ӚЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ
БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ
ҚУРЫЛЫС ФАКУЛЬТЕТИ
ИМАРАТЛАР ҲӘМ СООРУЖЕНИЕЛЕР ҚУРЫЛЫСЫ КАФЕДРАСЫ
ТЕМИРБЕТОН ҲӘМ ТАС КОНСТРУКЦИЯЛАРЫ
ПӘНИНЕН ЛАБОРАТОРИЯ ЖУМЫСЛАРЫН ОРЫНЛАЎ УШЫН
МЕТОДИКАЛЫҚ ҚОЛЛАНБА
НӚКИС-2020
Бул методикалық қолланба – Темирбетон ҳәм тас конструкциялары
пәниниң оқыў ҳәм исши оқыў дәстүрлери ҳәмде «Қурылыс нормалары
қағыйдалары» талаплары тийкарында таярланды.
Методикалық қолланбада тийкарынан студентлер 4 лаборатория
жумысларын орынлайды ҳәм есабатды өз үстинде толтырып барады.
Есабатлар арнаўлы бланкаларда толтырылады. Тәжирийбе сынаў
нәтийжелери есаплы нәтийжелер менен анализленеди.
Методикалық қолланба 5340200-Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы
бакалавр тәлим бағдары студентлери ушын усыныс етиледи.
Дҥзиўшилер:
Алламбергенов А -“Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы”
кафедрасы үлкен оқытыўшысы
Доспанов Р -“Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы” кафедрасы
стажёр оқытыўшысы
Пикир билдириўшилер:
Ешниязов Р – ҚМУ, «Инженерлик коммуникациялар қурылысы»
кафедрасы баслығы
Айымбетов И - ӨзРИА ҚҚ бөлими лаборатория баслығы, т.и.д.
КИРИСИЎ
Темирбетон
ҳәм
тас
конструкциялары
пәнинен
лаборатория
жумысларын орынлаўдан мақсет:
- теориялық өтилген материалларды әмелде сынап үйрениў.
Бунда төмендеги ўазыйпаларды орынлаў нәзерде тутылған:
- темирбетон конструкциялар ушын қолланылатуғын бетонның физика-
механикалық характеристикаларын сынаў жолы менен анықлаў (1-
лабораториялық жумыс)
- темирбетон конструкциялар ушын қолланылатуғын арматураның
физика-механикалық характеристикаларын сынаў жолы менен анықлаў (2-
лабораториялық жумыс)
- бир тәреплеме арматураланған ийилетуғын элементлердиң нормал
кесим бойынша беккемлигин сынаў жолы менен анықлаў ҳәм оны есаплы
муғдарлары менен салыстырыў (3-лабораториялық жумыс)
- бир тәреплеме арматураланған ийилетуғын элементлердиң қыя кесим
бойынша беккемлигин сынаў жолы менен анықлаў ҳәм оны есаплы
муғдарлары менен салыстырыў (4-лабораториялық жумыс)
Темирбетон
ҳәм
тас
конструкциялары
пәнинен
лаборатория
жумысларын орынлаў процессинде студентлер төмендегилер менен
танысады:
- тәжирийбе сынаўларды орынлаў бойынша мәмлекетлик стандартлары;
-
тәжирийбе сынаўларды орынлаў ушын қолланылатуғын өлшеў
әсбаплары;
- тәжирийбе сынаўларды орынлаў ушын қолланылатуғын әсбап-
үскенелери;
- термирбетон элементлерин сынаў усыллары ҳ.т.б.
Темирбетон элементлерин сынаўдан алдын студентлер техника-
қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылыўы шәрт.
Do'stlaringiz bilan baham: |