Шийки зат массасын таярлаў
. Табийий ҳалдағы қазып алынған гил керамикалық
буйымлар ислеп шығарыў ушын жарамсыз болады. Буйым таярлаў ушын гилдиӊ табийий
дүзилисин бузыў, оннан зыянлы араласпаларды шығарып таслаў, ири араласпаларды
майдалаў, гилди порошок ҳалына келтириў ҳәм қосымшалар қосыў, барлық компонентлерди
33
қуйма масса пайда болғанға шекем арнаўлы машиналарда (гилди езиўши дигирман, парракли
араластырғыш ҳәм т.б.) араластырылады. Шийки зат массасы буйым түри, шийки зат түри
ҳәм қәсийетине қарай пластик, ярым қурғақ, турақлы (бикр), қурғақ, ҳәм ығал (шликер)
усылларда таярланады. Пластик усылда шийки зат компонентлери табийий ығаллылықта
ямаса кептирилген болса, 18-28% ығаллылыққа шекем суў араластырып таярланады.
Пластик усылда алынған шийки зат массасынан гербиш, керамикалық тас, черепица, труба
ҳәм басқа буйымлар таярланады.
Бикр усылда қәлиплеў пластик усылдыӊ раўажландырылған заманагӛй усылы болып,
шийки зат массасы ығаллығы 13-18% болады. Буйым вакуум ямаса гидравликалық пресслер
жәрдеминде 10-20 МПа басымда қәлипленеди. Бул усылда буйымды кептириўге энергия
сарпы кемейеди, жоқары беккемликтеги хом қәлипленген буйым таярланады.
Ярым қурғақ усылда шийки зат компонентлери қурытылады, бӛлекленеди,
майдаланады ҳәм жақсылап араластырылады. Бул усылда керамикалық буйымлар 8-12%
ығаллылықдағы шийки зат массасын 15-40 МПа басымда пресслеп таярланады. Бунда буйым
ислеп шығарыў цикли еки мәрте қысқарады, буйым анық ӛлшемлерде ҳәм қырлары туўры
ҳалда қәлипленеди ҳәм жанылғы 30% тежеледи.
5.1-сҥўрет. Керамикалық гербиш ислеп шығарыў технологиялық схемасы
1-гил карери; 2-экскаватор; 3-гил запасы; 4-вагонетка; 5-яшикли узатқыш; 6-қосымшалар; 7-
бегунлар; 8-валецлар; 9-ленталы пресс; 10-кескиш; 11-тақлаўшы үскене; 12-тележка; 13-кептириў
ханалары; 14-туннел печи; 15-ӛзи жүрер тележка; 16-склад.
Гидравликалық ямаса механикалық пресс қәлипте бир ҳәм бир неше буйым пресслеп
алыныўы мүмкин. Бул усылда пластик усылда алынатуғын ҳәмме буйымлар таярланыўы
мүмкин.
Қурғақ усыл ярым қурғақ усылдыӊ раўажландырылған заманагӛй усылы болып, пресс
порошок 2-6% ығаллылықта болады. Бунда шийки зат массасынан таярланған буйымды
кептириўге зәрүрлик болмайды. Бул усылда тығыз керамикалық буйымлар-плиткалар,
тротуар гербишлери, фаянс ҳәм чинни буйымлар таярланады.
Шликер усылы шийки зат массасы кӛп компонентли болғанда, тегис емес қурамлы ҳәм
қыйын писетуғын компонентлер болса, қурамалы формадағы буйымларды қәлиплеўде қуйма
методика зәрүр болғанда ислетиледи.
34
Do'stlaringiz bilan baham: |