Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet33/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   290
Bog'liq
ОМК

Шийки зат массасын таярлаў
. Табийий ҳалдағы қазып алынған гил керамикалық 
буйымлар ислеп шығарыў ушын жарамсыз болады. Буйым таярлаў ушын гилдиӊ табийий 
дүзилисин бузыў, оннан зыянлы араласпаларды шығарып таслаў, ири араласпаларды 
майдалаў, гилди порошок ҳалына келтириў ҳәм қосымшалар қосыў, барлық компонентлерди 


33 
қуйма масса пайда болғанға шекем арнаўлы машиналарда (гилди езиўши дигирман, парракли 
араластырғыш ҳәм т.б.) араластырылады. Шийки зат массасы буйым түри, шийки зат түри 
ҳәм қәсийетине қарай пластик, ярым қурғақ, турақлы (бикр), қурғақ, ҳәм ығал (шликер) 
усылларда таярланады. Пластик усылда шийки зат компонентлери табийий ығаллылықта 
ямаса кептирилген болса, 18-28% ығаллылыққа шекем суў араластырып таярланады. 
Пластик усылда алынған шийки зат массасынан гербиш, керамикалық тас, черепица, труба 
ҳәм басқа буйымлар таярланады. 
Бикр усылда қәлиплеў пластик усылдыӊ раўажландырылған заманагӛй усылы болып, 
шийки зат массасы ығаллығы 13-18% болады. Буйым вакуум ямаса гидравликалық пресслер 
жәрдеминде 10-20 МПа басымда қәлипленеди. Бул усылда буйымды кептириўге энергия 
сарпы кемейеди, жоқары беккемликтеги хом қәлипленген буйым таярланады. 
Ярым қурғақ усылда шийки зат компонентлери қурытылады, бӛлекленеди, 
майдаланады ҳәм жақсылап араластырылады. Бул усылда керамикалық буйымлар 8-12% 
ығаллылықдағы шийки зат массасын 15-40 МПа басымда пресслеп таярланады. Бунда буйым 
ислеп шығарыў цикли еки мәрте қысқарады, буйым анық ӛлшемлерде ҳәм қырлары туўры 
ҳалда қәлипленеди ҳәм жанылғы 30% тежеледи. 
5.1-сҥўрет. Керамикалық гербиш ислеп шығарыў технологиялық схемасы 
1-гил карери; 2-экскаватор; 3-гил запасы; 4-вагонетка; 5-яшикли узатқыш; 6-қосымшалар; 7-
бегунлар; 8-валецлар; 9-ленталы пресс; 10-кескиш; 11-тақлаўшы үскене; 12-тележка; 13-кептириў 
ханалары; 14-туннел печи; 15-ӛзи жүрер тележка; 16-склад. 
Гидравликалық ямаса механикалық пресс қәлипте бир ҳәм бир неше буйым пресслеп 
алыныўы мүмкин. Бул усылда пластик усылда алынатуғын ҳәмме буйымлар таярланыўы 
мүмкин. 
Қурғақ усыл ярым қурғақ усылдыӊ раўажландырылған заманагӛй усылы болып, пресс 
порошок 2-6% ығаллылықта болады. Бунда шийки зат массасынан таярланған буйымды 
кептириўге зәрүрлик болмайды. Бул усылда тығыз керамикалық буйымлар-плиткалар, 
тротуар гербишлери, фаянс ҳәм чинни буйымлар таярланады. 
Шликер усылы шийки зат массасы кӛп компонентли болғанда, тегис емес қурамлы ҳәм 
қыйын писетуғын компонентлер болса, қурамалы формадағы буйымларды қәлиплеўде қуйма 
методика зәрүр болғанда ислетиледи. 


34 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish