Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet257/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   253   254   255   256   257   258   259   260   ...   290
Bog'liq
ОМК

35.1 Улыўма мағлыўматлар 
Заманагӛй қурылысты металл материалларсыз кӛз алдымызға келтирип болмайды. 
Металлар имарат ҳәм иншаатлардың конструктив бӛлимлеринде –фундамент, дийўал, тӛбе, 
каркас ҳәм т.б. күшейттириўде, жүк кӛтеретуғын конструкциялар, темирбетон таярлаўда, 
қаплама материаллар, имаратларды ишки ҳәм сыртқы тәрептен безеўде ислетиледи. 
Металлар басқа материалларға салыстырғанда жоқары беккемлиги, пластиклиги, 
термикалық ҳәм химиялық ислеў бериў имканияты менен ажыралып турады. Металлар 
жоқары пластиклик, жетерли болмаған беккемлик ҳәм қаттылыққа ийе болмағаны ушын таза 
ҳалда ислетилмейди. Металлар тийкарынан басқа металлар ҳәм металл емеслер менен 
бирикпе ҳалда ислетиледи. 
Металлар қара ҳәм реӊли металларға бӛлинеди. Қара металлар – полат ҳәм шойын 
темир ҳәм углеродтың бирикпеси. Егер темир қурамына углерод 2% ке шекем киритилсе 
полат, 2% тен кӛп киритилсе шойын пайда болады. 
Реӊли металларға мыс, алюминий, магний, титан, никел, рух, қалайы, қорғасын ҳәм 
басқалар киреди. Реӊли металлар жер жүзинде кем ушырасады ҳәм металл ислеп шығарыўды 
5% қурайды. 
Қурылыста реӊли металл ҳәм бирикпелерден жеӊил ҳәм химиялық орталықларға 
шыдамлы конструкцион элементлер, безеў буйымлары ҳәм басқа материаллар ҳәм бӛлимлер 
таярланады. Қурылыста архитектура бӛлимлери тийкарынан алюминий металлы ҳәм оныӊ 
бирикпелеринен таярланады. 
35.2 Қара металлар 
Қара металлар алыўда шийки зат сыпатында магнетит, гематит, пиролюзит, хромит 
сыяқлы темир рудасы ислетиледи. Қара металлар қурамында углероддан тысқары аз 
муғдарда кремний, марганец, фосфор ҳәм т.б. болады. Қара металлар қурамына хром, никел, 
молибден, алюминий, мыс сыяқлы легирлеўши затлар қосып, олардыӊ қәсийетлерин 
ӛзгерттириў мүмкин. 
Қара металлар қурамындағы углерод муғдарына қарай шойынлар ҳәм полатларға 
бӛлинеди. 
Шойын.
Шойын темир оксидлеринен темирди домна процесслери нәтийжесинде 
қайтарып алынады. Оныӊ қурамында 93% темир, углерод 5% ке шекем ҳәм аз муғдарда 
қосымшалар болады. 
Шойын ақ, күл реӊ ҳәм арнаўлы шойын түрлерине бӛлинеди. Ақ шойын қатты ҳәм 
морт болып, оларды қайта ислеў ҳәм қуйыў қыйын болады. Ақ шойын полат ҳәм арнаўлы 
шойын ислеп шығарыўда ислетиледи. Күл реӊ шойынлар жумсақ, ағыўшаң, қайта 


230 
ислениўшең, желиниўге шыдамлы ҳәм қуйма буйымлар таярлаўда ислетиледи. Шойынның 
арнаўлы түрлери күл реӊ шойынлардың бир қыйлы болып, шойынды узақ мүддет (80 саат) 
жоқары температурада термикалық ислеў берип алынады. 
Шойынлар қурамына марганец, кремний, фосфор ҳәм легирлеўши қосымшалар қосып 
олардыӊ беккемлигин асырыў мүмкин. 
Полат.
Полат шойын қурамынан артықша углерод ҳәм қосымшаларды арнаўлы 
технологиялық усыллар жәрдеминде шығарып жиберип пайда етиледи. Полат тийкарынан 
конвертор, мартен ҳәм электр токы менен еритиў усылларында алынады. Полат қурамында 
углерод 2% ке шекем болады. Полатлар химиялық қурамына қарай углеродлы ҳәм 
легирленген болады. Углеродлы полатлар темир ҳәм углерод ҳәмде марганец, кремний ҳәм 
фосфор араласпалары тийкарындағы бирикпе есапланады. 
Полат қурамына никел, хром, волфрам, мыс, алюминий, молибден ҳәм басқа реӊли 
металлар киритилип легирленген полатлар алынады. Полатлар кем легирленген (2,5% ке 
шекем), орташа легирленген (2,5-10%) ҳәм кӛп легирленген (10% дан артық) болады. 
Полатлар ислетилиў тараўына қарай конструкцион, арнаўлы әсбапсазлық полатларға 
бӛлинеди. Конструкцион полатлардан қурылыс конструкциялары, арматуралар, арнаўлы 
полатлардан болса отқа шыдамлы ҳәм коррозияға шыдамлы буйымлар ҳәм конструкциялар 
таярланады. 
Сапасына қарай полатлар әпиўайы, сапалы, жоқары сапалы ҳәм жүдә жоқары сапалы 
түрлерге бӛлинеди. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   253   254   255   256   257   258   259   260   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish