6.5 Безеў айнасы
Безеў айнасы меъморчилик, декорация жумысларын орынлаўда ислетиледи. Безеў
айнасы реӊли, ѐрқин, жалтырақ, атмосфера орталығына шыдамлы ҳәм беккем болыўы керек.
Безеў панеллери айнасы (стемалит) тапланған полировкаланған қалыӊ айна (6 мм)
ишки бетине реӊли керамикалық бояўлар қапламасы сүртилип алынады. Стемалит
жәмийетлик имаратлары-мийманханалар, минстрликлер, экспоорайлар ҳәм т.б. ларды
безеўде ислетиледи.
Марбилит қалыӊ (12 мм) реӊли айна болып, бир тәрепи полировкаланған ҳәм екинши
тәрепи болса гедир-будырланған болады. Марбилит имаратларды ишки ҳәм сыртқы тәрептен
безеўде, терезе асты тахталары, сатыў витриналары, иш столлары таярлаўда ислетиледи.
Эмалланған шийша плитка 150х150, 150х175 мм ӛлшемлерде, қалыӊлығы 3-5 мм етип
шығынды айнадан шийша эмалы қаплап таярланады. Эмалланған айна кептирилгеннен
кейин хумдонда күйдириледи. Ӛним имаратлардыӊ ишки безеўи ушын ислетиледи.
Шийша мозаика гилем мозаика ҳәм смалт түрлерине бӛлинеди. Гилем мозаика 20х20
мм ямаса 25х25 мм ӛлшемдеги сўниқ реӊли плиткалар есапланады. Смалт реӊли шийша
бӛлеклери болып, кӛркем мозаика пайда етиўде ислетиледи. Гилем мозаика ҳәм смалт
қурылыс-меъморчиликда паннолар, суратлар пайда етиўде қолланылады.
Кўзгу айнасы полировкаланған 4-10 мм қалыӊлықтағы айнаныӊ бир тәрепине жуқа
алюминий ямаса гүмис қапланып таярланады. Кўзгу айна имаратлардыӊ ишки безеўи ушын
ислетиледи.
6.6 Шийша буйымлар ҳәм конструкциялар
Ковакли шийша блоклар кепсерленген еки бӛлектен ибарат болып, нурды таратыўшы,
ыссылық ҳәм даўыс изоляциялаўшы қәсийетлерге ийе. Шийша блок ишки тәрепиндеги
сызықлы бўртмалар нурды таратыўға жәрдем береди. Олардыӊ нур ӛткизиўшеӊлиги 65% тен
кем емес, нурды таратыўы 25%, ыссы ӛткизиўшеӊлиги 0,4 Вт
м
0
С әтирапында болады.
Шийша блоклар реӊли ҳәм кӛп бӛлмели болыўы мүмкин. Олар сантехкабиналарда, маиший
хызмет, аўқатланыў орынларында, лесница бӛлмелеринде ислетилиўи мүмкин. Шийша
блоклар темирбетон каркас ишине арнаўлы араласпа менен терилип конструкция
таярланады. Олар ѐнмаслик талаблары қойылатуғын санаат ҳәм жәмийетлик имаратларында
ислетиледи (6.1-сүўрет).
Шийша пакетлер еки ямаса үш қатлам айнаны арнаўлы рамаларға ҳаўа кирмейтуғын
етип герметиклер жәрдеминде орнатылады. Шийша пакетлер терлемейди, ыссылық ҳәм
даўыс изоляциялаўшы болады. Олар айнаныӊ әпиўайы, тапланған, нур қайтарыўшы ҳәм
реӊли түрлери тийкарында таярланады. Шийша пакетлер жәмийетлик ҳәм санаат
имаратларында ислетилиўи мүмкин.
46
Do'stlaringiz bilan baham: |