1-тема. Пәнге кирисиў. Суйықлық ҳәм оның физикалық қәсийетлери Реже


Суйықлық ҳәм оның физикалық қәсийетлери



Download 228,12 Kb.
bet3/4
Sana10.06.2022
Hajmi228,12 Kb.
#652066
TuriЛекция
1   2   3   4
Bog'liq
гидравлика нефт-1(кк)

1.3. Суйықлық ҳәм оның физикалық қәсийетлери

Суйықлық қандай ыдысқа салынса, сол ыдыстың қәлибин алатуғын ағыўшаңлық қәсийетине ийе, яғный оның белгили бир қәлиби жоқ болып табылады.


Барлық суйықлықлар ҳәм газлердиң қозғалыслары гидравлика нызамлықлары жәрдеминде үйрениледи. Суйықлықлар ҳәм газлерди бир-биринен ажыратыў ушын суйықлықларды тамшылаўшы суйықлықлар, газлерди болса эластик суйықлықлар деп қаралады. Буннан былай тамшылаўшы суйықлықлар қысқаша суйықлықлар деп аталады. Суў өзиниң ағыўшаңлық ҳәм қысылмаслық қәсийетлери менен басқа суйықлықлардан ажыралып турады.Гидравликада суйықлық дегенде әпиўайы тәбийғый суў нәзерде тутылады.
Гидравлика пәнинде теориялық изертлеўлерди әпиўайыластырыў мақсетинде идеал суйықлық түсинигинен пайдаланылады. Идеал суйықлық деп, басым ҳәм температура тәсиринде өзиниң көлемин абсолют өзгертпейтуғын ямаса абсолют қысылмайтуғын, өзгермес тығызлыққа ийе болған ҳәм ишки сүйкелиў күши болмаған, жабыспайтуғын суйықлықларға айтылады. Ҳақыйқатында қәлеген суйықлық басым ямаса температура тәсиринде аз болсада өз көлемин өзгертеди, оларда ишки сүйкелиў күшлери пайда болады. Демек, тәбиятта идеал суйықлық болмайды, яғный ҳәмме суйықлықлар реал суйықлықлар болып есапланады. Тыныш турған суйықлықта урынба күшлениў болмайды, қозғалыстағы суйықлықларда урынба күшлениў болады. Айтылғанлардан төмендеги жуўмақлар келип шығады:
1) тыныш жағдайдағы суйықлықлар үйренилип атырғанда суйықлықларды идеал ҳәм реал суйықлықларға ажыратыў зәрүрияты жоқ, себеби тыныш жағдайдағы ҳәр қандай суйықлықта урынба күшлениў болмайды;
2) реал суйықлықлар қозғалысы үйренилип атырғанда ишки сүйкелиў күшин яғный жабысқақлықты есапқа алыўымыз шәрт, себеби жабысқақлық қозғалыстағы реал суйықлықтың тийкарғы қәсийети болып есапланады.
Суйықлықлардың гидравликада пайдаланылатуғын тийкарғы физикалық сыпатламалары - тығызлық, салыстырма аўырлық, суйықлықтың ыссылықтан кеңейиўи, суйықлықтың қысылыўы, жабысқақлық ҳәм басқалар болып есапланады.
1. Суйықлықтың тығызлығы деп оның көлем бирлигиндеги массасына айтылады. Тығызлық ҳәриби менен белгиленеди:
ρ = М/V, (1.4)
бул жерде М- суйықлықтың массасы, кг;V- суйықлықтың көлеми, м3.
Базыда әмелиятта салыстырма тығызлық түсиниги қолланылады:
 δ = ρ/ρсув , (1.5)
Салыстырма тығызлық деп суйықлық тығызлығының суўдың 40C температурадағы ҳәм нормал атмосфера басымындағы (P=760 мм сынап бағанасы) тығызлығына қатнасына айтылады.
Айырым суйықлықлардың тығызлығы төмендеги 1.1-кестеде келтирилген.
1.1-кесте

Суйықлық түри

t, 0C

ρ, кг/м3

Суйықлық түри

t, 0C

ρ, кг/м3

Суў

0

997,87

Глицерин

20

1260

4

1000,00

Керосин

15

790-820

10

999,73

Веретин майы

20

889

20

998,23

Машина майы

20

898

30

995,67

Минерал майы

15

890-960

40

992,24

Трансформатор майы

20

887

50

988,07

Нефт

15

700-900

60

982,96

Симоб

0

13596

80

972,17

20

13546

100

958,44

Скипидар

18

870

Теңиз суўы

15

1020-1030

Метил спирти

15

810

Ацетон

15

790

Этил спирти

15-18

790

Бензин

15

680-740

Этил эфири

15-18

740

2. Суйықлықлардың көлем бирлигиндеги аўырлығына салыстырма аўырлық деп аталады. Салыстырма аўырлық γ ҳәриби менен белгиленеди:


γ = G/V (1.6)
бул жердеG-суйықлықтың аўырлығы.
Масса менен аўырлық бир-бири менен төмендегише байланыста болады:
Mg = G, (1.7)
M = G/g, (1.8)
g-еркин түсиў тезлениўи, м/с2.
(1.7) теңлемедеги масса муғдарын (1.4) теңлемеге қойсақ, тығызлық ҳәм салыстырма аўырлық арасында төмендеги байланыс мүнәсебети келип шығады:
γ =G/V (1.9)
буннан тығызлық
ρ = γ/g (1.10)
Базы суйықлықлардың салыстырма аўырлықлары төмендеги 1.2-кестеде келтирилген.
1.2-кесте

Суйықлық түри

t, 0C

γ, кН/м3

Суйықлық түри

t, 0C

γ, кН/м3

Суў

0

9,80537

Глицерин

20

12,2364

4

9,80665

Керосин

15

7,747-8,041

10

9,80400

Веретин майы

20

8,71811

20

9,78929

Машина майы

20

8,80637

30

9,76419

Минерал майы

15

8,728-9,414

40

9,73035

Трансформатор майы

20

8,69850

50

9,68966

Нефт

15

6,864-8,825

60

9,64519

Симоб

0

133,331

80

9,53336

20

132,841

100

9,40190

Cкипидар

18

8,53178

Теңиз суўы

15

10,003-10,1

Метил спирти

15

7,94339

Ацетон

15

7,74725

Этил спирти

15-18

7,74725

Бензин

15

6,669-7,257

Этил эфири

15-18

7,25692

Тығызлық ҳәм салыстырма аўырлық температураға байланыслы рәўиште өзгереди. Жоқарыдағы 1.1 ҳәм 1.2-кестелерде суў тығызлығы ҳәм салыстырма аўырлығының температураға байланыслы өзгериўи келтирилген.


3. Суйықлықлардың ыссылықтан кеңейиўи. Ыссылық өзгерген ўақытта тығызлық пенен бирге көлемде өзгерип барады. Суйықлықлардың бундай қәсийетлеринен әмелиятта пайдаланылады. Суйықлықлардың көлемлик кеңейиўин аңлатыў ушын “көлемлик кеңейиўдиң температура коэффициенти” шамасы киргизилген болып, ол төмендеги формула менен есапланады:
 βt = (1/W)•(∆W/∆t), , (1.11)
бул жерде ∆W=W-W0 -ысығаннан кейинги ҳәм басланғыш көлемлер айырмасы;  ∆t=t-t0 - тап усындай температуралар айырмасы.
t=200C нормал температурадағы бир неше суйықлықлар ушын βt ның мәниси төмендеги 1.3-кестеде келтирилген.
1.3 -кесте

Босим р,
Па

0C

1-10

10-20

40-50

60-70

90-100

βt , 1/0C

0,000014

0,000150

0,000422

0,000556

0,000719

4. Суйықлықлардың қысылыўы. Техника ҳәм тәбиятта басым жүдә үлкен болған жағдайлар ушырасады. Бундай жағдайда суйықлықлардың улыўма көлеми қаншелли үлкен болған сайын, көлемниң өзгериўиде соншелли сезилерди муғдарға ийе болады ҳәм есапқа алынады.


Суйықлықлардың қысылыўын аңлатыў ушын көлемлик қысылыў коэффициенти түсиниги киргизилген. Басымды бир бирликке арттырылғанда суйықлықтың көлем бирлигинде кемейген муғдары көлемлик қысылыў коэффициенти деп аталады ҳәм ол төмендеги формула менен есапланады:
 βP = - (1/W)•(∆W/∆p) , (1.12)
бул жерде ерда ∆p=p-p0  -өзгерген ҳәм басланғыш басымлар айырмасы. Бир неше суйықлықлар ушын βw ның мәниси төмендеги 1.4-кестеде келтирилген.
1.4-кесте

Суйықлық

Суў

Бензин

Глицерин

Сынап

Ылайлықлар

1/βw , мПa

2110

1,3*103

4,4*103

3,2*104

2,5*103

Көлемлик қысылыў коэффициентине кери үлкенлик эластиклик модули деп аталады ҳәм ол төмендегише анықланады:


К = 1/ βw, (1.13)
Дене массасының өзгермеслигинен (1.4-формула) пайдаланып көлемлик қысылыў коэффициенти ҳәм тығызлық арасында төмендеги байланысты келтирип шығарыў мүмкин:
-(∆W/W) = ∆ρ/ρ буннан βP = - (1/ρ)•(∆ρ/∆p) буннан  , (1.14)
Усы (1.14) формула суйықлық басымының өзгериўи тығызлықтың да өзгериўине себеп болыўын көрсетеди.
5. Жабысқақлық. Суйықлық қатламларының бир-бирине салыстырғанда қозғалыўына қарсылық көрсетиў қәсийетине суйықлықтың жабысқақлығы деп аталады. Жабысқақлық ҳәдийсеси суйықлықлар қозғалғанда жүзеге келеди. Қатламлардың қозғалысына қарсылық көрсетиўши күшке–ишки сүйкелиў деп аталады. 1686-жылда Ньютон тәрепинен суйықлық қатламларының өз-ара жылжыўына карсылык кылыўшы суйкелиў күши еки қатлам арасындағы бет майданына, қатламлардың бир-бирине салыстырғанда жылжыў тезлигине ҳәм усы суйықлықтың жабысқақлық коэффициентине туўры пропорционал деген гипотеза алдыңға сүриледи (1.1-сүўрет) ҳәм ол төмендеги формула арқалы аңлатылады:
F= ±µdS(du/dn), (1.15)
бул жерде du-жылжыў тезлиги; dS-қатламлардың бет майданы; µ-динамикалық жабысқақлық коэффициенти.
Динамикалық жабыскаклык коэффициентининг СИ системасында өлшеў бирлиги [μ] = н∙с/м2, СГС системасында дина∙с/м2=Пуаз (Пз) деп аталады.
Сүйкелиў күши теңлемесиниң еки тәрепин элементар майданға бөлиў арқалы бирлик майдандағы сүйкелиў күшин табамыз:
τ = F/S = ±μ(du/dn), (1.16)
Гидравликада, көбинесе кинематикалық жабысқақлық коэффициенти ν ден пайдаланылады:
ν = μ/ρ (1.17)
бул жерде μ -динамикалық жабысқақлық коэффициенти; ρ-суйықлықтың тығызлығы.
Кинематикалык жабыскаклык коэффициентининг СИ системасында ѳлшем бирлиги м2/с, СГС системасында см2/с ямаса стокс (ст). 1 м2/с = 104ст = 106 сст.




Download 228,12 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish