29
Дән ӛнимлерин кӛбейтиўде, халқымыздың дән ӛнимлерине болған талабын толық
қанәәтландырыўда салы айрықша әҳмийетке ийе.
Салы егини егислик майданы ҳәм зҥрәәтлиги бойынша дҥнья жҥзинде екинши орынды ийелейди.
Адам организминде гҥриштиң 95,9 % ӛзлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасының экономикасы ҳәм социаллық жағдайы салы жетистириў менен
тығыз байланыслы екенлиги ҳеш кимге сыр емес.
Кейинги жыллары суўғарыўға кететуғын Әмиўдаря бассейнинде суўдың муғдарының кемейип
кетиўи, салы егиси ҳәм вегетация дәўиринде жҥдә там-тарыс болыўы себепли Республикамыз аймағында
салының егислик майданы кескин кемейип кетти.
Бизиң аймағымызда кейинги жыллары салының жҥдә тезписер «Санам» «Нӛкис-2», «Жайхун»,
«Нӛкис-70» ҳәм басқада сортлары жаратылып аймағымыз ушын районластырылып мәмлекетлик
реестирине киритилген. Салының Гҥлистан 2017 жыл келешеги бар сорт деп табылған.
Бул сортлар алды менен бир- биринен, бир тҥрли жағдайда ҳәр қыйлы муғдарда зҥрәәт топлаў
қәсйиети менен ажыралып турады. Бул сортлардың потенциал зҥрәәтлилиги 60-65 ц/га дан 90-100 ц/га тең
болғаны менен, ӛндирис жағдайында обектив ҳәм субектив себеплерге байланыслы орташа зҥрәәтлик 35-
40 ц/га аспай турыпты. Салының жҥдә тезписер ҳәм тезписер сортларына ӛндирис талабы жҥдә кҥшли
болып, бул сортларды гҥзлик бийдайдан алдын ямаса кейин тәкирарланыўшы егин сыпатында
пайдаланып жайластырыўға болады, нәтийжеде бир атыздан еки ӛним алыў мҥмкиншилигин береди.
Салының «Санам» сорты ӛндирис жағдайында 90-100 кҥнлик вегетациясы даўамында 40-50 ц/га сапалы
узын гҥришли ӛним топлаў қасийетине ийе. Бул жағдайда суўғарыў нормасын ҳәм пестицидлерден
пайдаланыў муғдарын кемейтип аймағымыздың экологиялық жағдайын жақсылаўға имканият жаратады.
Сортлардың зҥрәәтлилик қәсийетлерин сақлаў, жоқары егислик кондицияға ийе туқымларды
жетерли муғдарда таярлаў, салының жабайы қызыл гҥришли формаларын жоқ қылыў жумысларын
системалы тҥрде алып барыў арқалы ерисиўге болады. Жоқары сапалы кондицион туқым жетистириў
ушын туқым атызларында исленетуғын барлық агротехникалық илажлар ӛз ўақытында жоқары сапада
ӛткерилиўи керек.
Салының зҥрәәтлилигин жоқарылатып ӛним сапасын жақсылаўға илмий тәрептен тийкарланған
барлық комплекс агротехнолгиялық илажларды ӛз ўақтында толық сапалы етип булжытпастан орынлаў
арқалы ерисиўге болады.
Илажы барынша салы егислигин барлық қолайлыққа ийе болған инженерлик суўғарыў
системасына жайластырыў керек. Бундай болмағанда салы егислигине қоңсы жерлердиң мелиоративлик
аўҳалының жаманласыўына изейлеп кетиўине жол қойылмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: