Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   290
Bog'liq
ОМК

Суўыққа шыдамлылық 
– материалдыӊ суўға тойынған ҳалатда –15-17 
0
С музлатып, 
қайта еритилгенде (1 цикл) қысылыўдағы беккемлиги 25%, массасы 5% тен артық 
кемеймесе, бул материал суўыққа шыдамлы деп есапланады. Материал геўеклериндеги 
суўдыӊ музлаў температурасы капилляр геўеклердиӊ диаметрине байланыслы болып, суў 
музлағанда үлкен ишки зорығыў пайда етеди. Температура - 20
0
С ға шекем тӛменлегенде 
материал геўеклериндеги муз 210 МПа зорығыў пайда етеди. Зорығыў бағыты тӛрт тәрепке 
болғаны ушын олар бир-бирин нейтраллайды. Сол себепли суўық тәсиринде материаллар 
қырлы мүйешлеринен бузыла баслайды. Материалларда суўыққа шыдамлылық олардыӊ 
ислетилиў тараўына қарай белгиленеди. Атмосфера орталығында ислетилетуғын әпиўайы 
аўыр бетонныӊ суўыққа шыдамлылығы 50; 100; 200, гидротехникалық иншаатларда 500 
циклге шекем, сыртқы дийўал ушын гербишлер, блоклар, жеӊил бетонлар 15; 25; 35 циклге 
теӊ болады. Материаллардыӊ суўыққа шыдамлылығы суўытыў камераларында сыналады. 
Буныӊ ушын сыналып атырған материалдан таярланған үлги кептирилип, массасы 
ӛлшенеди, соӊ толық суў сиӊдирилип, суўытыў камерасына қойылады. Музлатылған үлгини 
еритиў нормал температурада (20-25 
0
С) суўда әмелге асырылады. Үлгиниӊ түрине қарап, 
музлатыў ҳәм еритиў ушын 4-6 саат ўақыт кетеди. Материал суўыққа шыдамлылығы 
импулсли ултрадаўыс усылында тез ҳәм аӊсат (үлгилерди бузбастан) анықлаў мүмкин. Бул 
усылда 3-6 үлгиниӊ 5, 10 ҳәм т.б. цикллардан кейинги беккемлиги ҳәм эластиклик модули 
ӛзгериўин анықлаў мүмкин. Айрым жағдайларда материалдыӊ суўыққа шыдамлылығы 
тезликли (химиялық) усыл менен де анықланады. Бунда тойынған натрий сулфат дузы 
еритпеси (Na
2
SO
4
.
10H
2
O) үлгиге толық сиӊдирилип, соӊ кептириў шкафында 110


0
С 
температурада кептириледи. Бул жумыс 3-15 мәрте тәкирарланады. Бунда үлгиниӊ ашық ҳәм 
тутас геўеклери дуз еритпеси менен толады, кептирилгенде дуз кристалланып (суў 
музлағанындай) кӛлеми кеӊейеди, нәтийжеде үлгиде үлкен ишки зорығыў пайда болып
материаллардыӊ бузылыўына алып келеди. 
Атмосфера тәсирине шыдамлылық материалды 25 ҳәм оннан кӛп мәрте ығаллап 
кептирилгенде оныӊ формасы ҳәм беккемлик кӛрсеткишиниӊ ӛзгериўине айтылады. Сыртқы 
орталықта жаўын-шашын, қуяш радиациясы, самал, түрли газлер ҳәм т.б. факторлардыӊ 


12 
тәсиринде материаллар әсте-ақырынлық пенен бузыла баслайды. Әсиресе, жоқары 
температура композицион материаллар қурамындағы ығалды пуўландырып, материалдыӊ 
химиялық қурамын ӛзгерттиреди ҳәм беккемлигин пәсейттиреди. 
Материаллардыӊ сыртқы факторлар тәсирине шыдамлылығын ыссы-суўыққа 
шыдамлылық арқалы анықлаў мақсетке муўапық. Бул факторлар тәсири лаборатория 
шараятында “жасалма ықлым камераларында” анықланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish