ЕРКИН ВАҲИДОВ ҲӘМ САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВ ЛИРИКАСЫНДА
ҲӘЗИРЕТИ ҚЫЗЫР ОБРАЗЫ
Атағулла СATБАЕВ,
магистрант (Қарақалпақ мәмлекетлик университети)
Кӛркем образ ҳәр қандай әдебий шығарманың тийкарын қурайды.
Шайыр образ арқалы ӛз идеясын жеткерип береди. Айырым лирикалық
дӛретпелерде микросюжет қолланылып, оның тәсиршеңлиги ҳәм
кӛркемлилигин асырыў мақсетинде образлардан пайдаланылады. Кӛпшилик
шайырлар халық аўызеки дӛретпелери тийкарында сюжетли қосықлар
жаратаып, оларда фольклорлық, мифологиялық образлардан пайдаланады.
Ҳәзирети Қызыр – халық дәстанларында ең кӛп тилге алынатуғын
образлардың бири. Халық дәстанларында Қызыр тийкарынан ашықлардың
пири, қәўендери сыпатында пайда болады [6.47] Бул образ тек кең кӛлемли
эпикалық дӛретпелерде ғана емес, ал киши кӛлемли фольклорлық жанрларда
да кең түрде ушырасады.
Қызыр (Қыдыр) ата образы түркий халықлар фольклорында белгили
дәрежеде үйренилген. Г.П.Снесарев, М.Сеидов, Г.Акрамов, К.Имомов,
М.Жўраев, С.Қасқабасов, К.Шаниязов, Ф.И.Нурмановлар тәрепинен ӛзбек,
қазақ, әзербайжан халықлары аўызеки дӛретиўшилигинде бул образ сол
халықлар фольклорының миллий ӛзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда
изертленилген. Қарақалпақ әпсаналары системасында диний култқа исеним
тийкарында бул образға жоқары дәрежеде баҳа бериледи ҳәм Қызыр ата
инсанлардың қорғаўшысы, олардың келешеги ҳәм тағдирин белгилеўши күш
сыпатында сүўретлениледи [1.16].
Қарақалпақ фольклорында Қыдыр ата ҳәм Қызыр ата түринде
ушырасады. Бул образ бойынша арнаўлы диссертация жумысын жақлаған
илимпаз бундай атамалар бир образдың еки түрли мифоним менен аталған
аты деп кӛрсеткен еди [5, 17].
Ӛзбекстан халық шайыры Е.Ваҳидовтың ―Ҳәзирети Қызыр ҳәм заман
ҳаялы‖ қосығында дидактикалық мазмундағы эпизод берилген болып, онда
ҳәзирги заманда жасап атырған ҳаялға халық арасында ―бахит бериўши‖,
―тилеклерди орынлаўшы‖ деп тәрийипленетуғын Қызыр ата дусласады ҳәм
былай дейди:
Ол Әлийҳиссалам әдетке кӛре,
-Тиле тилегиңди, дедилер сол ўақ.
Қызырман қәлеген нәрсеңди сора,
Бәржай келтирермен қолласа әрўақ [7, 12].
―Қыдыр ата ҳәм Иляс пирлер ҳаққындағы әпсаналар басқа да түркий
халықлар сыяқлы қарақалпақлардың руўхый дүнясына терең сиңисип, ең кӛп
тараған әпсаналар екенин айтыў керек. Халықтың барлық пәтиясында ҳәм
алғысында Қуда, Муҳаммед пайғамбарлар аты менен бирге Қыдыр, Қызыр,
Иляс аты аталып, оған сыйыныў дәстүрге кирип кеткен. Қыдыр ата аданың
152
тәғдиринде ең жақын пири есапланады. ―Қыдырды кӛрген адам не тилесе
тилеги қабыл боладымыш‖ [4, 204] деген диний инанымлар бар болып,
қосықта усындай кәрәматлы ўақыя сӛз етилип, пир ҳаялдың тилегин
орынламақшы болады. Шайыр ҳаялдың образын былайынша сыпатлаған:
Ертек ҳақыйқатқа айланған дәўран,
Таңланбақты қойған бизиң ҳаяллар.
Әлбетте, оларға хош келер бирден,
Тиле тилегиңди, деп турса шаллар.
Жаўан тартынбады, арз қыла кетти,
Арзыў-ҳәўеслерин, шексиз, бийпаян.
Қызыр шаршап қулар ҳалатқа жетти,
Қызыр болғанынан жүзмың пушайман [7, 12].
Шайыр ҳәзирги заманда ҳаяллар минез-қулқының, психологиясының
ӛзгергенлиин, олардың байлыққа, даңқ-абырайға умтылыўшылықлары ҳәўиж
алып баратырғанлығын сатиралық пафоста шеберлик пенен сүўретлеп
берген. Қосық жуўмағында заманагӛй ҳаялларға әпсанәўий ҳәм қүдиретли
деп танылған Ҳәзирети Қызырдың да сабыры жетпеслиги айтылады:
Сорлы кӛкке қарап, ҳәсиретте, дағда,
Деди: исиңди ал, я пәрўардигар!
Болмса, әй тәңрим жақты дүньяда,
Мени ҳаялларға дус қылма зинҳәр! [7, 12]
Еркин Ваҳидов поэзиясына тән болған формалық қысқалық, юмор-
сатиралық эпизод арқалы философиялық жуўмақ ҳәм үлкен мазмун бериў
ӛзгешеликлери бул қосықта да кӛзге тасланады.
Қарақалпақ лирикасының белгили ўәкили С.Ибрагимов поэзиясында
Қызыр образы обьектив-эпизодик образ сыпатында бериледи. Оның диний
исенимге бола уллылғы, қүдиретлилиги лирикалық қаҳарманның кеўил-
кеширмелери менен тутасып кетеди.
Шайыр қосықларында қурамалы пикирлеў басым болып, субьектив
қаҳарман сезимлери, ӛмир ҳаққындағы толғаныслары диний түсиниклер
менен параллел тәризде бериледи:
Пердениң артында басқа дүньяда
(Қызыр пайғамбардың нәпеси
Иляс пайғамбарға ӛткен дүньяда)
мәселе болады мениң үстимде:
жолларымда шӛли-биябанларда
мәдет болады я болмай қалады... [2, 88]
Қосықта Қызыр образы атап ӛтилип, ол ҳәм лирикалық қаҳарман
дүнялары ортасындағы ӛзара байланыс туўралы сӛз етиледи. Шайыр бул
диний-мифологиялық образға үлкен силтеме берип ӛтпесе де Қызыр атаның
қүдиретлилигин ―нәпес‖ деталы (символы деп атасақ та болады-А.С)
жәрдеминде сүўретлеп берген.
Бирақ, сени шығармайды майданнан
153
шыргүбелек айландырған мәмелек –
бахтың да, тахтың да усы жолларда
елеспесиз Қызыр-Иляс жүреди [2, 91].
Шайыр қосықларында ҳәр бир сӛзге поэтикалық ўазыйпа жүклейди.
Қосықта ―мәмелек‖ сӛзи қолланылып, ―Қарақалпақ тилиниң түсиндирме
сӛзлиги‖нде бул сӛзге ―Мәмелек-жин, шайтан‖ [3, 18] деп тәрийп берилген.
Ал, жин, шайтан–бул мифологиялық образлар болып, диний кӛзқараслар
бойынша инсан ӛзи турған жерге қайта-қайта айланып келе береди ҳәм басқа
жаққа кете алмайды. Халық аўзында бул ҳәдийсе ―мәмелек‖, ―мәмелек
айландырыў‖ деп аталады. Шайыр ӛз қаҳарманының руўхый ҳалатын
тәсирли тәризде бере алған, унамсыз сыпатқа ийе болған ―мәмелек‖ образына
бахыт тымсалы есапланған Қызыр образын қарама-қарсы қойып, ―Инсан
ӛмиринде қуўаныш ҳәм қайғы тең‖ деген идеяны ӛз дӛретпесинде
сәўлелендирген.
Жуўмақластырып айтқанда, фольклорлық дәстүрлер, образлар ҳәзирги
жазба әдебиятта кӛркемлик хызметте қолланылып келинбекте. Биз бул
мақаламызда Е.Ваҳидов ҳәм С.Ибрагимов лирикасында Қызыр образының
қолланылыў ӛзгешеликлерин талқылап, ол диний-мифологиялық персонаж
сыпатында лирикалық қаҳарман тилеклериниң орынлаўшысы, бахыт
белгиси, адамзат исенимлериның тымсалы болып сүўретелнегенин
анықладық. Шайырлар индивидуаль стильине бола Қызыр образына ҳәр
түрли бағдарда қатнас жасаған.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1.
Бекимбетов А. Қорақалпоқ халқ афсоналарининг ўзига хос хусусиятлари,
таснифи ва сюжет таркиби. Филология фанлари бўйича фалсафа доктори
(PhD) диссертацияси автореферати. Тошкент, 2020.
2.
Ибрагимов С. Таңламалы қосықлар. – Нӛкис, Билим, 2016.
3.
Қарақалпақ тилиниң тусиндирме сӛзлиги. III том. Қарақалпақстан, 1988.
4.
Мақсетов Қ. Қарақалпақ халқының кӛркем аўызеки дӛретпелери. – Нӛкис,
Билим, 1996.
5.
Нурмонов Ф. Хизр образининг генезиси ва унинг ўзбек фольклоридаги
талқини. Филология фанлари бўйича фалсафа доктори (PhD) диссертацияси
автореферати. Тошкент, 2007.
6.
Рўзимбоев С, Рўзметов Ҳ. Фольклор атамалари қисқача луғати. – Урганч,
2007.
7.
Ваҳидов Е. Руўхлар қозғалаңы. – Нӛкис, Билим, 2016.
Do'stlaringiz bilan baham: |