
40,6
|
4,2
|
3,4
|
8,9
|
0,5
|
Жәми:
|
601,4
|
20,1
|
5,0
|
29,7
|
0,7
|
Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары.
3-кестедеги мағлыўматлардан көринип турғанындай, Өзбекстан Республикасында жумыссызлық дәрежеси 5,0 процентти қураған. Бул бойынша ең жоқары көрсеткишлер Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Андижан областында гүзетилген. Соның менен бирге, республикадағы мийнет базарындағы қытшылық дәрежеси 0,7 процентти қурамақта.
5.6. Халықты жумыссызлықтан қорғаў барысында мәмлекет илажлары
Өзбекстан Республикасының 1992 жыл 13 январда қабыл етилген ҳәм 1998 жылда айырым өзгертиўлер ҳәм қосымшалар киритилген ҳалда «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы (Жаңа редакциясы) Нызамның 4-бөлиминде келтирилген статьялар бул бәнтти көрсетиўде әҳмийетли қурал есапланады.
Қатаң жоғалтыўларға жол қоймаў мақсетинде мәмлекет жумыс пенен тәмийинлеўди асырыў сиясатын өткереди. Себеби, жумыссызлықтың фрикцион ҳәм басқа түрлери өскенде мәмлекет:
қайтадан кәсип үйретеди;
тәлим бериў системасын кеңейтиреди;
бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды кең тарқатады;
мийнет биржаларына инвестицияларды көбейтеди.
Егер жумыссызлық дәўирли өзгешеликке ийе болса, мәмлекет бюджет, фискал, кредит-пул қуралларын иске қосады, яғный:
- жумыс пенен тәмийинлеўди күшейтиў ушын өндириске көбирек қаржы жумсайды;
- исбилерменниң мәпдарлығын асырыў ушын ссуда ҳәмде кредиторлардың процент ставкаларын пәсейтеди;
- ислеп шығарыўшы ҳәм тутыныўшыларға салынатуғын салықларды кемейтеди.
Бул илажлардан тысқары, мәмлекет мийнет базарын шөлкемлестириў ҳәм тәртипке салыўда:
халық саны, жас ҳәм жынысы салмағындағы өзгерислерге;
жумыс пенен бәнтликтеги тармақ ҳәм регион өзгерислерине;
қосымша жумысшы күшин өндириске тартыў критерияларына;
өндирис көлемине, оның өсиў темпине, өндирис дүзилисине;
өндирис күшлериниң регионаллық жайласыўы сыяқлы факторларға айрықша итибар береди.
Жумыссызлықты кемейтиўдиң экономикалық илажларынан ең тийкарғысы экономика тармақларында базар талабына муўапық киши кәрханаларды дүзиў есапланады. Бул болса өндирис ҳәм хызмет көрсетиўдиң көлемин асырыўға қаратылған болыўы керек. Буған болса, мийнет өнимдарлығын асырыў, жумыс орынларының материаллық-техникалық, технология ҳәм капитал тәмийнатларын жақсылаў, жаңа аўыллық емес хожалығы мийнети зоналарын шөлкемлестириў, жумыс ўақтынан өнимли пайдаланыў, ислеўшилер материаллық мәпдарлығын асырыў ҳәм ақылға муўапық салықлар арқалы ерисиў мүмкин.
Өзбекстанда әмелге асырылған меншиклестириў реформаларының дәслепки басқышында саўда дүкәнлары ҳәм халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары мәмлекет ийелигинен шығарылған болса, кейинги басқышларда өндирислик кәрханалар ҳәм ири объектлер исбилерменлер қолына тапсырылады. Бул реформалардың бүгинги басқышында болса стратегиялық әҳмийетке ийе болған ири өндирислик кәрханалар да мәмлекет ийелигинен шығарылып, мәмлекетке тийисли болған үлеслер сатылмақта.
Кәрханалардың меншиклестирилиўи нәтийжесинде өним ислеп шығарыў көлеми, мийнет өнимдарлығы ҳәм материаллық ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў дәрежеси асып, экономикалық нәтийжеликтиң өсиўи тәмийинленди. Бирақ кәрханалардан жумысшы хызметкерлер босатылыўының жоқары көрсеткиши гүзетилди. Себеби жумыс бериўши исбилерменлер ушын қәнигесиз ҳәм төмен өнимдарлыққа ийе болған жумысшыларды услап турыў тек зыян келтиреди. Нәтийжеде жасырын жумыссызлық белгили дәрежеде қысқарды, бирақ олар структуралық жумыссызларға айланды.
Жумыссызлықтың көбейиўине аўыл хожалығында алып барылып атырған реформалар да тиккелей тәсир өткереди. Аўыл хожалығында экономикалық нәтийжеликти асырыў ҳәм өндирис рентабеллигиниң өсиўин тәмийинлеў мақсетинде бул тармақта да структуралық өзгерислер жүз берди. Себеби бурынғы структурадан мийрас болып қалған жәмәәтлик хожалықларында рентабеллик ҳәм өнимдарлық көрсеткишлери төмен дәрежеде болып, бул жағдай жер ҳәмде материаллық ресурслардан көре-тура пайдаланыўдың унамсыз ақыбети еди. Соның менен бирге, жәмәәтлик хожалықлары жасырын жумыссызлықтың «уясы» есапланып, жумыс орнына ийе болмаған мийнетке мүтәж қәнигесиз халықты бригадаларға тартыў арқалы жумыссызлық «сапластырылған». Сол себепли бурынғы аўқамда «жумыссызлық» түсиниги ислетилмеген.
Бул унамсыз жағдайларды сапластырыў ҳәм аўыл хожалығында мүлкшилик формаларын түптен өзгертиў мақсетинде мәмлекет Президентиниң инициативасы менен «жерди өз ийесине бериў» принципи тийкарында жумыс көриле басланды. Бул реформалардың дәслепки басқышында жәмәәтлик хожалықлары жабылып, олар арендашылыққа тийкарланған ширкет хожалықларына айландырылды, жер арендашыларға бөлистирилип берилди.
Реформалардың кейинги басқышында болса ширкет хожалықлары негизинде аўыл хожалығы кәрханаларының заманагөй формасы, яғный дүньяда тән алынған көриниси есапланған фермер хожалықлары шөлкемлестириле басланды. Республикада аўыл хожалығын реформалаў барысында әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде зыян көрип ислеп атырған, төмен рентабелли ҳәм келешексиз ширкет хожалықлары толық түрде фермер хожалықларына айландырылды. Буннан тысқары, ширкет хожалықларын тамамлаў нәтийжесинде жасырын жумыссызлық салыстырмалы кемейди, яғный аўыл хожалығы тармақларынан қәнигесиз артықша жумысшы күши босатылды. Лекин, мәселениң басқа бир тәрепи бар, бул илажлар нәтийжесинде структуралық жумыссызлық көбейди. Басқаша айтқанда, жасырын жумыссызлық структуралық жумыссызлыққа айланды. Нәтийжеде аўыл хожалығында жумыс пенен бәнт болған жумысшы күшиниң үлкен бөлими өз жумыс орынларын жоғалтты.
Аграр реформалардың тийкарғы ўазыйпасы – Өзбекстанда агросанаат комплексиниң бир тегис раўажланыўын тәмийинлеў болып табылады. Аграр реформаның әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болса мәмлекетимиз экономикасындағы бәнтликтиң структуралық дүзилисин өзгертиўден ибарат. Раўажланған мәмлекетлерде мийнетке жарамлы халықтың 5-7%и, бизде болса 40,0 артығы аўыл хожалығы менен бәнт14. Себеби, дәслеп қол мийнетинде орынланған жумыслар енди заманагөй аўыл хожалығы машиналарында әмелге асырылмақта. Бул болса өз-өзинен мәмлекетте технологиялық жумыссызлыққа да өз тәсирин өткереди.
Еркин базар реформалары шараятында базы өндирислик кәрханалар өз ҳәрекетин тоқтатыўға ямаса банкрот деп дағазалаўға мәжбүр болады. Бул жағдайлар төмендеги машқалалар ақыбетинде жүзеге келеди:
өндирис қуралларының ескиргенлиги ҳәм толық қуўатларда ислей алмаўы;
хызметте заманагөй илим-техника жетискенликлерин қолламаў ҳәм информациялық технологиялардан жетерлише пайдаланбаў;
базарdа бәсекиге шыдамлы емеслиги ҳәм базар экономикасы талапларына жуўап бере алмаў;
сырт ел шериклерди тартыў арқалы өндириске сырт ел инвестициясын киритиў темпиниң төменлиги;
ислеп шығарылып атырған өнимлердиң қарыйдарлы емеслиги ҳәм сатыў көлеминиң азлығы;
кәрхана басшы хызметкерлери маманлығының төменлиги ҳәм басқарыўдың нәтийжесизлиги.
Кәрханалар банкротлығы нәтийжесинде оларда хызмет жүритип атырған хызметкерлердиң жумыссыз қалыўы ҳәм мийнет дәраматына ийе болмаўы гүзетиледи. Бул болса мәмлекетте жасырын ҳәм структуралық жумыссызлықты пайда етеди.
Өз жумыс орнын жоғалтқан ҳәм жумыссызға айланған пуқаралар мийнет базарында жумысшы күши сыпатында сәўлелениўи ҳәм өз мийнетлерин усыныс етиўи республикада жумысшы күши усынысының оған болған талаптан асып кетиўине алып келди. Нәтийжеде бул базар қурамалы көринис алып, усыныстың қанаатландырылмаўы жүзеге келди. Бул жағдайлар «рәсмий емес мийнет базары» ҳәм «рәсмий емес тармақта жумыс пенен бәнтлик» түсиниклериниң пайда болыўына себеп болды. Себеби, жумыстан босатылған ҳәм жумыс орнын жоғалтқанлардың көпшилик бөлими қәнигесиз хызметкерлер болып, олар базар экономикасы шараятында жумыс бериўшилер талабына жуўап бере алмайды. Ислеўди қәлеўши қәнигесиз жумысшылар ўақтыншалық ҳәм бир мәртелик жумысларды орынлаў мақсетинде рәсмий емес мийнет базарын (мәрдикар базары) шөлкемлестириўди ҳәм бул базар арқалы ғана өзлерин жумыс пенен тәмийинлеп, мийнет дәраматларына ийе болды. Соның менен бирге азда болса-да, капиталға ийе болған халық рәсмий емес түрде исбилерменлик ҳәрекети (базар ҳәм базар әтирапы регионларда алып-сатарлық, хызмет көрсетиў, үй цехлары) ямаса жеке жәрдемши хожалығы менен шуғылланыў арқалы дәрамат таба баслады. Буннан тысқары жоқары муғдардағы мийнет ҳақыға ийе болыў мақсетинде айырым пуқаралар сырт ел мәмлекетлерине шықты. Бул жағдайлар рәсмий емес тармақта жумыс пенен бәнтликти жүзеге келтирди. Рәсмий емес жумыс пенен бәнтлик болса пул қаржыларының банктен тысқары айланысы ҳәмде жасырын экономиканың пайда болыўына тәсир етиўши тийкарғы фактор болып есапланады.
Экономиканың рәсмий емес тармағында жумыс пенен бәнт болған халық үлесинде, ўақтыншалық ҳәм бир мәртелик жумысларды орынлап атырған пуқаралар үлеси жоқары болып, олар тийкарынан басқалардың хожалықларына жәрдемлесиў, үй жумысларын орынлаў, өнимди жыйнаў ҳәм бөлиў, үй-жай қурыў ҳәм ремонтлаў, өнимлерди жеткерип бериў, жүклерди тасыў ҳәм түсириў, үй ҳәм регион майданларын тазалаў сыяқлы жумысларды әмелге асырады.
Республикада жумыссызлықтың жүзеге келиўи, оның салыстырмалы жоқары дәрежеде сақланып турыўы ҳәм халықтың жумыс пенен бәнтлигинде экономиканың рәсмий емес тармағы үлесиниң артып барыўына себеп болған тийкарғы машқалалардан бири сыпатында мәмлекетте жумысшы күшине талап ҳәм усыныстың сапа ҳәм сан жағынан сәйкес келмеўин көрсетеди. Себеби, бүгинги күнде жумыссыз халықтың үлкен бөлимиnн қәнигесиз хызметкерлер ҳәм мийнет базарына биринши мәрте шығып атырған жаслар қурамақта. Экономика тармақларында жумысшы күшине болған талапты қәнигели ҳәм жумыс тәжирийбесине ийе болған кадрларға талап болмақта.
Жумыссызлықты кемейтиў тийкарында мийнет базарындағы турақлылықты тәмийинлеў, әсиресе дүнья жүзи финанслық-экономикалық кризис процесинде мәмлекет тәрепинен социаллық-мийнет қатнасықларын басқарыўдың ең әҳмийетли ҳәм баслы бағдары екенлиги ҳаққында жуўмақ шығарыў мүмкиншилигин берди.
Өмир (жасаў) бир жерде тоқтап қалмайды. Соның ушында жүз бериўи мүмкин болған түрли апатшылықлар, дүнья жүзи экономикасының раўажланыўы ҳәм кризисин алдыннан көриў мүмкиншилигин беретуғын, ҳәр тәреплеме терең ойланған, анық мақсет ҳәм баслы бағдарларды өз ишине алған раўажланыў дәстүри ҳәм оны әмелге асырыў стратегиясына ийе болған мәмлекет ҳәм халық нәтийжеде жетискенликке ериседи.
Ҳәзирги ўақыттағы дүнья жүзиндеги финанслық кризис жумыс пенен бәнтлик машқалаларын қурамаластырып жиберди. Бул мәмлекет ҳәм жәмийет алдына социаллық-мийнет қатнасықлары машқалаларын шешиўге түптен жаңаша жантасыў ўазыйпаларын қоймақта.
Соның ушын глобалласыў ҳәм дүнья жүзи финанслық кризис шараятларында жумыс пенен бәнтлик машқалаларын изертлеў актуал болып табылады. Жумыс пенен бәнтлик ҳәр бир пуқараның мийнет етиў конституциялық ҳуқықты әмелге асырыў, жумыс күшин нәтийжели қайта пайда етиў менен байланыслы болып, мәмлекет экономикасын раўажландырыў ҳәм жәмийет мәплерине хызмет ететуғын жоқары өнимли мийнет мотивациясының тийкарғы факторы болып та табылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |