Список литературы
4.
Ажиев А. Б. К изучению видового состава диких сородичей
культурных растений Каракалпакстана и Хорезма // Вестник науки и
образования. 2016. №9 (21). –С. 24-28. DOI:
10.20861 /2312-8089-2016-21-001
.
27
ИЙТ СИЙГЕК (ANABASIS АPHYLLA L.) - ӚCИМЛИГИНИҢ
ДӘРИЛИК ҚӘСИЙЕТЛЕРИ
М.Т.Балтабаев - доценти, С.Калбаева – 1-курс студент
Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы
Ийт сийгек (Anabasis аphylla L.) ӛcимлиги соралар туқымласына кирип,
бойы 30-90см ге жететуғын ярым пута кӛп жыллық шӛп денели ӛсимлик.
Пақалының ең тӛменинен бир жыллық шақалар пайда болады.
Пақалы жасыл, суўлы цилиндр тәризли болып келеди. Шақалары
жапырақсыз, жапырақлары жоғалып қабықларға, теңгешелерге айланған.
Оның шетлери перде сыяқлы томпақлаў. Ийт сийгек март айында кӛгереди,
оның тамыры жуўан, оқ тамырлы. Ол июнь-июль айларында гүллейди.
Гүллери кӛримсиз, узынлығы 1,5-2мм ге жетеди, топ гуллери масақ
формасында болып, шақасы ушында жайласқан. Мийўеси август, сентябрь
айында писеди, мийўеси қанатшалы болады. Мийўеси суўлы болып,
қанатшаларға қарағанда қысқарақ болады [3].
Ийт сийгек Республикамыздың тақыр, кебирли, шорлы жерлерде, қумлы
топырақларда, жер асты суўы жақын егин егилмейтуғын жерлерде, шӛл, ярым
шӛлли далаларда ӛседи [1].
Қарақалпақстанда Әмиўдәрья қуярлығында, барлық районларда, әсиресе
Хожели ҳәм Қоңырат районларында жер асты суўлары жақын жайласқан
дузлы топырақларда ӛседи ҳәм кӛп майданларды ийелейди.
Оны августтан баслап, сентябрьдиң орталарына шекем жыйнайды.
Ӛсимликтиң ҳәмме бӛлими зәҳәрли.
Ийт сийгек ӛсимлик гүллегенде жасыл реңли бир жыллық шақалары
орақ пенен орып алынады ҳәм сая жерде кептириледи. Тамыры гейде гүзде
қазып алынады, топырақтан тазаланады, суў менен жуўып, майда бӛлеклерге
бӛлинеди ҳәм ашық ҳаўада кептириледи [2].
Ийт сийгектиң қурамында альколоидлар: анабазин, афиллин, афиллидин,
лупинин, оксиафиллин, оксиафиллидин, лимон, шабель, органикалық
кислоталар, крахмал ҳәм басқа да затлар бар.
И.И. Гранитовтың мағлыўматы бойынша никотинге усаған анабазин,
афиллидин, шупинин ҳәм афиллин деген зәҳәрли затлар бар, ал С.
Даўлетмуратовтиң кӛрсетиўи бойынша, Қарақалпақстанда ӛсетуғын ийт
сийгектиң қурамында 1,5-8% ке дейин альколоидлар бар екенлигин
кӛрсетеди. Соның ишинде анабазин бӛлип алынған ҳәм оның организмге
тәсири никотинниң тәсириндей болады.
Анабазин сульфаты аўыл хожалық зыянкеслери менен қарсы гүресиў
ушын қолланылады.
Қазақстанда анабазин сульфат ислеп шығарылып, ол аўыл хожалығы
егинлери зыянкеслерине қарсы гүресиўде пайдаланылған. Усы мақсетте
анабазинди суўда қайнатып, пайда болған суйықлықты пайдаланган.
Анабазиннен никотин кислотаси (витамин РР) алынып, медицинада кең
пайдаланады. Қарақалпақстан жағдайында ийт сийгектиң қоры С.
Даўлетмуратов тәрепинен анықланған. Оның улыўма биологиялық қоры
28
(запасы) 895,5 т., ал ҳәр жылғы таярлаў муғдары 390,4 тоннадан асады.
Республикамызда жылына 390,4 тонна қурғақ ийт сийгек ӛсимлигин
таярлаўға болады.
Халық медицинасында ийт сийгек тамырынан таярланған қайнатпа ӛкпе
кеселлиги, пақалынан таярланған унтағы (порошоги) жараларды емлеў ушын
пайдаланады. Анабазин күшли зәҳәрли болғанлықтан медицинада анабазин
альколоидларынан алынған дәрилер- метиланабазин никотин кислотаси
(витамин РР) ҳәм лупикаин пайдаланады. Метиланабазин кеселлердиң дем
алыўы тӛменлегенде, оны күшейтиў ушын, ал витамин РР (никотин
кислотасы) пеллагра кеселигин емлеўде, лупикаин ҳазарды қайтарыўшы
(анестезия етиўши) дәри сыпатында қолланылады.
Ӛзбекстан Илимлер Академиясының ӛсимликлер химиясы институты
хызметкерлери тәрепинен ийт сийгектен анабазин гидрохлорид дәриси
алынып, оны папиросты қойдырыў ушын оны медицинада кең қолланып
атыр.
Ҳәзирги ўақытта анабазинниң ӛзинен сульфидинниң орнын басатуғын
қымбат дәрилер таярлаў мүмкиншилиги анықланды.
Do'stlaringiz bilan baham: |