Ӛзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әжинияз атындағы



Download 7,55 Mb.
Pdf ko'rish
bet64/333
Sana09.07.2022
Hajmi7,55 Mb.
#760690
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   333
Bog'liq
5-секция Информацион-технология бойынша

REFERENCES 
BAYMUKANOV, A., and others. 2007. Camel selection of kazakh Bactrian 
on meat-milk and meat wool productivity. 
Modern condition and perspectives of 
developing zootechnical science and practice of livestock-breeding. 
SOKRATYANS, YU., ATAKURBANOV, F. 2004. Reserves for increasing 
camel husbandry productivity. 
Agriculture of Uzbekistan. №2. 
LAKOZA, I., SHEKIN, V., 1959. Camel husbandry and the basis of goat 
breeding and mule industry. 
Moscow. 105-114. 
ABDIROV, B., SAPARBAEV, J., ESEMURATOV, P., 2012. Changing 
characteristics of natural pastures and perspectives of camel husbandry in the 
condition of the Republic of Karakalpakstan. 
Materials of international scientific-
theoretical conference “Problems of rational use and protecting biodiversity of the 
Southern Aral Sea”. Nukus. 4-5. 
 
ТОПЫРАҚҚА ЕГИС АЛДЫ ИСЛЕЎ БЕРИЎ ТЕХНОЛОГИЯСЫ ҲӘМ 
ОҒАН ҚОЙЫЛАТУҒЫН АГРОТЕХНИКАЛЫҚ ТАЛАПЛАР 
 
Утепбергенов Б.К.- т.и.к., доцент, Рамазанов Б.Н.- ҥлкен оқытыўшы, 
Рамазанов Б.Б.-ассистент, Кенгесбаев Р.Б.- магистрант 
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нӛкис филиалы 
 
Топыраққа егис алдынан ислеў бериў операциялары аўыл хожалық 
егинлерин жетистириўде олардан жоқары ӛним алыўға бағдарланған 
тийкарғы әҳмийетли агротехникалық илажлардың бири болып есапланады. 
Егиске таярланған атызлардың микрорелефлери тегис, сүрим қатламындағы 
топырақ фракциялары киши ӛлшемдеги кесеклерден дүзилген болыўы зәрүр. 
Агротехникалық талап бойынша топырақтың жоқарғы қатламдағы (0...10 см) 
баҳалы топырақ фракциясы (≤ 25 мм) 80% тен кем болмаўы, зәрүр 
муғдардағы ығаллыққа ҳәм ӛсимлик қалдықларынан, тамырлардан тазаланған 
болыўы керек. 


97 
Республикамыздың пахта жетистириўши районлары топырақ-ықлым 
шараятлары ҳәм топырақты егиске таярлаў технологиясы бойынша тӛмендеги 
үш зонаға бӛлинеди.
Биринши зона таўлы районлар есапланып топырақ қурамы дузланбаған 
майданлардан ибарат болып, жер асты суўы 10-12 м тереңликте жайласқан. 
Бул зона басқа зоналарға салыстырғанда атмосфералық жаўын-шашынлар 
кӛп болғанлықтан ғаўашаны қосымша суўғарыўсыз тәбийғый ығаллықта ӛсип 
шығыўын тәмийинлейди. Бул зона улыўма егислик майданның 25 % ин 
қурайды. Бул зоналарда атызларға гүзги шүдигарлаў жумысларын әмелге 
асырыў, топырақ қурамында жетерли муғдардағы ығаллықа ийе болыўын 
тәмийинлейди. Бул районларда топыраққа егистен алдын ислеў бериўде 
даланы ерте бәҳәрде тырмалаў ҳәм егис алды тегислеў операцияларын ӛз 
ишине алады. Ерте бәҳәрги дала бетин тырмалаў топырақ ығаллығы кемейип 
агрегатлардың атызлардан жүриў мүмкиншилиги пайда болғанда әмелге 
асырылады. Жаўын-шашын кӛп болған жағдайда атызларды қайтадан 
тырмалаў жумыслары орынланады. Сондай-ақ, ерте бәҳәрдеги топырақты 
тырмалаў жумыслары атызлардағы жабайы шӛплерди жоғалтыў мақсетинде 
де әмелге асырылады. Егер де жаўын-шашын муғдары аз болған жағдайларда 
ҳәм тырмаланғаннан кейин атызда үлкен ӛлшемдеги кесеклер пайда болса,
тырмалаў жумыслары малалаў менен биргеликте орынланады. Егерде 
топырақ ҳәдден тысқары тығызланған болса, онда тырмалаўдың орнына 
чизель-култиватор ямаса аўыр дискалы тырма менен ислеў бериледи. 
Екинши зона киши қыялықтағы рельефке ийе, топырағы дузланбаған, 
жер асты суўы 10-12 м тереңликте жайласқан, атмосфералық жаўын шашын
муғдары аз болған районлар киреди. Сонлықтан, жаўын-шашын муғдары кем 
болғанлықтан тәбийғый ығаллық ғаўашаның нормал ӛсип шығыўын 
тәмийинлей алмайды. Бул зоналарда ғаўашаның нормал ӛсип шығыўы ушын
аўсық суўларды топлаў ямаса егис алдынан атызларды суўғарыў бойынша 
қосымша илажлар орынланады. Бул зоннаның майданы улыўма егислик 
майданының 17 % ин қурайды. Бул зоналарда топыраққа ислеў бериў 
топырақ ығаллығын сақлаў мақсетинде тырмалаў ҳәм 2 - 3 мәртебе чизель-
култиватор менен жумсартады. Топырақты егиске таярлаў операциясы 1-2 
мәртебе малалаў менен биргеликте тырмалаў жумыслары ақырына 
жеткереди. 
Үшинши зонаға ҳәр түрли дәрежеде дузланған, жер асты суўлары 1-3 м 
тереңликте жайласқан батпақлы топырақлы жерлер есапланады. Бул 
зоналарда атмосфералық жаўын-шашынлар муғдары кем ҳәм дузланыў 
дәрежеси жоқары болғанлықтан, егислик атызларды арнаўлы жуўып 
суўғарыўсыз егинлердиң нормал ӛсип раўажланыўын тәмийинлей алмайды. 
Бул зонаның майданы 58 % ти қурайды. Бул зонада топыраққа ислеў бериў 
ығаллықты сақлаў мақсетинде тырмалаў менен бирге топырақ терең 
сүриледи. Буннан кейин топырақты чизель-култиватор менен терең (15...20 
см) ислеў бериледи. Топырақты таярлаў жумыслары 1-2 мәртебе бир 
ўақыттың ӛзинде малалаў ҳәм тырмалаў менен тамамланады. 


98 
Күшли дузланған, жоқары тығызланған атызлар, шайып суўғарылады
ҳәм бәҳәрде сүрилген далалар 2-3 мәрте топыраққа чизел-култиватор менен 
ислеў бериледи, оннан кейнин малалаў-тырмалаў жумыслары әмелге 
асырылады. Кӛп мәрте егис алды ислеў бериўден кейин атыз жақсы 
тегисленген ҳәм тығызланған кӛриниске келеди.
Атыз бетин егис алды тегислеўдиң тийкарғы ўазыйпасы, бул пахта ҳәм 
басқа да егин тухымларын белгили тереңликте сапалы егилиў, оның тегис 
ӛнип шығыўы ҳәм ӛсимликтиң раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар 
жаратыў болып табылады. Буннан басқа да тегисленген атызларда кейинги 
орынланатуғын технологиялық операциялардың сапа кӛрсеткишлери артады. 
Атыз бетлерин тегислеўде дала бетиндеги бийикликлер қырқып алынады 
ҳәм ойлы орынларға тасланады, соның менен бир қатарда, топырақтағы 
кесеклер майдаланып топырақтың агрегатлық қурамы жақсыланады, буның 
нәтийжесинде топырақ бети бир қанша тегис кӛриниске ийе болады.
Атыз бетиниң тегислениўи машина-трактор агрегатының жумысына ҳәм 
жумыстың сапалы орынланыўына үлкен тәсир етеди. Солай етип, егис алды 
атыз бетиниң тегислениўи 87 - 90 % егилген тухымның топыраққа оптимал 
тереңликте болыўын тәмийинлейди. 
Жоқарыда келтирилген мағлыўматларға ҳәм басқа да изертлеў 
нәтийжелерин анализлеп, пахташылық зонасында топырақты егис алды 
тегислеўге 
қойылатуғын 
тийкарғы 
агротехникалық 
талаплар 
тӛмендегилерден ибарат: 
1. Атызда егис алды тегислеў 0...10 см тереңликте, топырақ ығаллығы 
15...18 % болғанда ӛткериледи. 
2. Агрегат атыздан ӛткеннен кейинги тегис емеслигиниң орташа 
квадратлық аўысыўы ± 2 см ден артпаўы керек. 
3. Агрегат ӛткеннен кейинги топырақ тығызлығы 0...10 см тереңликте 
1,1...1,3 г/см
3
аралығында болыўы керек. 
4. Ислеў берилген топырақ қатламында ӛлшеми 25 мм ден үлкен 
болмаған ӛлшемдеги топырақ фракциясы қурамы масса бойынша улыўма 
массаның 80 % тен кем болмаўы керек. Ӛлшемлери 100 мм ден үлкен болған 
кесеклердиң болыўына рухсат етилмейди. 
5. Агрегаттың жумыс органлары топырақ ҳәм ӛсимлик қалдықлары 
менен тығылып қалмаўы керек. 

Download 7,55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   333




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish