Саз топырақлы цемент тез қатыўшы гидравликалық бириктириўши зат болып есапланады. Бир сутка даўамында анағурлым механикалық беккемликке ийе болып қатады. Ол әсиресе қысқы ўақытлары қурылыс жумысларын алып барыўда оғада баҳалы болып есапланады. Саз топырақлы цемент гидротехникалық ҳәм суў асты жумысларында, сондай–ақ өзгермели тоңлаў ҳәм жибиў шараятларында, жыллылыққа шыдамлы еритпелер ҳәм бетонлар таярлаўда, кеңейиўши цемент алыўда ҳ.т.б. қолланылады.
Тексериў ушын сораўлар
1. Бириктириўши затларға нелер жатады?
2. Ҳәктиң қатыў процессин түсиндирип бериң?
3. Цементтиң шийки затларын айтың?
4. Цементтиң қатыў процессин түсиндирип бериң?
5. Цементтиң коррозияға ушыраўына не себеп болады?
6. Цементлерге қойылатуғын талаплар қандай?
Do'stlaringiz bilan baham: |